bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 10
Jeremiah 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 11 →
1
Ҳәй, Израил халқы, Жаратқан Ийениң сизлерге айтып атырған сөзлерин тыңлаң!
2
Жаратқан Ийе былай дейди: «Миллетлердиң жолларын үйренбең, Басқа миллетлер қорққаны сыяқлы, Аспан белгилеринен қорқпаң.
3
Халықлардың дәстүрлери пайдасыз. Олар тоғайдан ағаш кесип алып, Устаның қуралы менен оған пишим береди.
4
Оны гүмис ҳәм алтын менен безейди, Жығылып кетпесин деп, Шеге менен шөккишлеп қағып қояды.
5
Бул бутлар палыз атызындағы қарақшыға уқсайды, Сөйлей алмайды, Көтерип жүриў керек, Өзлери жүре алмайды. Олардан қорқпаң, Олардың қолынан жаманлық ислеў де, Жақсылық ислеў де келмейди».
6
Жаратқан Ийе, Саған уқсағаны жоқ! Сен уллысаң, атың да қүдиретке ийе!
7
Миллетлер Патшасы, Сеннен қорқпайтуғын ким бар? Сен буған ылайықлысаң. Миллетлердиң барлық данышпанлары, Барлық патшалықлары арасында, Саған уқсағаны жоқ.
8
Бул халықлар ақмақ ҳәм ақылсыз. Жансыз ағаштан тәлим алады.
9
Таршиштен шөккишлеп тегисленген гүмис, Уфаздан алтын алып келинеди. Уста ҳәм зергер ислеген нәрсеге, Қызғыш көк ҳәм шым қызыл кийим кийгизеди. Ҳәммеси шебер өнерментлердиң иси.
10
Бирақ Жаратқан Ийе – ҳақыйқый Қудай, Ол тири Қудай ҳәм мәңгилик Патша. Ол қәҳәрленсе, жер титирейди, Миллетлер Оның ғәзебине шыдам бере алмайды.
11
Бутқа сыйынатуғын халықларға былай деп айтыңлар: «Жер ҳәм аспанды жаратпаған қудайлар, Жер бетинен ҳәм аспан астынан жоқ болады».
12
Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты, Даналығы менен дүньяны қурды, Ақылы менен көклерди жайды.
13
Ол гүркирегенде, көктеги суўлар шуўылдайды, Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди. Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
14
Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады, Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
15
Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
16
Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол – пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил урыўы – Оның мийрасы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
17
Қамалда жасағанлар, Бары-жоғыңызды жыйнаң!
18
Өйткени Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, енди бул жердиң турғынларын ылақтырып таслайман. Таўып алыўы ушын, Оларды тар жерге қуўып алып бараман».
19
Сорым қурысын, сорлап қалдым! Жарақатым аўыр! Бирақ мен өзиме: «Басымда бул дәрт те бар екен, Шыдаўым керек», – дедим.
20
Шатырым қулады, үзилди барлық жиплери, Балаларым таслап кетти, енди олар жоқ. Шатырымды қайта тигетуғын, Перделерин тағатуғын ҳеш ким жоқ.
21
Шопанлар ақылдан адасты, Жаратқан Ийеден мәсләҳәт сорамады. Сонлықтан ислери оңынан келмеди, Ҳәмме сүриўлери тарап кетти.
22
Тыңлаңлар, бир хабар киятыр! Яҳуда қалаларын шөлге, Сағаллар мәканына айландырыў ушын, Арқадан уллы шаўқым киятыр!
23
Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин, Өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
24
Жаратқан Ийе, ғәзебиң менен емес, Ал әдалатың менен мени тәрбияла! Болмаса мени қуртасаң.
25
Ғәзебиңди Өзиңди танымаған миллетлерге, Атыңды айтып шақырмаған қәўимлерге төк. Себеби олар Яқыпты жалмады, Пүткиллей қырып, жоқ қылып, Мәканын ўайран етти.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52