bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 44
Jeremiah 44
Karakalpak 2022
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 45 →
1
Мысырдың Мигдол, Тахпанхес, Ноф қалаларында ҳәм Патрус ўәлаятында жасаған барлық яҳудийлер ҳаққында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер Ерусалим ҳәм Яҳуданың барлық қалаларына Мен жаўдырған апатшылықлардың ҳәммесин көрдиңлер. Мине, ҳәзир олар босап қалған, оларда ҳеш ким жасамайды.
3
Олар өзлери де, сизлер де, сизлердиң ата-бабаларыңыз да билмеген басқа қудайларға арнап түтетки түтетип, хызмет етип, өзлериниң жаўыз ислери менен Мениң ғәзебимди келтирди.
4
Мен сизлерге қулларым болған пайғамбарлардың ҳәммесин қайта-қайта жиберип: „Мен жек көретуғын бул жеркенишли ислерди ислемең“, – деп айттырдым.
5
Бирақ олар тыңламады, қулақ аспады. Жаўыз ислеринен қайтпады, басқа қудайларға арнап түтетки түтетиўин даўам ете берди.
6
Сонда қәҳәрим ҳәм ғәзебим төгилип, Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде лаўлап жанды. Ҳәзир көрип турғаныңыздай, олар қарабақанаға ҳәм шөлге айланды.
7
Енди Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Не ушын бул аўыр нәрселерди басыңызға түсирмекшисиз? Яҳудадан келген еркек, ҳаял, бала ҳәм бөпелердиң басына жетип, өзиңизден кейин туқым қалмаў ушын ба?
8
Не ушын өзиңиз жасаў ушын келген Мысыр жеринде басқа қудайларға түтетки түтетип, қолдан ислеген бутларыңыз бенен Мени ғәзеплендирип атырсыз? Өзиңизди қуртып, жер бетиндеги барлық халықлардың ғарғысына ушырап, насаққа қалыў ушын ба?
9
Яҳуда жеринде, Ерусалим көшелеринде ата-бабаларыңыздың, Яҳуда патшаларының, олардың ҳаялларының, өзлериңиздиң ҳәм ҳаялларыңыздың ислеген жаман ислерин умыттыңыз ба?
10
Олар бул күнге дейин тәўбе қылмады, қорқпады, сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға берген Нызамым ҳәм қағыйдаларым бойынша жасамады.
11
Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен үстиңизге апатшылық жаўдырып, Яҳуда халқын пүткиллей жоқ қылыўға қарар еттим.
12
Мысырға келип, усы жерде жасап қалыўға қарар қылған яҳудийлердиң аман қалғанларын қолға аламан, ҳәммеси Мысыр жеринде қулап, жоқ қылынады, қылыштан ҳәм ашлықтан өлип кетеди. Кишкенесинен үлкенине дейин қылыштан ҳәм ашлықтан өледи. Олар ғарғысқа ушырып, қорқынышлы көриниске айланады, нәлетленип, насаққа қалады.
13
Ерусалимди жазалағанымдай, Мысыр жеринде жасап атырғанларды да қылыш, ашлық ҳәм иллет пенен жазалайман.
14
Жасаў ушын Мысырға келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳеш бири қутылып, тири қалып, Яҳудаға қайта алмайды. Ол жерге қайтып барып жасаўды жан-тәни менен қәлесе де, бир-еки қашқыннан басқа ҳеш ким қайтып бара алмайды».
15
Ҳаялларының басқа қудайларға түтетки түтеткенин билген барлық еркеклер, сол жерде турған барлық ҳаяллар, үлкен жәмәәт – Мысырдың Патрус ўәлаятында жасап атырған пүткил халық Еремияға былай деди:
16
– Бизлер сениң Жаратқан Ийениң атынан айтқан сөзлериңе қулақ салмаймыз.
17
Бизлер ҳәммесин өзимиз берген антқа сай ислеймиз: Аспан ханшасына түтетки түтетемиз, оған арнап ишимлик садақасын қуямыз. Бизлер өзлеримиз, ата-бабаларымыз, патшаларымыз ҳәм ҳәмелдарларымыз Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде нелер қылған болсақ, соны қыламыз. Сол ўақытта тойып жеп, абадан турмыс кеширип, жаманлық көрмеген едик.
18
Бирақ Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған арнап ишимлик садақаларын қуйыўды тоқтатқанымыздан бери, жетиспеўшиликтен басымыз шықпайды, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып атырмыз.
19
Ҳаяллар да былай деди: – Бизлердиң Аспан ханшасына түтетки түтетип, ишимлик садақасын усынғанымыздан, оның көринисинде, оған арнап шөреклер жапқанымыздан күйеўлеримиздиң хабары жоқ деп ойлайсыз ба?
20
Сонда Еремия пүткил халыққа, оған жуўап берген еркеклер менен ҳаялларға былай деди:
21
– Сизлер өзлериңиз, ата-бабаларыңыз, патшаларыңыз, ҳәмелдарларыңыз, үлке халқы Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде түтетки түтеткениңизди Жаратқан Ийе умытып кетти дейсиз бе? Ямаса бул Оның жүрегине жетип бармады деп ойлайсыз ба?
22
Жаратқан Ийе ислеген жаман ҳәм жеркенишли ислериңизге артық тақат қыла алмағаны себепли, ҳәзир елиңиз ўайран болып, қорқынышлы көриниске айланды, ғарғысқа ушырап адамсыз қаңырап қалды.
23
Бутларға арнап түтетки түтетип, Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследиңиз. Оның даўысына қулақ салмадыңыз, Оның Нызамына, қағыйдаларына ҳәм шәртлерине сай жасамадыңыз. Сонлықтан бүгин көрип турған апатшылық басыңызға түсти.
24
Еремия пүткил халыққа ҳәм ҳаялларға және былай деди: – Мысыр жериндеги яҳудийлердиң ҳәммеси, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
25
Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Сизлер ҳаялларыңыз бенен бирге: „Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған ишимлик садақасын қуямыз“, – деп ишкен антларымызды сөзсиз орынлаймыз деп, аўзыңыз бенен айтып, қолыңыз бенен иследиңиз. Яқшы, айтқаныңызды қылың, ишкен антларыңызды орынлаң!»
26
Енди Мысыр жеринде жасап атырған пүткил яҳудийлер, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң: «Мен Өзимниң уллы атым менен ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – пүткил Мысыр бойлап жасап атырған яҳудийлердиң ҳеш бири буннан былай Мениң атымды тилге алмайды, „Қудай Ийе ҳақы“ деп ант ишпейди.
27
Мен жақсылық емес, ал жаманлық келтириў ушын оларды қадағалап тураман. Мысырдағы яҳудийлердиң бирде биреўи қалмағанша, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып барады.
28
Қылыштан аман қалған жүдә аз санлы яҳудийлер Мысырдан Яҳуда жерине қайтып барады. Сонда Мысырда жасаў ушын келгенлерден аман қалғанлар кимниң сөзиниң жүзеге асатуғынын, яғный Мениң сөзим бе ямаса олардики ме, буны билип алады.
29
Мениң сизлерди усы жерде жазалаўым, сизлер ушын нышан болады, – дейди Жаратқан Ийе. Сонда Мениң сизлерге айтқан сөзимниң орынланатуғынын билип аласыз.
30
Жаратқан Ийе былай дейди: Яҳуда патшасы Седекияны оның жанында қасты болған душпаны Бабилония патшасы Набуходоносордың қолына бергеним сыяқлы, Мысыр патшасы фараон Хофраны да оның жанында қасты болған душпанларының қолына беремен».
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 45 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52