bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 40
Jeremiah 40
Karakalpak 2022
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 41 →
1
Бабилонияға сүргин етилген пүткил Ерусалим ҳәм Яҳуда тутқынлары менен бирге Еремия да шынжыр менен байланып, Рамаға алып барылды. Ол жерде сақшылар баслығы Набузарадан Еремияны таўып, оны босатты. Сонда Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2
Сақшылар баслығы Еремияны қасына шақырып алып, оған былай деди: – Қудайың Жаратқан Ийе бул елге апатшылық жаўдыражағын айтқан екен.
3
Мине, оны жаўдырып, айтқанындай қылды. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийеге қарсы гүна ислегениңиз ҳәм Оған қулақ салмағаныңыз себепли болып отыр.
4
Бүгин мен сени қолыңдағы шынжырлардан азат етемен. Егер мениң менен Бабилонға кетиўди қәлесең, жүр, мен саған көзқулақ боламан. Егер кетиўди қәлемесең, онда қал. Мине, пүткил ел алдыңда жатыр. Қай жаққа кетиўди қәлесең, яки қай жаққа кетиўди нәзериңде туўры деп тапсаң, сол жерге кете бер.
5
Еремия жуўап берип үлгермей-ақ, Набузарадан сөзин даўам етти: – Бабилония патшасы тәрепинен Яҳуда қалаларына ҳәким етип қойылған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның жанына бар. Оның менен бирге халық арасында жасай бер. Ямаса қай жаққа кетиўди қәлесең, сол жаққа кет. Сақшылар баслығы оған азық-аўқат ҳәм саўғалар берип, босатып жиберди.
6
Еремия Миспадағы Ахиқамның улы Гедалияның жанына кетти. Миспаға барып, оның менен бирге елде қалған халықтың арасында жасады.
7
Далаларда бой тасалап қалған барлық әскербасылар ҳәм олардың адамлары Бабилония патшасының Ахиқам улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын ҳәм сүргинге алып кетилмеген жарлы еркеклерди, ҳаялларды ҳәм балаларды оған тапсырғанын еситти.
8
Сонда Нетания улы Исмайыл, Қареах уллары Юханан менен Ионатан, нетофалы Танхумет улы Серая, нетофалы Эфай уллары, маахалы Езания ҳәм олардың әскерлери Миспаға Гедалияға келди.
9
Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалия оларға ҳәм олардың әскерлерине ант ишип, былай деди: – Калдейлерге хызмет етиўден қорқпаң. Елге орналасып алып, Бабилония патшасына хызмет етиң, сонда абадан турмысқа ерисесиз.
10
Мен бул жерге келетуғын калдейлерге ўәкиллик қылыў ушын Миспада жасап қаламан. Сизлер шарап, жазғы мийўелер ҳәм зәйтүн майын жыйнап, сақлап қойыңлар да, өзлериңиз орналасып алған қалаларда жасай бериңлер.
11
Моабта, аммонлардың арасында, Эдомда ҳәм басқа еллерде жасап атырған яҳудийлердиң ҳәммеси Бабилония патшасы Яҳудада бир топар адамларды қалдырғанын, оларға Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияны ҳәким қылып қойғанын еситти.
12
Олардың ҳәммеси сүргин қылынған жерлердиң бәринен Яҳуда жерине, Миспаға, Гедалияның алдына қайтып келди. Олар сол жерде көп мийўе жыйнап, мол шарап таярлады.
13
Қареах улы Юханан менен шөл даладағы әскербасылар Миспадағы Гедалияға келип,
14
оған: – Аммонлардың патшасы Баалистиң сизди өлтириў ушын Нетания улы Исмайылды жибергенинен хабарыңыз бар ма? – деди. Бирақ Ахиқам улы Гедалия буған исенбеди.
15
Кейин Қареах улы Юханан Миспада жасырын түрде Гедалияға: – Келиң, мен барып, Нетания улы Исмайылды өлтирейин, буны ҳеш ким билмейди. Не ушын сизди өлтириўине, қасыңызға жыйналғанлардың тарқап кетиўине ҳәм Яҳудада қалғанлардың набыт болыўына жол қойыўымыз керек? – деди.
16
Бирақ Ахиқам улы Гедалия Қареах улы Юхананға: – Булай ислеме, сен Исмайыл туўралы жалған айтып турсаң, – деди.
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 41 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52