bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 46
Jeremiah 46
Karakalpak 2022
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 47 →
1
Еремия пайғамбарға миллетлер ҳаққында Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2
Мысыр туўралы хабар: Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Бабилония патшасы Набуходоносор Евфрат дәрьясының жағасындағы Каркемиште Мысыр патшасы фараон Нехоның ордасын қырғынға ушыратты.
3
«Қалқанларды таярлап, саўашқа кирисиң!
4
Атларыңызды ертлеп, атларға миниң! Дуўлығаңызды кийип, сапқа дизилиң! Найзаларды егеп, саўытларды кийиң!
5
Мен не көрип турман? Олар қорқып, шегинип атыр, Жаўынгерлери жеңилип, Артына қарамай, қашып баратыр. Ҳәр тәрептен қорқыныш бийлеп алған, – дейди Жаратқан Ийе. –
6
Жүйрик қашып қутыла алмас, Батыр қашып кете алмас. Арқада, Евфрат дәрьясы бойында, Олар сүрнигип, жығылады.
7
Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған ким?
8
Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған бул – Мысыр. Ол: „Тасып, дүнья жүзин қаплайман, Қаланы турғынлары менен жоқ қыламан“, – дейди.
9
Ҳәй, атлар, алға басың! Ҳәй, арбалар, жел болып ушың! Мәрт жаўынгерлер ҳүжимге өтсин: Хабашстан әскерлери, Пут қалқаншылары, Шебер сарыжайшы Луд әскерлери.
10
Бул күн Ийениң, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң күни. Бул күн Оның душпанларынан өш алынатуғын төлем күни. Қылыш тойғанша, Қанға шөли қанғанша жалмайды. Евфрат дәрьясының арқасындағы жерлерде, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси ушын қурбанлық болады.
11
Ҳәй, пәк қыз Мысыр, Гиладқа барып, мәлҳәм ал. Қанша дәри ишсең де, бийпайда, Сениң дәртиңе даўа жоқ.
12
Шерменделигиңди миллетлер еситти, Жер бети пәриядыңа толды. Әскер әскерге дүгисип, Екеўи де жерге қулады».
13
Бабилония патшасы Набуходоносордың урысыў ушын Мысыр елине келетуғыны туўралы Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийе мына сөзди айтты:
14
«Мысырда жәриялаң, Мигдолда жар салың, Нофта ҳәм Тахпанхесте еситтирип, былай дең: „Турып, таярланың, Қылыш дөгерегиңиздегилерди қырып таслайды“.
15
Не ушын қудайың Апис қашты? Буғаң не ушын аяқта тура алмады? Себеби Жаратқан Ийе оны жер менен жексен етти.
16
Ол жығылғанларды көбейтти, Олар бир-бириниң үстине жығылып атырып: „Бол тез, залымның қылышынан қашып, Өз халқымызға, туўылған мәканымызға қайтайық!“ – дейди.
17
Ол жерде болса: „Мысыр патшасы фараон тек мақтаншақ, Ол пурсатты қолдан шығарды“, – дейди.
18
Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша былай дейди: Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Таўлар арасында Табор таўы қандай болса, Теңиз жағасындағы Кармел таўы қандай болса, Сизлерге киятырған душпан да сондай.
19
Ҳәй, қыз Мысырдың турғынлары! Түйиншигиңизди түйип, сүргинге таярланың. Ноф ўайран болып, Адамсыз ҳүўлеп қалады.
20
Мысыр жүдә сулыў қашар, Бирақ арқаның соналары жапырылып оған ушып келеди.
21
Оның жалланба әскерлери, Баққы танадай болса да, Шегинип, бирликте изге қашады, Олардың жеринде тура алмайды. Себеби олардың апатшылыққа ушырайтуғын күни, Жазаланатуғын ўақты жетип келди.
22
Душпанның күшли ордасы жақынлаған сайын, Мысыр жыландай ысылдайды. Отын шабатуғын адамлардай, Душпан балталар менен келеди.
23
Тығыз тоғайдай болса да, Оны шаўып таслайды, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар шегирткелерден де көп, Есапсыз, сан-санақсыз.
24
Қыз Мысыр шерменде болып, Арқа халқының қолына бериледи».
25
Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен Но қаласының қудайы Амонды, фараонды, Мысыр менен оның қудайларын, патшаларын ҳәм фараонға үмит байлағанларды жазалайман.
26
Оларды олардың жанында қасты болған Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм оның қулларының қолына беремен. Буннан кейин, Мысырда бурынғыдай және халық жасайды», – дейди Жаратқан Ийе.
27
«Қулым Яқып, сен қорқпа! Израил, қәўетерленбе! Мен сени узақ еллерден, Урпақларыңды сүргин етилген жерлеринен қутқараман. Яқып қайтып келип, Тыныш ҳәм бийқәтер өмир сүреди, Ҳеш ким оны қорқытпайды.
28
Қорқпа, қулым Яқып! Мен сениң менен биргемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Сени Өзим араларына жиберген, Миллетлердиң ҳәммесин жоқ қыламан. Бирақ сени жоқ қылмайман, Тек әдалатлы түрде жаза беремен, Жазасыз қалдырмайман».
← Chapter 45
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 47 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52