bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 34
Jeremiah 34
Karakalpak 2022
← Chapter 33
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 35 →
1
Бабилония патшасы Набуходоносор өзиниң барлық ләшкерлери, қол астындағы жерлердиң барлық патшалықлары ҳәм халықлары менен бирге Ерусалим ҳәм оның дөгерегиндеги қалаларға қарсы урысып атырған ўақытта, Жаратқан Ийеден Еремияға сөз түсти:
2
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияға барып айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына тапсыраман. Ол қалаға от қояды.
3
Сен оның қолынан қутыла алмайсаң, сөзсиз тутып алынып, оған тапсырыласаң. Сен Бабилония патшасын өз көзлериң менен көресең, оның менен жүзбе-жүз сөйлесесең. Сен Бабилонға алып кетилесең.
4
Деген менен, Яҳуда патшасы Седекия, Жаратқан Ийениң мына сөзин де тыңла, Сен туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: Сен қылыштан қаза таппайсаң,
5
тынышлық пенен көз жумасаң. Саған дейинги болған патшалардың, ата-бабаларыңның ҳүрметине қалай от жағылған болса, сениң ҳүрметиңе де солай от жағылып: Ўай-ўай тақсырым! – деп жоқлаў айтылады. Буны Мен, Жаратқан Ийе айтып атырман».
6
Еремия пайғамбар булардың ҳәммесин Ерусалимдеги Яҳуда патшасы Седекияға айтып берди.
7
Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалим менен, Яҳуданың еле тәслим болмаған қалалары Лахиш ҳәм Азеқа менен урысып атырған еди. Яҳуданың қорғанлы қалаларынан тек усылар қалған еди.
8
Седекия патша Ерусалимдеги пүткил халық пенен келисим дүзип, қулларды азат етиўди жәриялағаннан кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
9
Бул келисим бойынша, ҳәр бир адам өзиниң еврей қулын ҳәм шорысын азат етип, ҳеш ким артық өз туўысқаны болған яҳудалыны қуллықта усламаўы тийис еди.
10
Пүткил басшылар ҳәм халық бул келисимге бойсынып, өзлериниң қул ҳәм шорыларын азат етиўге ҳәм оларды буннан былай қуллықта усламаўға ыразы болды ҳәм оларды азатлыққа шығарды.
11
Бирақ кейин пикиринен қайтып, азатлыққа шығарған қулларын ҳәм шорыларын мәжбүрлеп алып келип, оларды және қулға айландырды.
12
Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан, қул болған жеринен алып шыққанымда, олар менен келисим дүзип:
14
«Өзлерин сизлерге қул етип сатып, алты жыл сизлерге хызмет еткен еврей туўысқаныңызды жетинши жылы азатлыққа шығарың», – деген едим. Бирақ ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ аспады.
15
Енди сизлер тәўбе қылып, ҳәр бириңиз өз туўысқаныңыздың азатлығын жәриялап, Мениң нәзеримде туўры болған исти иследиңиз. Мениң атым менен аталған Үйде, алдымда турып келисим дүздиңиз.
16
Кейин сөзиңизден танып, Мениң атыма дақ түсирдиңиз. Сизлер азат еткеннен кейин, өзлери қәлеген жерге кеткен қул ҳәм шорыларыңызды қайтарып алып келип, қул болыўға мәжбүрледиңиз.
17
Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Маған қулақ салмадыңыз, ҳәр бириңиз туўысқаныңызды ҳәм қоңсыңызды босатып жибермедиңиз. Сол себепли Мен сизлерди қылыш, иллет ҳәм ашлыққа қарай босататуғынымды жәриялайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлерди көрген жер жүзиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейи ушады.
18
Келисим дүзгенде тананы екиге бөлип, оның арасынан өткен едиңиз. Мен келисимимди бузып, алдымда дүзген келисим шәртлерин орынламағанларды сол тана киби екиге бөлемен.
19
Тананың еки бөлеги арасынан өткен Яҳуда ҳәм Ерусалим басшыларын, сарай хызметкерлерин, руўханийлерин ҳәм бул жердиң пүткил халқын
20
душпанларының ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына беремен. Олардың денелери аспандағы қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
21
Яҳуда патшасы Седекияны ҳәм оның ҳәмелдарларын олардың душпанларына ҳәм жанын алмақшы болғанлардың қолына, сизлерден шегинген Бабилония патшасының ләшкерлерине тапсыраман.
22
Мен буйрық берип, – дейди Жаратқан Ийе, – бабилониялыларды бул қалаға қайтып алып келемен. Олар қалаға ҳүжим етип, оны қолға алады ҳәм жағып жибереди ҳәм Мен Яҳуда қалаларын адам жасамайтуғын шөлге айландыраман.
← Chapter 33
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 35 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52