bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 13
Jeremiah 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 14 →
1
Жаратқан Ийе маған: – Барып, зығыр белбеў сатып ал. Оны белиңе байла, бирақ суўға тийгизбе, – деди.
2
Жаратқан Ийениң сөзи бойынша мен белбеў сатып алып, оны белиме байладым.
3
Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти:
4
– Белиңдеги сатып алған белбеўиңди ал да, Перат дәрьясына барып, оны сол жердеги бир жартастың жарығына жасыр.
5
Мен Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып, белбеўди Ператтың бойына жасырдым.
6
Арадан көп күнлер өткеннен кейин, Жаратқан Ийе маған: – Тур, Ператқа бар да, жасырған белбеўиңди ал, – деди.
7
Кейин мен Ператқа кеттим, жасырған жеримди геўлеп, белбеўди алдым. Бирақ белбеў ширип, ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болып қалған еди.
8
Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
9
– Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яҳуданың тәкаббирлигин ҳәм Ерусалимниң аса менменлигин ширитемен.
10
Бул жаўыз халық қайсар жүрегиниң қәлеўин орынлап, Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартты. Басқа қудайларға ерип, оларға хызмет етти, табынды. Соның ушын, олар да усы белбеў сыяқлы ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болады.
11
Белбеўдиң денеге жабысып турғаны сыяқлы, Мен де пүткил Израил ҳәм Яҳуда халықларын Өзиме жақын тутқан едим, – дейди Жаратқан Ийе. – Маған атақ-абырай, алғыс ҳәм даңқ келтиреди деп, олардың Өз халқым болыўын қәледим. Бирақ олар қулақ салмады.
12
– Оларға мына сөзлерди жеткер: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәмме меслер шарапқа толады». Егер олар саған: «Ҳәмме меслердиң шарапқа толатуғынын бизлер не билмеймиз бе?» – десе,
13
онда оларға былай деп жуўап бер: «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерде жасайтуғынлардың ҳәммесин – Даўыттың тахтында отырған патшаларды, руўханийлерди, пайғамбарларды ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммесин мәс болғанша шарапқа тойдыраман.
14
Мен оларды бир-бирине, ата-аналарын балаларына қарсы қылып қояман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды жоқ қылғанымда аямайман, ашынбайман, реҳим де етпеймен».
15
Тәкаббирлик етпей қулақ салып, тыңлаң, Себеби Жаратқан Ийе айтты.
16
Үстиңизге қараңғылық жиберместен, Зулмат таўларында аяғыңыз сүрникпестен алдын, Қудайыңыз Жаратқан Ийени уллылаң. Болмаса, Ол сизлер күтип атырған жарықлықты, Зулматқа айландырып, Тас түнек қараңғы қылады.
17
Егер бул сөзлерге қулақ салмасаңыз, Онда тәкаббирлигиңиз ушын жаным пинҳамы жылайды, Көзлерим ашшы-ашшы жас төгеди. Себеби Жаратқан Ийениң қойлары, Тутқын етип алып кетиледи.
18
Патшаға ҳәм ана ханшаға былай деп айт: «Тахтыңыздан түсип, жерге отырың, Өйткени салтанатлы тажыңыз басыңыздан түсип кетти».
19
Негебтиң қалалары жабылды, Оларды ашатуғын ҳеш ким жоқ. Пүткил Яҳуда сүргин етилди, Бирде бир адам қалмай сүргин етилди.
20
Ерусалим, басыңды көтерип, Арқадан киятырғанларға қара. Саған берилген сүриў, Әжайып сүриў қаяқта?
21
Өзиңе аўқамлас қылып жетистирген адамларыңды, Жаратқан Ийе сениң үстиңнен басшы қылса, не дер екенсең? Сонда толғақ тутқан ҳаялдың азабындай, Сен де азап шекпейсең бе?
22
Ишиңнен: «Не ушын булар мениң басыма түсти?» – дерсең. Айыпларыңның көплиги себепли, Етеклериң ашылды, намысыңа тийилди.
23
Хабашстанлы терисиниң реңин, Қаплан үстиндеги дақларын өзгерте ала ма? Сол сыяқлы, жаўызлық қылып үйренген сизлер де, Жақсылық қыла аласыз ба?
24
«Мен сизлерди шөл самалы менен суўырылған, Қаўық сыяқлы ушырып жиберемен.
25
Сениң несийбең, Мен өлшеп беретуғын пайың – усы, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби сен Мени умытып, Жалғанға үмит байладың.
26
Шерменделигиңди көрсетиў ушын, Мен де етегиңди бетиңе дейин көтеремен.
27
Далаларда ҳәм төбешиклер үстинде, Сен қылған жеркенишли ислерди, Қыянетиңди, есиркеп киснеўиңди, Уятсыз бузықшылығыңды көрдим. Сорың қурысын сениң, Ерусалим! Пәклениўиң ушын саған және қанша ўақыт керек?»
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52