bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 17
Jeremiah 17
Karakalpak 2022
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 18 →
1
«Яҳуданың гүнасы темир қәлем менен жазылды. Бул олардың жүреклериниң тахтасына, Қурбанлық орынның шақларына, Шақмақ тас пенен ойып жазылды.
2
Ҳәр бир бийик төбешиктеги, Қойыў жапырақлы теректиң астындағы, Қурбанлық орынлар менен кийели ағашларға, Олардың балалары да табыныўын даўам етпекте.
3
Жеримдеги таўым үстинде, Пүткил аймағыңызда қылған гүналарыңыз ушын, Мен сениң байлығыңды, Барлық ғәзийнелериңди, Сыйыныў орынларың менен бирге, Душпанға олжа қылып беремен.
4
Өз айыбың себепли, Өзиңе берген үлесимнен жуда боласаң. Мен сени өзиң билмейтуғын жердеги, Душпанларыңа қул қыламан. Сизлер Мениң ғәзебимди тутандырдыңыз, Ол мәңгиге жанады».
5
Жаратқан Ийе былай дейди: «Инсанға исенген, Инсанның күшине сүйенген, Жүреги Жаратқан Ийеден алыслаған, Адамға нәлет жаўсын!
6
Ол шөлдеги путаға мегзейди, Жақсылық келгенде, оны көрмейди. Ол күйдиретуғын шөлде, Адамсыз дузлы жерде жасайды.
7
Жаратқан Ийеге үмит байлаған, Оған сүйенген адам қандай бахытлы!
8
Ол суў жағасына отырғызылған терекке мегзейди, Тамырын өзекке қарай жаяды. Ыссыдан қорқпайды, Жапырағы бәрқулла жасыл болады. Жыл қурғақ келсе де, қайғыға батпайды, Мийўе бериўин тоқтатпайды.
9
Адам жүреги ҳәмме нәрседен де ҳийлекер, Ҳасла дүзелмейди, Оған ким түсине алады?
10
Мен, Жаратқан Ийе ҳәр бир адамның тутқан жолына, Ислеген ислерине қарай қайтарыў ушын, Адамның жүрегине қарайман, Қәлбин сынайман».
11
Ҳарам байлық жыйнаған адам, Өзи туўмаған мәйекке қурық басқан кекликке уқсайды. Өмириниң ортасында байлығы қолдан кетип, Ақырында ол ақмақ болып шығады.
12
Мухаддес Ибадатханамыз – әзелден көтерилген, Жаратқан Ийениң салтанатлы тахты!
13
Жаратқан Ийе, Израилдың Үмити! Сени тәрк еткенлердиң ҳәммеси уятқа қалады. Сеннен жүз бурғанлардың атлары, Қумға жазылғандай жоқ болады. Себеби олар тири суў булағын, Жаратқан Ийени тәрк етти.
14
Шыпа бер маған, Жаратқан Ийе, саўалайын, Мени қутқар, қутқарылайын. Себеби тек Өзиңе алғыс айтаман.
15
Олар маған: «Жаратқан Ийениң сөзи қай жерде? Ол әмелге ассын», – дей береди.
16
Мен хызметиңде шопан болыўдан қашпадым. Апатшылық күниниң келиўин де тилемедим. Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөзди Өзиң билесең. Ол сөзлер Сениң алдыңда айтылған.
17
Мениң ҳүрейимди ушырма, Апатшылық күни панам Өзиңсең.
18
Мени қуўғын қылғанлар уятқа қалсын, Бирақ мени уятқа қалыўдан сақлай гөр. Оларды қорқыўға сал, Бирақ мени қорқыўдан сақлай гөр. Оларға апатшылық күнин жаўдырып, Еки есе аўыр соққы берип, жоқ қыл.
19
Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшалары кирип-шығатуғын Халық дәрўазасына барып, сол жерде тур. Соңынан Ерусалимниң басқа дәрўазаларына да барып тур.
20
Халыққа былай деп айт: «Мына дәрўазалардан өтетуғын Яҳуда патшалары, пүткил Яҳуда халқы ҳәм пүткил Ерусалим турғынлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
21
Жаратқан Ийе былай дейди: Егер өмириңизди сақлап қалмақшы болсаңыз, онда Шаббат күни жүк тасымаң, оны Ерусалим дәрўазалары арқалы алып өтпең.
22
Сол күни үйиңизден жүк шығармаң, ҳеш қандай жумыс ислемең. Мениң ата-бабаларыңызға буйырғанымдай, Шаббат күнин мухаддес сақлаң.
23
Деген менен, ата-бабаларыңыз Мени тыңламады, қулақ та салмады. Қайсарлық етип, Мени тыңламады, тәрбиямды алмады.
24
Бирақ егер сизлер Маған қулақ салып, – дейди Жаратқан Ийе, – Шаббат күни бул қаланың дәрўазаларынан жүк алып өтпесеңиз, ҳеш қандай жумыс ислемей, Шаббат күнин мухаддес сақласаңыз,
25
онда Даўыттың тахтында отыратуғын патшалар өз ҳәмелдарлары менен арбаларға ҳәм атларға минип, Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынларын ертип, бул қаланың дәрўазаларынан киреди. Бул қалада мәңгиге адамлар жасайды.
26
Яҳуда қалаларынан, Ерусалимниң әтирапларынан, Бенямин жеринен, батыстағы таў етеклеринен, таўлы үлкеден, Негебтен адамлар келип, Жаратқан Ийениң Үйине жандырылатуғын қурбанлықлары менен басқа қурбанлықларын, ғәлле садақаларын, хош ийисли түтетки менен миннетдаршылық қурбанлықларын алып келеди.
27
Егер де Мени тыңламасаңыз, Шаббат күни Ерусалим дәрўазаларынан жүк пенен кирип, мухаддес Шаббат күнин мухаддес сақламасаңыз, онда қала дәрўазаларына от беремен. От Ерусалим сарайларын жандырып жоқ қылады, ол ҳеш қашан сөнбейди».
← Chapter 16
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 18 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52