bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 38
Jeremiah 38
Karakalpak 2022
← Chapter 37
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 39 →
1
Маттан улы Шефатия, Пашхур улы Гедалия, Шелемия улы Юхал ҳәм Малкия улы Пашхур Еремияның пүткил халыққа айтқан мына сөзлерин еситти:
2
«Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қалада қалған адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал калдейлер тәрепке өткен адам тири қалады, жанын қутқарып аман қалады.
3
Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қала әлбетте Бабилония патшасының ләшкерлериниң қолына бериледи, ол қаланы басып алады».
4
Сонда сарай ҳәмелдарлары патшаға: – Бул адам өлтирилсин. Ол бул сөзлерди айтып, бул қалада қалған әскерлеримиздиң ҳәм пүткил халықтың руўхын түсирмекте. Бул адам халыққа жақсылық емес, ал жаманлық тилейди, – деди.
5
Патша Седекия оларға: – Мине, ол сизлердиң қолыңызда, мен сизлерге қарсылық көрсетпеймен, – деди.
6
Олар Еремияны услап алып, патшаның улы Малкияның сақшылар ҳәўлисиндеги суў сақлағышқа арқан менен түсирди. Суў сақлағыш суўсыз болып, онда тек ылай бар еди. Еремия балшыққа батып қалды.
7
Патшаның сарай хызметкерлеринен бири, хабашстанлы Эбед-Мелех Еремияның суў сақлағышқа тасланғанын еситти. Сол ўақытта патша Бенямин дәрўазасы алдында отырған еди.
8
Эбед-Мелех патша сарайынан шықты да, патшаға барып:
9
– Тақсыр, Еремияны суў сақлағышқа таслап, бул адамлар жаман ис қылыпты. Қалада нан қалмады, Еремия ол жерде аштан өледи, – деди.
10
Патша хабашстанлы Эбед-Мелехке: – Қасыңа отыз адам ал да, өлип қалмасынан бурын, Еремия пайғамбарды суў сақлағыштан шығарып ал, – деп буйырды.
11
Эбед-Мелех қасына адамларды алып, патша ғәзийнеханасының астындағы бөлмеге кирди ҳәм ол жерден гөне-көкси шүбереклер менен гөне-көкси кийимлерди таўып алып, оларды арқанға байлап, суў сақлағыштағы Еремияға түсирди.
12
Кейин Еремияға: – Арқан денеңе батпаўы ушын, мына гөне-көкси шүбереклер менен кийимлерди қолтығыңның астына қой, – деди. Еремия солай иследи.
13
Олар Еремияны арқанлар жәрдеминде суў сақлағыштан шығарып алды. Буннан кейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
14
Патша Седекия адам жиберип, Еремия пайғамбарды Жаратқан Ийениң Үйиниң үшинши есигиниң алдына алып келтирди. Патша Еремияға: – Мен сеннен бир нәрсе сорайжақпан, меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди.
15
Еремия Седекияға: – Егер ырасын айтсам, мени өлтирмес пе едиңиз? Мәсләҳәт бергеним менен мени тыңламайсыз, – деди.
16
Бирақ патша Седекия жасырын түрде ант ишип, Еремияға: – Бизге жан берген тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сени өлтирмеймен ҳәм жаныңа қаслық қылмақшы болғанлардың қолына тапсырмайман, – деди.
17
Соннан кейин, Еремия Седекияға былай деди: – Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болсаң, жаның тири қалады, бул қала да өртеп жиберилмейди, өзиң де, үй-ишиң де аман қаласыз.
18
Бирақ егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болмасаң, бул қала калдейлердиң қолына бериледи, олар қаланы өртеп жибереди, өзиң де олардың қолынан қашып қутыла алмайсаң».
19
Патша Седекия Еремияға: – Мен калдейлер тәрепке өткен яҳудийлерден қорқаман. Калдейлер мени олардың қолына тапсырса, олар мени хорлайды, – деди.
20
Еремия патшаға былай деди: – Яқ, оларға тапсырмайды. Айтқанларымды ислеп, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салсаңыз, тири қалып, абадан турмысқа ерисесиз.
21
Егер тәслим болыўдан бас тартсаңыз, Жаратқан Ийе маған мынаны аян етти:
22
Мине, Яҳуда патшасының сарайында қалған барлық ҳаяллар Бабилония патшасының әскербасысына алып кетиледи. Сол ҳаяллар сизге былай дейди: «Исенген досларыңыз, Сизди алдап, жеңип кетти, Батпаққа батты аяқларыңыз, Олар сизди таслап кетти».
23
Сизиң барлық ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз калдейлерге бериледи. Сиз де олардың қолынан қашып қутыла алмайсыз, Бабилония патшасының қолына түсесиз. Бул қала болса, өртеп жибериледи.
24
Кейин Седекия Еремияға былай деди: – Сөйлескенимиз туўралы ҳеш ким билмесин, болмаса өлесең.
25
Егер ҳәмелдарлар мениң сениң менен сөйлескенимди еситип, саған келип: «Патша менен нелер туўралы сөйлескениңди жасырмай айт, болмаса өлесең», – десе,
26
сен оларға: «Мени Ионатанның үйине қайтарып жиберме, болмаса, мен ол жерде өлип қаламан, деп патшаға жалбарындым деп айт», – деди.
27
Барлық ҳәмелдарлар келип, Еремияны сораўға тутты. Ол да патша буйырғанындай етип жуўап берди. Патшаға айтылғанлардан ҳеш кимниң хабары болмағанлықтан, олар үндемей қайтып кетти.
28
Ерусалим қолға алынған күнге дейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
← Chapter 37
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 39 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52