bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 43
Jeremiah 43
Karakalpak 2022
← Chapter 42
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 44 →
1
Еремия пүткил халыққа өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң сөзлерин, өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң өзин жиберип айттырған сөзлерин толық айтып болғанда,
2
Ҳошая улы Азария, Қареах улы Юханан ҳәм сурбет адамлардың ҳәммеси Еремияға былай деди: – Сен жалған айтып турсаң. Қудайымыз Жаратқан Ийе сени бизлерге: «Мысырға барып жасамаң», – деп айтыў ушын жиберген жоқ.
3
Калдейлер бизлерди өлтирсин ямаса Бабилонияға тутқын етип алып кетсин деп, бизлерди олардың қолына тапсырыў ушын Нерия улы Барух сени бизлерге қарсы ийтермелемекте.
4
Солай етип, Қареах улы Юханан, әскербасылар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Яҳудада қалыў туўралы айтқан буйрығына қулақ аспады.
5
Яҳудада жасаў ушын тарап кеткен жерлеринен қайтып келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳәммесин Қареах улы Юханан ҳәм әскербасылар ертип кетти.
6
Булардан тысқары, олар бабилонлы сақшылар баслығы Набузараданның Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның қасында қалдырып кеткен адамларының ҳәммесин: еркек ҳәм ҳаялларды, балаларды, патшаның қызларын, Еремия пайғамбарды ҳәм Нерия улы Барухты өзлери менен алып кетти.
7
Олар Жаратқан Ийеге қулақ аспай, Мысыр жерине кетип, Тахпанхеске жетип келди.
8
Тахпанхесте Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9
– Қолыңа үлкен тасларды алып, оларды Тахпанхестеги фараонның сарайының кирер аўзындағы гербишлер арасына көм. Буны яҳудийлердиң көз алдында исле.
10
Кейин оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Мен Бабилония патшасы қулым Набуходоносорды бул жерге алып келип, оның тахтын мына көмилген таслар үстине орнатаман. Набуходоносор патшалық шатырын усы таслардың үстине тигеди.
11
Ол келип, Мысырды ўайран қылады. Тәғдирине өлим жазылған өледи, тәғдирине сүргин жазылған сүргинге кетеди, тәғдирине қылыш жазылған қылыш пенен шабылады.
12
Бабилония патшасы Мысыр қудайларының бутханаларына от қояды, бутларды жандырады, базыларын өзи менен алып кетеди. Шопан тонын бүргеден тазалағандай, Мысырды да солай тазалайды. Кейин ол жерден аман-есен шығып кетеди.
13
Ол Мысыр жериндеги Қуяш қудайының бутханасындағы Қуяш қудайына арнап қойылған кийели тасларды бузып, Мысыр қудайларының барлық бутханаларын өртеп жибереди».
← Chapter 42
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 44 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52