bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 18
Jeremiah 18
Karakalpak 2022
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 19 →
1
Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2
– Тур, гүлалшының үйине бар, сол жерде Өз сөзимди аян қыламан.
3
Мен гүлалшының үйине барғанымда, оның гүлал әсбабын айландырып жумыс ислеп отырғанын көрдим.
4
Ылайдан ислеп атырған ыдысы гүлалшының қолында бузылып кеткенде, ол сол ылайдан өзиниң көзине жаққандай басқа бир ыдысты шығарды.
5
Сол ўақытта Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
6
– Ҳәй, Израил халқы, мына гүлалшының өз ыдысына ислегениндей нәрсени, Мен де сизлерге ислей алмайман ба? – дейди Жаратқан Ийе. – Ылай гүлалшының қолында қандай болса, Израил халқы, сизлер де Мениң қолымда сондайсыз.
7
Қәлеген ўақытта Мен қандай да бир миллет ямаса патшалықты түп-тамыры менен суўырып таслаў, қулатыў ҳәм жоқ қылыў туўралы шешим қабыл ете аламан.
8
Бирақ Мен айтқан сол халық жаўызлықлары ушын тәўбе қылса, оның басына жаўдыратуғын апатшылығымнан ўаз кешемен.
9
Айтайық, Мен бир миллетти ямаса патшалықты қурып, беккемлеў туўралы жар салсам,
10
бирақ сол миллет Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди қылып, сөзиме қулақ салмаса, онда Мен оған ислемекши болған жақсылығымнан ўаз кешемен.
11
Сонлықтан енди Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сизлерге бир апатты таярлап, бир жоба ойлап атырман. Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди дүзетиң».
12
Бирақ олар: «Бизлер ушын әўере болмаң! Өз нийетимизди иске асыра беремиз, ҳәр биримиз жаўыз жүрегимиздиң қайсарлығы менен ис тута беремиз», – дейди.
13
Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: «Миллетлерден сораң, Буған уқсаған нәрселерди ким еситипти? Пәк қыз Израил, Қорқынышлы ис қылды.
14
Лебанон жартаслы жанбаўырларындағы, Қарлар ҳеш ерип, жоқ болар ма? Алыс таўлардан ағып келген муздай суўлар, Ада болар ма екен?
15
Бирақ Мениң халқым Мени умытты. Олар пайдасыз бутларға түтетки түтетти. Булар оларды өз жолында сүрниктирди, Ески жоллардан адастырды. Олар туўры жолдан шығып, Терис жолдан жүрип кетти.
16
Олардың жери қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланады, Жанынан өткенлердиң жүреги суўлап, Басларын шайқайтуғын болады.
17
Шығыс самалы киби, Оларды душпанларының алдына шашаман. Олар апатшылыққа ушырағанда, Жүзимди бурып, арқамды көрсетемен».
18
Сонда халық: – Келиң, Еремияға қарсы тил бириктирейик. Руўханийлер үйрететуғын Нызам да, данышпанлардың мәсләҳәти де, пайғамбарлардың сөзлери де бизлерге жетерли. Еремияға қарсы сөйлеп, оның ҳеш бир сөзине қулақ аспайық, – деди.
19
– Жаратқан Ийе, мени тыңла, Душпанларымның сөзлерин есит!
20
Неликтен жақсылыққа жаманлық қайтармақшы? Олар маған гөр қазды. Оларға деген ғәзебиңди басыў ушын, Олардың ийгилигин гөзлеп, Алдыңда қалай жалбарынып турғанымды есиңе ал.
21
Буның ушын, балаларын ашлыққа ушырат, Оларды қылыш жүзине тапсыр. Аналары перзентлеринен айырылсын, Ҳаяллары жесир болып қалсын, Еркеклери әжел тапсын, Жаслары урыста қылыштан қаза тапсын.
22
Тосаттан үстине қарақшыларды жибергениңде, Үйлеринен дад-пәрияд еситилсин. Себеби мени түсириў ушын гөр қазды, Аяғымның астына тор таслады.
23
Жаратқан Ийе, Сен олардың мени өлтириў ушын, Дүзген барлық жобаларын билесең. Олардың айыпларын кеширме, Гүналарына көз жумба. Олар Сениң алдыңда қуласын, Ғәзепленгениңде оларға қарсы ис тут.
← Chapter 17
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 19 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52