bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 52
Jeremiah 52
Karakalpak 2022
← Chapter 51
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
1
Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Оның анасының аты Хамутал болып, ол либналы Еремияның қызы еди.
2
Седекия да Еҳоякимге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
3
Жаратқан Ийе Ерусалим менен Яҳудаға ғәзепленгени ушын, оларды Өз дәргайынан қуўып жиберди. Седекия Бабилония патшасына қарсы бас көтерди.
4
Седекияның патшалығының тоғызыншы жылының оныншы айының оныншы күни Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимниң әтирапына келип, орда қурды ҳәм қаланың айналасына қамал минараларын қурды.
5
Солай етип, Седекияның патшалығының он биринши жылына дейин, қала қамалда болды.
6
Сол жылғы төртинши айдың тоғызыншы күни қалада ашлықтың ҳәўиж алғаны соншелли, үлке халқы бир тислем нанға зар болды.
7
Сол ўақытта қала дийўалы қулады. Калдейлер қаланы айлана қоршап турған болса да, барлық әскерлер түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
8
Калдей әскерлери патшаны қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетип алды. Ҳәмме әскерлер Седекияны таслап қашып кетти.
9
Калдейлер Седекияны тутқынға алып, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
10
Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ҳәмелдарларын да баўызлатты.
11
Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, оны қола шынжыр менен байлатып, Бабилонға алып кетти. Оны өлимине дейин қамақханада сақлады.
12
Бабилония патшасы Набуходоносордың патшалығының он тоғызыншы жылының бесинши айының оныншы күни Бабилония патшасына хызмет еткен сақшылар баслығы Набузарадан Ерусалимге келди.
13
Ол Жаратқан Ийениң Үйине, патша сарайына ҳәм Ерусалимдеги үйлердиң ҳәммесине от берип, пүткил зәўлим жайларды өртеп жиберди.
14
Сақшылар баслығы менен бирге келген калдей әскерлери Ерусалимди қоршап турған барлық дийўалларды қулатып таслады.
15
Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалғанларды, халықтың кәмбағалларын, Бабилония патшасы тәрепине өткен қашқынларды ҳәм тири қалған өнерментшилерди сүргин қылып, алып кетти.
16
Жүзимгершилик ҳәм дийханшылық пенен шуғылланыўы ушын, Набузарадан үлкедеги жарлылардан айырымларын сол жерде қалдырды.
17
Калдейлер Жаратқан Ийениң Үйиндеги қола өрелерди, түбелдириклерди, қола ҳәўизди бөлеклеп, қолаларды Бабилонияға алып кетти.
18
Соның менен бирге, олар хызмет етиў ўақтында қолланылатуғын күл салынатуғын ыдысларды, күл алатуғын белшелерди, пилик кескишлерди, қан себетуғын табақларды, тостағанларды ҳәм барлық қола буйымларды алып кетти.
19
Сақшылар баслығы алтын ҳәм гүмистен исленген буйымлардың ҳәммесин, қырмаларды, шоқ салынатуғын ыдысларды, қан себетуғын табақларды, күл салынатуғын ыдысларды, шыра қойғышларды, тостағанларды ҳәм кеселерди алып кетти.
20
Жаратқан Ийениң Үйи ушын патша Сулайман ислеткен еки өре, бир ҳәўиз ҳәм ҳәўиз астындағы он еки қола өгиз ушын сарп етилген қоланың есабы жоқ еди.
21
Ҳәр бир өрениң бийиклиги он сегиз шығанақ, домалақ айланасы он еки шығанақ, қалыңлығы төрт ели болып, иши бос еди.
22
Өрениң төбесинде қола төбелик бар еди. Оның бийиклиги бес шығанақ болып, айналасы қоладан исленген шынжырлы торлар ҳәм қуйма анарлар менен безелген еди. Екинши өре де анар әшекөйлер менен безелген еди.
23
Ҳәр тәрепте тоқсан алты анар, тордың үстиндегиси менен ҳәммеси болып жүз анар бар еди.
24
Сақшылар баслығы Набузарадан бас руўханий Сераяны, екинши дәрежели руўханий Сефанияны ҳәм Ибадатхана босағасындағы қадағалаўшы үш руўханийди тутқынға алды.
25
Және де, ол қалада қалған әскерлерге әскербасы етип қойылған бир сәркәрданы, қаладан табылған патшаның жети ўәзирин, үлке халқын әскерликке шақырыў иси менен шуғылланатуғын әскербасының хаткерин ҳәм ел турғынларынан алпыс адамды тутқынға алды.
26
Сақшылар баслығы Набузарадан оларды Риблаға, Бабилония патшасына алып барды.
27
Бабилония патшасы оларды Хамат жериниң Рибла қаласында өлтиртти. Яҳуда халқы өз жеринен сүргин етилди.
28
Набуходоносор сүргин қылып алып келген халықтың саны мынадай: патшалығының жетинши жылында үш мың жигирма үш яҳудийди,
29
патшалығының он сегизинши жылында Ерусалим турғынларынан сегиз жүз отыз еки адамды,
30
жигирма үшинши жылы болса сақшылар баслығы Набузарадан жети жүз қырық бес адамды сүргин етип алып келди. Сүргин етилгенлер жәми төрт мың алты жүз адам еди.
31
Яҳуда патшасы Еҳоякинниң сүргин етилгенине отыз жети жыл болғанда, Бабилонға Эўил-Меродах патша болды. Ол сол жылдың он екинши айының жигирма бесинши күни Яҳуда патшасы Еҳоякинге жақсылық қылып, оны тутқынлықтан азат етти.
32
Патша Еҳоякин менен жыллы сөйлести ҳәм оны Бабилонға сүргин етилген басқа патшалардан үстин қойды.
33
Солай етип, Еҳоякин қамақтағы кийимлерин өзгертти ҳәм өмириниң ақырына дейин патша дастурханынан аўқат жеди.
34
Оның күнделикли керек-жарағы өмириниң ақырына шекем, өлемен дегенше Бабилония патшасы тәрепинен берилди.
← Chapter 51
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52