bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 29
Jeremiah 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 30 →
1
Пайғамбар Еремия Ерусалимнен Бабилонияға Набуходоносор тәрепинен тутқын қылып алып кетилген тутқынлар арасында аман қалған ақсақалларға, руўханийлерге, пайғамбарларға ҳәм пүткил халыққа Ерусалимнен хат жоллады.
2
Бул хат Ехония патша менен оның анасы, сарай хызметкерлери, Яҳуда ҳәм Ерусалим басшылары, өнерментшилер ҳәм темиршилер Ерусалимнен сүргин етилгеннен кейин жазылды.
3
Хат Яҳуда патшасы Седекияның Бабилония патшасы Набуходоносорға жиберген адамлары, Шафан улы Эласа ҳәм Хилкия улы Гемария арқалы берип жиберилди. Хатта былай деп жазылған еди:
4
«Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи Ерусалимнен Бабилонияға сүргин еткен ҳәр бир адамға былай дейди:
5
Үйлер қурып, орналасың, бағ егип, оның жемисин жең.
6
Үйленип, ул-қызлы болың. Улларыңызды үйлендирип, қызларыңызды турмысқа бериң. Олардан да уллар ҳәм қызлар дүньяға келсин. Ол жерде азаймаң, қайта көбейиң.
7
Мен сизлерди тутқын етип жиберген қаланың абаданшылығын тилең. Ол қала ушын Жаратқан Ийеге дуўа етиң, сизлердиң абадан турмыс кешириўиңиз оның абаданшылығына байланыслы.
8
Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Араңыздағы пайғамбарлар менен палкерлериңизге өзиңизди алдатпаң. Олар көрген түслерин айтқанда қулақ салмаң.
9
Олар Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық айтады. Оларды Мен жибермедим, – дейди Жаратқан Ийе.
10
Жаратқан Ийе былай дейди: Бабилонияда болғаныңызға жетпис жыл толғанда, Мен сизлерге нәзер аўдарып, сизлерди усы жерге қайтарып алып келемен деген ийгиликли ўәдемди орынлайман.
11
Мен сизлер ушын дүзген жобаларымды Өзим билемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Бул жобаларым сизлерге апат емес, ал абаданшылық алып келеди, келешекке үмит бағышлайды.
12
Сонда сизлер Мени шақырасыз, келип, Маған дуўа етесиз. Мен де сизлерди еситемен.
13
Сизлер Мени излейсиз, егер шын жүректен излесеңиз, табасыз.
14
Аўа, Мени табасыз, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң абаданшылығыңызды қайта тиклеймен. Мен сизлерди қуўғын қылған жерлеримниң ҳәммесинен, барлық миллетлер арасынан жыйнап аламан, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлерди қай жерден сүргин қылған болсам, сол жерге қайтып алып келемен.
15
Бирақ сизлер: „Жаратқан Ийе Бабилонияда бизлерге пайғамбарлар берди“, – дейсиз.
16
Жаратқан Ийе Даўыттың тахтында отырған патша ҳаққында, бул қалада қалған пүткил халық ҳаққында, сизлер менен сүргинге кетпеген туўысқанларыңыз ҳаққында билдирди.
17
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен оларға қылыш, ашлық ҳәм иллет жибердим. Оларды жеўге болмайтуғын ширик әнжирдей қыламан.
18
Қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен олардың изинен қуўып, жер бетиндеги барлық патшалықлардың ҳүрейин ушыраман. Мен оларды қуўып жиберген миллетлер арасында олар ғарғысқа қалады, қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланып, насаққа қалады.
19
Себеби олар Мениң сөзлеримди ҳәм қайта-қайта өзлерине жиберген қулларым пайғамбарлардың сөзлерин тыңламады, – дейди Жаратқан Ийе.
20
Сонлықтан ҳәй, барлық сүргиндегилер, Ерусалимнен Бабилонияға сүргин қылғанларым, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21
Мениң атым менен сизлерге жалған пайғамбаршылық қылған Қолая улы Ахаб пенен Маасея улы Седекия ҳаққында Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Оларды Бабилония патшасы Набуходоносорға тәслим етемен. Ол екеўин де сизлердиң көз алдыңызда өлтиреди.
22
Солай етип, Яҳудадан Бабилонға сүргин етилгенлер арасында: „Жаратқан Ийе сени Бабилония патшасы тирилей отта жаққан Седекия ҳәм Ахабтай қылсын“, – деген ғарғыс пайда болады.
23
Олар Израилда жарамас ислерди иследи, қоңсыларының ҳаяллары менен бузықшылық қылды, Мен буйырмасам да, Мениң атымнан жалған сөзлерди айтты. Мен буларды билемен ҳәм Өзим оларға гүўаман, – дейди Жаратқан Ийе».
24
– Нехеламлы Шемаяға айтыңлар:
25
«Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сен Ерусалимдеги пүткил халыққа, Маасеяның улы руўханий Сефанияға ҳәм басқа барлық руўханийлерге өзиңниң атыңнан былай деп хатлар жоллапсаң:
26
„Руўханий Еҳояданың орнына Жаратқан Ийе сени руўханий етип тайынлады. Жаратқан Ийениң Үйиниң қадағалаўшысы сыпатында, өзин пайғамбар етип көрсеткен ҳәр бир телбени кисенлеп, темир буғаў менен буғаўлаўың керек.
27
Солай екен, не ушын араңызда пайғамбаршылық қылып жүрген анатотлы Еремияға шара көрмедиңиз?
28
Себеби ол бизлерге, Бабилонияға хат жоллап: Сүргин узақ даўам етеди. Өзлериңизге үйлер қурып, оларда жасаңлар. Бағлар отырғызып, олардың мийўесин жеңлер, – деп жазыпты“».
29
Руўханий Сефания бул хатты пайғамбар Еремияға еситтирип оқыды.
30
Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
31
– Сүргиндегилердиң ҳәммесине мына хатты жибер: «Жаратқан Ийе нехеламлы Шемая ҳаққында былай дейди: Мен оны жибермеген болсам да, Мениң атымнан сизлерге пайғамбаршылық қылып, жалғанға исендирди.
32
Мен нехеламлы Шемаяны ҳәм оның урпақларын жазалайман. Оның әўладынан ҳеш бири бул халық арасында жасамайды ҳәм халқыма ислейтуғын жақсылығымды көрмейди, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби ол Маған қарсы сөйледи».
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52