bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 19
Jeremiah 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 20 →
1
Жаратқан Ийе былай деди: – Барып, гүлалшыдан ылайдан исленген гүзе сатып ал. Жаныңа халық ақсақалларынан ҳәм руўханийлердиң жасы үлкенлеринен алып,
2
Сынған гүзелер деген дәрўаза арқалы шығып, Бен-Ҳинном ойпатлығына бар. Саған айтпақшы болған сөзлеримди сол жерде жәрияла.
3
Оларға былай де: «Ҳәй Яҳуда патшалары менен Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул жерге сондай апатшылық алып келемен, ол туўралы еситкен адамның қулақлары шуўылдайды.
4
Себеби бул халық Мени тәрк етип, бул жерди ҳарамлады. Олар бул жерде өзлери де, ата-бабалары да, Яҳуда патшалары да билмеген басқа қудайларға қурбанлық жандырып, бул жерди бийгүна адамлардың қанына толтырды.
5
Олар Баалға арнап сыйыныў орынларын қурды ҳәм өз балаларын отқа жағып, Баалға жандырылатуғын қурбанлық қылып берди. Мен оларға булай ислеўди буйырған да, айтқан да жоқпан, бундай нәрсе қыялыма да келмеген.
6
Мине, сондай ўақытлар келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – бул жер артық Тофет яки Бен-Ҳинном ойпатлығы деп емес, ал Баўызлаў ойпатлығы деп аталады.
7
Усы жерде Яҳуда менен Ерусалимниң нийетлерин пушқа шығараман. Оларды душпанлардың қылышына, оларда қасты барлардың қолына тапсыраман. Денелерин көктеги қусларға ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанларға жем қыламан.
8
Мен бул қаланы қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айландыраман. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, апатшылықлары себепли естен аўады.
9
Мен бул қаланың турғынларын өз ул-қызларының етин жеўге мәжбүр қыламан. Жанын алыўды қәлеген душпанлар оларды қамалға алғанда, олар мүтәжликтен бир-бириниң етин жейди».
10
Сен өзиң менен келгенлердиң көз алдында гүзени сындырып,
11
оларға айт: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Гүлалшының гүзесиниң сынып, оның қайта дүзетилмейтуғыны сыяқлы, Мен де бул халықты ҳәм бул қаланы солай сындыраман. Тофетте жерлеўге орын қалмағанша, өлилер жерленеди.
12
Мен бул жерге де, оның турғынларына да солай қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Бул қаланы да Тофеттей қыламан.
13
Ерусалимниң үйлери де, Яҳуда патшаларының сарайлары да Тофет деген орын сыяқлы ҳарам саналады. Себеби барлық үйлердиң төбелеринде аспан денелерине арнап хош ийисли түтеткилер түтетилди ҳәм басқа қудайларға арнап ишимлик садақалары қуйылды».
14
Кейин Еремия Жаратқан Ийе пайғамбаршылық қылыў ушын жиберген жеринен, Тофеттен қайтып келди. Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң ҳәўлисинде турып, пүткил халыққа былай деди:
15
– Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Олар қайсарлық етип, сөзимди тыңлаўдан бас тартқаны ушын, Мен бул қалаға ҳәм оның әтирапындағы қалаларға Өзим айтқан бәлелердиң ҳәммесин жиберемен».
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52