bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 28
Jeremiah 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 29 →
1
Сол жылы, төртинши жылдың бесинши айында, Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басында, гибонлы Аззур улы пайғамбар Ханания Жаратқан Ийениң Үйиндеги руўханийлер менен халықтың алдында маған былай деди:
2
– Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Бабилония патшасының мойынтырығын сындыраман.
3
Еки жыл өтпей, Бабилония патшасы Набуходоносор бул жерден Бабилонға алып кеткен Жаратқан Ийениң Үйине тийисли затлардың ҳәммесин қайтарып алып келемен.
4
Және Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония менен Бабилонияға сүргин етилген пүткил яҳудалыларды бул жерге қайтарып алып келемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилония патшасының мойынтырығын сындырып таслайман».
5
Сонда мен, Еремия пайғамбар Жаратқан Ийениң Үйинде турған руўханийлердиң ҳәм пүткил халықтың алдында пайғамбар Хананияға
6
былай дедим: – Аўмийин! Жаратқан Ийениң айтқаны келсин! Жаратқан Ийе Өз Үйинен алып кетилген затларды ҳәм тутқынларды Бабилоннан бул жерге қайтарып, сениң пайғамбаршылық етип айтқан сөзлериңди әмелге асырсын.
7
Бирақ мениң саған ҳәм мына халықтың ҳәммесине айтатуғын сөзимди тыңла.
8
Меннен де, сеннен де бурын жасап кеткен пайғамбарлар көп жерлерге ҳәм уллы патшалықларға қарсы урыс, ашлық ҳәм иллет болады деп пайғамбаршылық еткен.
9
Бирақ тынышлық болады, деп пайғамбаршылық еткен пайғамбардың сөзи жүзеге асқаннан кейин ғана, сол пайғамбарды ҳақыйқаттан да Жаратқан Ийе жибергени белгили болған еди.
10
Сонда Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты алып, сындырды да,
11
топланып турған халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Еки жыл өтпей, Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың мойынтырығын барлық миллетлердиң мойнынан алып, усылай сындыраман». Буннан кейин, Еремия өз жолы менен кетти.
12
Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты сындырғанынан кейин көп өтпей, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13
– Барып, Хананияға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сен ағаштан исленген мойынтырықты сындырдың, енди оның орнын темирден исленген мойынтырық ийелейди.
14
Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул миллетлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етиўге мәжбүрлеў ушын, мойнына темир мойынтырық салдым, олар оған хызмет етеди. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым».
15
Еремия пайғамбар Ханания пайғамбарға былай деди: – Қулақ сал, Ханания! Сени Жаратқан Ийе жибермеди, сен бул халықты жалғанға исениўге мәжбүр қылдың.
16
Соның ушын Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени жер бетинен сыпырып таслайман. Жаратқан Ийеге қыянет етиўге шақырғаның ушын, усы жылы-ақ өлесең».
17
Солай етип, сол жылдың жетинши айында Ханания дүньядан өтти.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52