bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 39
Jeremiah 39
Karakalpak 2022
← Chapter 38
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 40 →
1
Яҳуда патшасы Седекияның ҳүкимдарлығының тоғызыншы жылының оныншы айында Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил әскерлери менен Ерусалимге жүрис қылып, оны қамалға алды.
2
Седекияның патшалығының он биринши жылының оныншы айының тоғызыншы күни дийўал бузылды.
3
Ерусалим қолға алынғанда, Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары ишке кирип, Ортаңғы дәрўаза жанында отырды. Олар: Нергал-Шаресер, Самгар-Небо, әскерий ўәкил Сарсехим, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм патшаның барлық ҳәмелдарлары еди.
4
Яҳуда патшасы Седекия ҳәм оның барлық әскерлери оларды көргенде, түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5
Бирақ калдей әскерлери оларды қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетти ҳәм Седекияны услап, тутқынға алды да, Хамат үлкесиниң Рибла қаласында болған Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
6
Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ақсүйеклерин де баўызлатты.
7
Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, Бабилонға алып кетиў ушын оны қола шынжыр менен байлатты.
8
Калдейлер патшаның сарайын, халықтың үйлерин өртеп, Ерусалим дийўалларын қулатты.
9
Сақшылар баслығы Набузарадан қалада аман қалған адамларды ҳәм Бабилония патшасы тәрепке өткен қашқынларды қалған халық пенен бирге Бабилонияға тутқын қылып алып кетти.
10
Бирақ Набузарадан ҳеш нәрсеси жоқ бийшараларды Яҳуда жеринде қалдырып, сол ўақытта оларға жүзимзарлар ҳәм атызлар берди.
11
Бабилония патшасы Набуходоносор сақшылар баслығы Набузараданға Еремия туўралы мынадай буйрық берди:
12
«Оны услап алып, көзқулақ бол. Оған ҳеш қандай зыян келтирме, не сораса, соны исле».
13
Патша сақшыларының баслығы Набузарадан, әскерий ўәкил Набушазбан, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары
14
адам жоллап, Еремияны сақшылар ҳәўлисинен алдыртты. Олар Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияға Еремияны үйине алып кетиўди тапсырды. Солай етип, Еремия өз халқы арасында қалды.
15
Қараўыллар ҳәўлисинде қамақта болған ўақтында, Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түскен еди:
16
– Барып, хабашстанлы Эбед-Мелехке айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул қала туўралы айтқан сөзлеримди жақсылық пенен емес, ал жаманлық пенен жүзеге асыраман. Булар сениң көз алдыңда әмелге асады.
17
Бирақ сол күни Мен сени қутқараман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сен өзиң қорқып жүрген адамларыңның қолына түспейсең.
18
Мен сени қутқараман. Сен қылыштан қаза таппайсаң, Маған үмит артқаның ушын, жаның өзиңе олжа болады, – дейди Жаратқан Ийе».
← Chapter 38
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 40 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52