bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 15
Jeremiah 15
Karakalpak 2022
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 16 →
1
Жаратқан Ийе маған былай деди: – Ҳәтте, Муўса менен Самуел алдымда турып жалбарынса да, бул халыққа жүрегим жибимейди. Бул халықты алдымнан қуў, кетсин!
2
Егер олар сеннен: «Қай жерге барамыз?» – десе, оларға былай деп айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Өлимге ҳүким етилгенлер – өлсин, Қылышқа ҳүким етилгенлер – қылыш астына түссин, Ашлыққа ҳүким етилгенлер – ашлыққа ушырасын, Тутқынлыққа ҳүким етилгенлер – тутқын болсын.
3
Оларға төрт түрли жаза бериўди қарар еттим, – дейди Жаратқан Ийе, – өлтириў ушын қылышты, тилкимлеў ушын ийтлерди, жеп, жоқ қылыў ушын көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларды жиберемен.
4
Яҳуда патшасы Хизкия улы Менашшениң Ерусалимде ислеген ислериниң кесири себепли, пүткил жер бетиндеги патшалықлар ушын оларды ҳүрейди ушыратуғын көриниске айландыраман.
5
Ерусалим, саған кимниң жаны ашыйды? Ким сен ушын аза тутады? Ҳал-жағдай сораў ушын, Ким қайырылып, саған келер екен?
6
Сен Меннен жүз бурдың, – дейди Жаратқан Ийе, – Сен арқаңды қараттың. Сонлықтан қолымды көтерип, Сени жоқ қыламан. Сени аяўдан шаршадым.
7
Бул жердиң қала дәрўазаларында, Халқымды гүрек пенен суўыраман. Перзентлеринен айырып, Халқымды набыт қыламан. Өйткени олар жаман жолларынан қайтпады.
8
Олардың жесирлери теңиз қумынан да көп болады. Жигитлериниң аналарының үстине, Тал түсте набыт қылыўшыны жиберемен. Тосаттан оларды қайғы ҳәм қорқынышқа саламан.
9
Жети балалы ана ҳәлсиреп, Соңғы демин береди. Оның қуяшы күндиз-ақ батады. Ол уятқа қалып, масқара болады. Аман қалғанларды душпанларының көз алдында, Қылышқа тапсыраман, – дейди Жаратқан Ийе».
10
Мениң сорым қурысын! Анажан, сен мени пүткил дүнья менен даўласып, Жәнжеллессин деп туўып па едиң? Мен ҳеш кимге қарыз бермедим, қарыз да алмадым, Сонда да ҳәмме мени нәлетлейди.
11
Жаратқан Ийе былай деди: «Мен сени пүткиллей душпанларға беремен. Апатшылық ҳәм бахытсызлық ўақтында, Оларды саған жиберемен.
12
Темирди, арқадан келген темир ҳәм қоланы, Ким сындыра алады?
13
Елдиң ҳәмме жеринде ислеген гүналарыңыз ушын, Байлығыңызды ҳәм ғәзийнеңизди, Душпанларыңызға аңсат олжа қыламан.
14
Мен сизлерди өзлериңиз билмейтуғын жердеги, Душпанларыңызға қул қыламан. Ғәзебим сизлерге қарсы тутанып, От болып жанады».
15
Жаратқан Ийе, Сен билесең, Мени ядқа ал, жәрдем бер, Мени қуўғын қылғанлардан өшимди ал. Сабырлылығың менен мени набыт қылма, Билесең, Сен ушын хорлықларға шыдап атырман.
16
Сөзлериңди таўып, жедим. Сөзлериң маған қуўаныш, жүрегиме шадлық алып келди. Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Мен Сениң атың менен аталғанман.
17
Кейпи-сапа қурғанлар менен отырмадым, Олар менен йошып, шадланбадым. Сениң қолың үстимде болып, Мени ғәзепке толтырғаның ушын, Мен жалғыз отырдым.
18
Неге азабымның азары басылмайды? Неге жарақатым аўыр ҳәм шыпасыз? Сен мен ушын суўы қурып қала беретуғын, Алдамшы бир сай болажақсаң ба?
19
Буған Жаратқан Ийе былай дейди: «Егер тәўбе қылсаң, қайта қабыл етип, Сени хызметиме қояман. Егер мәниссиз сөйлемей, Әҳмийетли сөзлерди айтсаң, Мениң тилим менен сөйлейсең. Бул халықтың өзлери саған қайтады, Бирақ сен оларға қайырылып қарама.
20
Мен сени бул халық ушын, Қоладан исленген беккем дийўал қыламан. Олар сениң менен урысады, бирақ жеңе алмайды. Қутқарыў ҳәм азат қылыў ушын, Мен сениң менен биргемен, – деди Жаратқан Ийе. –
21
Сени наҳақлардың қолынан азат етемен, Реҳимсизлердиң пәнжесинен сатып аламан».
← Chapter 14
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 16 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52