bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 12
Jeremiah 12
Karakalpak 2022
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 13 →
1
Жаратқан Ийе, даўа-арзымды Саған алып келсем, Сен бәрқулла ҳақ болып шығасаң. Сонда да, ҳүким туўралы, Сениң менен сөйлеспекшимен. Не ушын жаманның иси жүриседи? Не ушын сатқынлар тынышлықта жасайды?
2
Оларды Сен отырғыздың, олар тамыр жайып, Өсип, мийўе берди. Атың аўзынан түспейди, Бирақ жүреги Сеннен алыс.
3
Мени болса, Жаратқан Ийе, Сен таныйсаң, Мени көресең, Өзиң ҳаққыңдағы пикирлеримди сынайсаң. Сол адамларды баўызланатуғын қойдай етип сүйреп, Сойылатуғын күн ушын ажыратып, тайынла.
4
Қашанға дейин жер аза тутып, Атызларда шөплер солып жатады? Ол жердиң турғынларының жаман ислери ақыбетинде, Ҳайўанлар ҳәм қуслар набыт болмақта. Себеби бул халық: «Ол бизлерге не болатуғынын көрмейди», – дейди.
5
«Еремия, пиядалар менен жарысып шаршасаң, Онда атлар менен қалай жарысасаң? Жазық жерде сүрниксең, Онда Иордан бойындағы қалың тоғайда не қыласаң?
6
Ҳәтте, әкеңниң үй-иши, туўған-туўысқанларың, Саған қыянет етти, Артыңнан қатты сөйледи. Олар саған жақсы сөйлесе де, Оларға исенбе.
7
Мен үйимди тәрк еттим, Ийелигимди таслап кеттим. Жанымдай сүйген халқымды, Душпанларының қолына бердим.
8
Өз халқым Маған тоғайдағы арысландай болды, Маған ырылдады, соның ушын оны жек көремен.
9
Халқым жыртқыш қусқа, Ҳәр тәрептен топылысқа ушыраған жыртқыш қусқа уқсап қалмады ма? Барып, барлық жабайы ҳайўанларды топлаң, Олар Мениң ийелигимди жалмап жутсын.
10
Көп шопанлар жүзимзарымды набыт қылды, Атызымды басқылап таслады, Сүйикли атызымды тақыр шөлге айландырды.
11
Оны ўайран қылды, Кеўип, алдымда нала шегип атыр. Барлық жер ўайран болды, Оған кеўил бөлетуғын ҳеш ким жоқ.
12
Шөлдеги барлық тақыр төбелер арқалы, Қуртыўшылар киятыр. Жаратқан Ийениң, Мениң қылышым, Жердиң бир шетинен екинши шетине дейин қырып жояды. Оннан ҳеш ким аман қалмайды.
13
Олар бийдай егип, тикен орды, Тынбай мийнет етип, рәҳәт көрмеди. Лаўлаған ғәзебим себепли, Зүрәәт ала алмай шерменде болдыңыз».
14
Жаратқан Ийе былай дейди: «Халқым Израилға берген мүлкиме қол салған барлық жаман қоңсыларын өз жерлеринен суўырып таслайман. Яҳуда халқын да олар менен бирге суўырып таслайман.
15
Ҳәммесин суўырып таслағанымнан соң, оларға және реҳим етип, ҳәр бирин өз мийрасына, өз жерине қайтып алып келемен.
16
Егер халқыма Баал ҳақы ант ишиўди үйреткени сыяқлы, өзлери де халқымның жолын ықлас пенен үйренип: „Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, – деп, Мениң атым менен ант ишиўди үйренсе, онда олар да халқымның арасына орналасады.
17
Бирақ Маған қулақ салмаған ҳәр бир миллетти түп-тамыры менен қопарып, набыт қыламан», – дейди Жаратқан Ийе.
← Chapter 11
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 13 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52