bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 41
Jeremiah 41
Karakalpak 2022
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 42 →
1
Жетинши айда патша әўладынан ҳәм патшаның ўәзирлеринен бири болған Элишаманың ақлығы Нетанияның улы Исмайыл он адамы менен Миспадағы Ахиқам улы Гедалияға келди. Олар Миспада бирге ишип-жеп отырғанда,
2
Нетания улы Исмайыл менен оның жанындағы он адам орынларынан турды да, Бабилония патшасы сол елге ҳәким қылып қойған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияны қылыш пенен шаўып таслады.
3
Исмайыл Миспада Гедалия менен бирге болған барлық яҳудийлерди де, ол жердеги калдей әскерлерин де өлтирди.
4
Ертеңине Гедалияның өлтирилгени ҳаққында ҳеш ким билмей турып,
5
Шехемнен, Шилодан ҳәм Самариядан сексен адам келди. Олар қайғыдан сақалларын қырққан, кийимлерин жыртқан, денелерин тилген болып, қолларында Жаратқан Ийениң Үйине алып киятырған ғәлле садақасы менен хош ийисли түтеткиси бар еди.
6
Оларды күтип алыў ушын Миспадан Нетания улы Исмайыл жолға шықты. Ол жылап ушырасып, оларға: – Ахиқам улы Гедалияға барыңлар, – деди.
7
Енди қала ортасына келгенде, Нетания улы Исмайыл ҳәм оның жанындағы адамлар оларды өлтирип, суў сақлағышқа таслады.
8
Бирақ олардың арасынан он адам Исмайылға: – Бизлерди өлтирме, бизлердиң атызда жасырып қойған бийдайымыз, арпамыз, майымыз ҳәм палымыз бар, – деди. Сонда ол өзин тутып, оларды қасындағылары менен бирге өлтирмей, аман қалдырды.
9
Исмайыл Гедалияға тийисли өлилердиң денелерин таслаған суў сақлағыш жүдә үлкен болып, оны патша Аса Израил патшасы Баашадан қорғаныў ушын қаздырған еди. Нетания улы Исмайыл оны өли денеге толтырды.
10
Исмайыл Миспадағы қалған пүткил халықты – патшаның қызларын ҳәм сақшылар баслығы Набузарадан Ахиқам улы Гедалияның ықтыярына тапсырған Миспада қалған пүткил халықты тутқынға алды. Нетания улы Исмайыл оларды айдап, аммонлар тәрепке өтиў ушын жолға түсти.
11
Бирақ Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы пүткил әскербасылар Нетания улы Исмайыл ислеген жынаятлары ҳаққында еситкенде,
12
адамларының ҳәммесин алып, Нетания улы Исмайыл менен урысыў ушын жолға шықты. Олар Гибондағы мол суўлы ҳәўиз жанында Исмайылдың изинен жетти.
13
Исмайылдың қасындағы пүткил халық Қареах улы Юхананды ҳәм оның қасындағы әскербасыларды көргенде, қуўанып кетти.
14
Исмайыл Миспада тутқынға алған адамлардың ҳәммеси изге, Қареах улы Юхананға қарай жуўырды.
15
Бирақ Нетания улы Исмайыл сегиз адамы менен Юхананнан қутылып, аммонларға қашып кетти.
16
Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы барлық әскербасылар аман қалғанлардың ҳәммесин Ахиқам улы Гедалияны өлтирген Нетания улы Исмайылдан қутқарып, ҳәм Гибоннан изге қайтарып алып келген әскерлерди, ҳаялларды, балаларды, сарай хызметкерлерин Миспадан алып шықты.
17
Олар жол жүрип, Мысырға өтиў ушын, Бейтлеҳем жақынындағы Герут-Кимҳамда тоқтады.
18
Бабилония патшасы ел үстинен ҳәким қылып қойған Ахиқам улы Гедалияны Нетания улы Исмайыл өлтиргени себепли, олар калдейлерден қорқты.
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 42 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52