bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 35
Jeremiah 35
Karakalpak 2022
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 36 →
1
Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳояким ҳүкимдарлық қылған дәўирде Еремияға Жаратқан Ийеден мына сөз түсти:
2
– Рехабтың урпақларына барып, олар менен сөйлес. Оларды Жаратқан Ийениң Үйиниң бир бөлмесине алып келип, ишиў ушын шарап бер.
3
Мен Хабассинияның ақлығы Еремияның улы Язанияны, оның туўысқанлары менен балаларын ҳәм Рехабтың урпақларын ертип,
4
Қудайдың адамы болған Игдалия улы Хананның улларының Жаратқан Ийениң Үйиндеги бөлмесине алып бардым. Бул бөлме басшылардың бөлмесиниң қапталында, лаўазымлы руўханий Шаллум улы Маасеяның бөлмесиниң жоқарысында еди.
5
Кейин Рехабтың урпақларының алдына шарап толы гүзелер менен кеселерди қойып, оларға: – Шараптан ишиңлер, – дедим.
6
Бирақ олар былай деп жуўап берди: – Бизлер шарап ишпеймиз. Себеби бабамыз Рехаб улы Ионадаб былай деп буйрық берген: «Өзлериң де шарап ишпең, әўладларыңыз да ҳеш қашан шарап ишпесин.
7
Ҳеш қашан үй қурмаң, егин екпең, жүзим отырғызбаң. Булардан ҳеш бири сизлерде болмасын. Өйткени сизлер бәрқулла шатырларда жасаўыңыз тийис. Сонда көшип-қонып жүрген жерлериңизде узақ өмир көресиз».
8
Бизлер бабамыз Рехаб улы Ионадабтың барлық буйрықларын орынлап келемиз. Өзлеримиз де, ҳаялларымыз да, ул-қызларымыз да ҳеш қашан шарап ишпеймиз.
9
Жасаў ушын үйлер қурмадық. Бизлерде жүзимзар да, егислик атыз да, егин де жоқ.
10
Бизлер шатырларда жасаймыз. Бабамыз Ионадабқа қулақ асып, оның буйрықларын орынлап келемиз.
11
Бирақ Бабилония патшасы Набуходоносор бул елге ҳүжим қылғанда, бизлер «арамлылардың ҳәм калдейлердиң ләшкерлеринен қашып, Ерусалимге барамыз» – деп шештик. Сол себепли ҳәзир де Ерусалимде жасап атырмыз.
12
Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13
– Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Барып, Яҳуда халқы менен Ерусалим турғынларына былай деп айт: «Сизлер Мениң сөзлеримди тыңлаўды қашан үйренесиз? – дейди Жаратқан Ийе.
14
– Рехаб улы Ионадаб өз урпақларына шарап ишпеўди буйырды. Олар бабасының буйрығына бойсынып, усы күнге дейин шарап ишпейди. Ал Мен сизлерге қайта-қайта айтсам да, сизлер тыңламадыңыз.
15
Мен қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин алдыңызға жиберип: „Ҳәр бириңиз жаўыз жолларыңыздан қайтып, ис-ҳәрекетиңизди өзгертиң. Басқа қудайларға хызмет етиў ушын, оларға ермең. Сонда өзлериңизге ҳәм ата-бабаларыңызға берген жеримде жасайсызлар“, – дедим. Бирақ сизлер Мени тыңламадыңыз, Маған қулақ аспадыңыз.
16
Рехаб улы Ионадабтың урпақлары ата-бабаларының өзлерине берген буйрықларын орынлады, ал бул халық болса Мени тыңламады.
17
Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Өзим айтқан бәлелерди Яҳудада ҳәм Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адамның басына жаўдыраман. Себеби Мен оларға айттым, олар тыңламады. Оларды шақырдым, жуўап бермеди».
18
Рехаб урпағына болса, Еремия былай деди: – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер бабаңыз Ионадабтың буйрықларына бойсынып, оларға әмел қылып, өзлериңизге тапсырғанларының ҳәммесин орынладыңыз.
19
Сонлықтан Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Рехаб улы Ионадабтың урпағынан Мениң алдымда хызмет ететуғын адамның изи үзилмейди».
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 36 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52