bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 21
Jeremiah 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 22 →
1
Патша Седекия Малкия улы Пашхур менен Маасея улы руўханий Сефанияны Еремияға жибергенде, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Пашхур менен Сефания Еремияға:
2
– Бабилония патшасы Набуходоносор бизлерге урыс ашты. Сол себепли бизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарын. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлер ушын бурынғыдай әжайып кәраматларынан бирин көрсетип, Набуходоносор елимизден шегинер, – деди.
3
Еремия оларға Седекияға мынаны айтып барыўды тапсырды:
4
– Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң сыртқы дийўалларыңызды қамал қылған Бабилония патшасына ҳәм калдейлерге қарсы қолланып атырған қолларыңыздағы қуралларды өзлериңизге қарсы бураман. Олардың ҳәммесин бул қаланың ортасына топлайман.
5
Күшли билегим ҳәм созылған қолым мениң ашыўға, қәҳәрге ҳәм ғәзепке минип, Мениң Өзим сизлерге қарсы урысаман.
6
Мен бул қалада жасаўшылардың ҳәммесин: адамларды да, ҳайўанларды да жоқ қыламан. Олар қорқынышлы иллеттен қырылады.
7
Буннан кейин, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшасы Седекияны, оның ҳәмелдарларын, бул қаланың турғынларын, яғный иллеттен, қылыштан ҳәм ашлықтан аман қалғанларының ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм жанын алыўды қәлеген душпанларының қолына тапсыраман. Набуходоносор оларды қылыштан өткереди, оларға реҳим етпейди, жаны ашымайды, аямайды».
8
Бул халыққа айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мине, Мен өмир жолы менен өлим жолын усынаман.
9
Бул қалада қалған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал қаладан шығып, өзлерин қамал қылып турған калдейлерге тәслим болған ҳәр бир адам болса, жанын қутқарып, өмирин сақлап қалады.
10
Мен бул қалаға жақсылық қылыў ушын емес, – дейди Жаратқан Ийе, – ал апатшылық келтириў ушын бет бурдым. Қала Бабилония патшасының қолына бериледи, ол қалаға от қояды».
11
Яҳуда патшасының үй-ишине айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
12
Ҳәй, Даўыттың нәсили, Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәр күни азанда әдалатты жүзеге асырың, Жәбирленгенди залымның қолынан азат етиң. Болмаса, қылған жаўызлықларыңыз себепли, Ғәзебим оттай лаўлап жанады, Оны ҳеш ким сөндире алмайды.
13
Ҳәй, ойпатлықтағы бийик жартас, Тегислик үстиндеги Ерусалим! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлер: „Ким жоқарыдан асып түсип, бизге қарсы шыға алады? Ким қорғанымызға кире алады?“ – дейсизлер.
14
Мен сизлерди ис-ҳәрекетиңизге жараса жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Тоғайларыңызға от беремен, От әтирапыңыздағылардың ҳәммесин жалмайды».
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52