bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 36
Jeremiah 36
Karakalpak 2022
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 37 →
1
Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
2
– Орама қағаз алып, Иошияның дәўиринде сениң менен сөйлескен күнимнен баслап, усы күнге шекемги Израил, Яҳуда ҳәм пүткил миллетлер ҳаққында айтқанларымның ҳәммесин жазып қой.
3
Бәлким Яҳуда халқы басларына жаўдырмақшы болған барлық бәле-қадалар ҳаққында еситкенде, жаман жолынан қайтар, Мен де олардың айыпларын ҳәм гүналарын кеширермен.
4
Еремия Нерия улы Барухты шақырды. Барух Еремияның аўзынан Жаратқан Ийениң айтқан сөзлериниң ҳәммесин орама қағазға жазды.
5
Кейин Еремия Барухқа былай деп буйырды: – Маған Жаратқан Ийениң Үйине кириў қадаған.
6
Сонлықтан сен барып, мениң аўзымнан жазып алған Жаратқан Ийениң сөзлерин ораза күни Жаратқан Ийениң Үйинде халыққа даўыслап оқып бер. Оны өз қалаларынан келген пүткил Яҳуда халқына даўыслап оқып бер.
7
Бәлким, олар Жаратқан Ийениң алдында жалбарынар, жаўыз жолларынан қайтар. Себеби Жаратқан Ийениң бул халыққа жәриялаған қәҳәр-ғәзеби уллы.
8
Нерия улы Барух Еремия пайғамбардың тапсырмасын толық орынлады. Ол Жаратқан Ийениң Үйине барып, орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин оқыды.
9
Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының бесинши жылының тоғызыншы айында Ерусалимнен ҳәм Яҳуда қалаларынан келген барлық халық Жаратқан Ийениң алдында ораза жәриялаған еди.
10
Сонда Барух Жаратқан Ийениң Үйиниң Таза дәрўазасы жанындағы жоқарғы ҳәўлиде жайласқан Шафан улы хаткер Гемарияның бөлмесинде турып, орама қағаздан Еремияның сөзлерин пүткил халыққа даўыслап оқып берди.
11
Шафанның ақлығы Гемарияның улы Миха орама қағаздағы Жаратқан Ийениң сөзлерин еситкенде,
12
патша сарайындағы хаткерлер бөлмесине барды. Ол жерде барлық басшылар: патша хаткери Элишама, Шемая улы Делая, Ахбор улы Элнатан, Шафан улы Гемария, Ханания улы Седекия ҳәм барлық сарай ҳәмелдарлары отырған еди.
13
Барух орама қағаздан халыққа оқып бергенде еситкен барлық сөзлерин Миха оларға айтып берди.
14
Ҳәмелдарлар: «Халыққа оқып берген орама қағазды алып, кел», – деп айтыў ушын, Кушийдиң шаўлығы Шелемияның ақлығы Нетания улы Яҳудийди Барухқа жиберди. Нерия улы Барух орама қағазды алып, оларға келди.
15
Ҳәмелдарлар Барухқа: – Енди отырып, бизлерге де оқып бер, – деди. Барух оларға да оқып берди.
16
Олар бул сөзлерди ақырына дейин тыңлағаннан соң, қорқысып, бир-бирине қарап, Барухқа: – Бизлер патшаны сөзсиз бул сөзлерден хабардар қылыўымыз керек, – деди.
17
Кейин олар Барухтан: – Өтинемиз, бизлерге айт, Еремияның аўзынан шыққан бул сөзлердиң ҳәммесин сен қалай жазып алдың?
18
Барух оларға былай деп жуўап берди: – Ол бул сөзлердиң ҳәммесин маған айтып турды, мен оларды сыя менен орама қағазға жазып алдым.
19
Сонда сарай ҳәмелдарлары Барухқа: – Барып, Еремия екеўиңиз де жасырының. Қай жерде екениңизди ҳеш ким билмесин, – деди.
20
Ҳәмелдарлар орама қағазды хаткер Элишаманың бөлмесинде қалдырып, патша сарайының ҳәўлисине барды ҳәм патшаға ҳәммесин баян қылды.
21
Патша Яҳудийди орама қағазды алып келиўге жиберди. Яҳудий оны хаткер Элишаманың бөлмесинен алып келип, патшаға ҳәм оның жанында турған барлық ҳәмелдарларға оқып берди.
22
Сол ўақытта, тоғызыншы айда патша қысқы сарайындағы от жанып турған ошақтың жанында отырған еди.
23
Яҳудий орама қағаздан үш ямаса төрт бөлекти оқып болыўдан, патша оларды хаткериниң пышағы менен кесип, отқа таслай берди. Ол орама қағаздың ҳәммесин жағып болғанша солай иследи.
24
Бул сөзлерди еситкенде патша да, оның қасындағы хызметкерлердиң ҳеш бири де қорқпады, қайғырып кийимлерин жыртпады.
25
Элнатан, Делая ҳәм Гемария патшадан орама қағазды жағып жибермеўди өтинди, бирақ патша оларды тыңламады.
26
Буның орнына патша шаҳзада Ерахмеелге, Азриел улы Сераяға ҳәм Абдеел улы Шелемияға Еремия пайғамбарды ҳәм хаткер Барухты тутып алып келиўди буйырды. Бирақ Жаратқан Ийе оларды жасырып қойды.
27
Еремияның аўзынан Барух жазып алған сөзлер жазылған орама қағазды патша жағып жибергеннен соң, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
28
– Басқа бир орама қағаз алып, оған биринши орама қағаздағы, Яҳуда патшасы Еҳояким жағып жиберген орама қағаздағы сөзлердиң бәрин жаз.
29
Яҳуда патшасы Еҳоякимге болса, Жаратқан Ийе былай дейди деп айт: «Орама қағазда: „Бабилония патшасы сөзсиз келеди, бул жерди ўайран етип, адамларды ҳәм ҳайўанларды қырып таслайды“, – деп жазылғаны ушын Еремияға айбат етип қағазды өртеп тасладың.
30
Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Еҳояким ҳаққында былай дейди: „Оның нәсилинен ҳеш ким Даўыттың тахтына отырмайды, денеси күндиздиң жәзийрама ыссысына, түнниң аязына тасланады.
31
Айыплары ушын оның өзин, урпақларын ҳәм хызметкерлерин жазалайман. Олар туўралы айтқан барлық апатшылықларды олардың өзлериниң, Ерусалим турғынлары менен Яҳуда халқының басына жаўдыраман. Себеби олар Маған қулақ аспады“».
32
Еремия басқа орама қағаз алып, Нерия улы хаткер Барухқа берди. Барух Яҳуда патшасы Еҳояким отқа жаққан орама қағаздағы барлық сөзлерди Еремияның аўзынан жазып алды. Бирақ бул сөзлерге әўелгиге уқсаған көплеген сөзлер қосылған еди.
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 37 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52