bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 49
Jeremiah 49
Karakalpak 2022
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 50 →
1
Жаратқан Ийе аммонлар ҳаққында былай дейди: «Израилдың уллары жоқ па? Оның мийрасхоры жоқ па? Онда не ушын Молохқа табынатуғынлар, Гад урыўының жерин ийелеп, Халқы Гадтың қалаларында жасап атыр?
2
Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Аммонлардың бас қаласы Раббаға қарсы, Урыс дабылын қақтыраман. Ол үйилген топыраққа айланады, өртеледи. Сонда Израил өзлеринен тартып алынғанларды ийелейди, – дейди Жаратқан Ийе. –
3
Зар жыла, Хешбон! Өйткени Ай қаласы қырып тасланды. Рабба ҳаяллары пәрияд етиң! Аза кийимин кийип, өкирип жылаң! Атызларда гезип жүриң! Өйткени руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен, Молох сүргин қылынады.
4
Ойпатлықларың менен неге мақтанасаң? Ойпатлықларың набыт болады. Бийопа қыз, ғәзийнелериңе исенип: „Маған ким ҳүжим ете алады?“ – дедиң.
5
Мен Өзим саған ҳәмме тәрептен, Қорқыныш жиберемен, – дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Сизлер қуўылып, тарап қашасыз, Қашқынларды ҳеш ким қайта жыйнамайды.
6
Бирақ буннан кейин, Мен аммонлардың, Бурынғы абаданшылығын қайтарып беремен», – дейди Жаратқан Ийе.
7
Эдом туўралы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Теманда енди даналық жоқ па? Даналарда мәсләҳәт қалмады ма? Олардың даналығы ғайып болды ма?
8
Дедан турғынлары! Артыңызға қарамай, қашып, Үңгирлерге жасырының. Мен Эсаўды жазалағанымда, Басына апатшылық жаўдыраман.
9
Бағыңда жүзим тергенлер, Азғантай болса да жүзим қалдырмас па еди? Түнде келген урылар, Керегин урламас па еди?
10
Бирақ Эсаўды тыр жалаңаш қыламан, Сырлы жерлерин әшкара қыламан, Ол жасырына алмайды. Оның урпақлары, Ағайин ҳәм қоңсылары жоқ қылынады, Өзи де жоқ болады.
11
Ҳеш ким: „Жетимлериңизди қалдырың, Олардың жанын сақлайман. Жесирлериңиз де маған үмит байласын“, – дей алмайды».
12
Жаратқан Ийе былай дейди: «Жаза кесесинен ишиўи керек болмағанлар да, Оннан ишкенде, сен жазасыз қаласаң ба? Яқ, жазасыз қалмайсаң, Әлбетте, оннан ишесең.
13
Өз атым менен ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Босра қорқынышлы көриниске айланып, насаққа қалады, Шөлге айланып, ғарғысқа дуўшар болады. Оның барлық қалалары мәңги босап қалады».
14
Мен Жаратқан Ийеден бир хабар еситтим, Миллетлерге жолланған жаршы: «Бир жерге жыйналып, оған қарсы шығың, Аяққа турып, саўашқа атланың!» – деди.
15
«Мен сени миллетлер арасында арзымас, Адамлар арасында жек көринишли қыламан.
16
Қәўетерге түсиўиң ҳәм тәкаббир жүрегиң, Сени алдады. Ҳәй, жартастың жарықларында жасайтуғын, Төбелердиң бийик шоққыларын ийелеген! Бүркит киби уяңды бәлент қурсаң да, Сени ол жерден төменге түсиремен, – дейди Жаратқан Ийе. –
17
Эдом қорқынышлы көриниске айланады. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, Апатшылықлары себепли жаны түршигеди.
18
Содом менен Гомора ҳәм олардың әтирапындағы қалалардың, Жер менен жексен болғаны сыяқлы, – дейди Жаратқан Ийе, – Эдомда да бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды.
19
Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан, Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы, Эдом халқын ол жерден асығыс қуўып шығаман. Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма? Себеби Маған тең келетуғын ким бар? Меннен ким есап талап қыла алады? Қайсы патша Маған қарсы тура алады?»
20
Сонлықтан Жаратқан Ийениң Эдомға қарсы дүзген жобасын, Теман турғынлары ушын нийетлеген мақсетин еситиң: «Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең жасы да сүйреп кетиледи, Олардың жайлаўлары босап қалады.
21
Олардың қулаған даўысынан, Жер жүзи ләрзеге келеди. Қышқырысқан даўыслары, Қызыл теңизге дейин еситиледи.
22
Әне, душпан бүркит киби жоқары ушып, Қанатларын Босраның үстине жайды. Сол күни Эдом әскерлериниң жүреги, Толғатқан ҳаялдың жүрегиндей болады».
23
Дамаск туўралы пайғамбаршылық: «Хамат ҳәм Арпад уятқа қалды, Қорқынышлы хабарды еситип, қатты муңайды. Руўхы түсип, Толқын көтерилген теңиздей басылмайды.
24
Дамаск ҳәлсиреп, қаша жөнелди, Оны қорқыныш бийлеп алды. Толғақ тутқан ҳаялдай, Оны азап ҳәм дәрт тутты.
25
Қуўанышым мәканы болған, Бул даңқлы қала қалайынша таслап кетилди?
26
Оның жас жигитлери көшелерде өледи, Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
27
Дамаск дийўалларына от қояман, Бен-Ҳадад қорған қаласын өрт жалмайды».
28
Бабилония патшасы Набуходоносор басып алған Кедар ҳәм Хасор патшалықлары туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: «Барып, Кедарға ҳүжим қылың, Шығыстағы халықларды жоқ қылың!
29
Олардың шатырлары менен сүриўлери тартып алынады, Перделери, буйымлары, түйелери талан-тараж қылынады, Адамлар ўай-ўайлап: „Қәўип дөнбекте“, – деп бақырысады.
30
Хасор турғынлары! Қашыңлар, Узақларға кетиңлер, Үңгирлерге жасырыныңлар! – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби Бабилония патшасы Набуходоносор, Сизлер ушын қарар қабыл етти, Сизлерге қарсы жоба дүзди.
31
Барың, тыныш ҳәм қәўипсиз жасап атырған, Халыққа ҳүжим етиң, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың дәрўазалары да, тәмбилери де жоқ, Олар жеке жасайды.
32
Олардың түйелери олжаланып, Көп маллары қолға алынады. Тулымшақларын кестирип жүретуғын бул адамларды, Төрт тәрепке тарқатып жиберемен, Ҳәр тәрептен оларға апат жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе. –
33
Хасор мәңгиге қаңырап, Сағаллар мәканына айланады. Ол жерде бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды».
34
Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басларында Еремия пайғамбарға Элам ҳаққында сөз түсти.
35
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деди: «Эламның қүдиретиниң негизи болған, Садағын сындыраман,
36
Аспанның төрт тәрепинен жиберилген самал менен, Эламды төрт тәрепке тарқатып жиберемен. Эламнан сүргин етилгенлердиң, Аяқ баспаған журты қалмайды.
37
Эламды душпанларының, Жанында қасты болғанлардың алдында албыратаман. Мен лаўлаған ғәзебимди, Үстине апат қылып жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды пүткиллей жоқ қылмағанша, Изине қылыш саламан.
38
Мен тахтымды Эламға орнатып, Оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
39
Бирақ ақырғы күнлерде Эламға, Абаданшылығын қайтарып беремен», – дейди Жаратқан Ийе.
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 50 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52