bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 16
Jeremiah 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 17 →
1
Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2
– Үйленбе, бул елде ул-қызларың болмасын.
3
Бул жерде туўылған ул-қызлар, оларды туўған аналар ҳәм оларды дөреткен әкелер туўралы Жаратқан Ийе былай дейди:
4
Олар аўыр кеселликлерден өледи. Олар ушын жоқлаў айтылмайды, олар жерленбейди. Олар топырақта тезек сыяқлы шашылып жатады. Қылыштан қаза табады, ашлықтан өледи. Денелери көктеги қусларға ҳәм жердеги ҳайўанларға жем болады.
5
Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Адам қайтыс болған үйге кирме, жоқлаў айтыў ямаса кеўил билдириў ушын барма. Мен бул халықтан тынышлығымды, сүйиспеншилигимди ҳәм реҳимимди алып қойдым, – дейди Жаратқан Ийе.
6
– Бул жерде үлкенинен кишкенесине дейин ҳәммеси өледи. Оларды ҳеш ким жерлемейди, олар ушын жоқлаў айтып, өз денелерин тилип, шашларын алдырмайды.
7
Өлиге жоқлаў айтып жылағанларды жубатып, шөрек сындырып беретуғын да, ата-анасын еске алғанда тәселле кесесин усынатуғын да ҳеш ким болмайды.
8
Той болып атырған үйге де кирме, олар менен отырып, ишип-жеме.
9
Себеби Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сизлердиң күнлериңизде, сизлердиң көз алдыңызда бул жердеги қуўаныш ҳәм шадлық даўысын, келин ҳәм күйеўдиң даўысын тыяман.
10
Бул сөзлердиң ҳәммесин халыққа жеткергениңде, олар саған: «Не ушын Жаратқан Ийе бизлерге бул аўыр азаптың барлығын жаўдырмақшы екенин билдирди? Жазығымыз не? Қудайымыз Жаратқан Ийеге қарсы қандай гүна иследик?» – дейди.
11
Сонда сен оларға былай деп жуўап бер: «Ата-бабаларыңыз Мени тәрк етти, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар басқа қудайларға ерди, оларға хызмет етип, табынды. Мени таслап кетти, Нызамыма әмел қылмады.
12
Сизлер болсаңыз, ата-бабаларыңыздан да бетер жаманлық қылдыңыз. Маған қулақ салмай, ҳәр бириңиз қырсықлық пенен жүрегиңиздиң жаманлықларын ислеп атырсыз.
13
Соның ушын Мен сизлерди бул жерден шығарып, өзлериңиз де, ата-бабаларыңыз да билмейтуғын жерге ылақтырып таслайман. Ол жерде күни-түни басқа қудайларға хызмет етесиз. Мен сизлерге реҳим қылмайман».
14
«Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – адамлар енди: „Израил халқын Мысырдан алып шыққан Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, демейтуғын болады.
15
Буның орнына, „Израил халқын арқадан, Өзи қуўып жиберген барлық жерлерден алып шыққан тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен“, дейтуғын болады. Себеби Мен оларды ата-бабаларына берген жерге қайтарып алып келемен.
16
Мине, Мен көп балықшыларды жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе, – балықшылар оларды тутады. Буннан кейин, Мен көп аңшыларды жиберемен. Аңшылар барлық таў, барлық төбешик ҳәм барлық жартаслардың жарықларынан оларды аўлайды.
17
Олардың барлық жоллары Мениң көз алдымда, олар Меннен жасырына алмайды, қылмыслары да нәзеримнен қаша алмайды.
18
Олар жансыз, жеркенишли бутлары менен жеримди ҳарамлады, Мениң мүлкимди жеркенишли мүсинлерге толтырды. Сонлықтан қылмыслары ҳәм гүналары ушын оларға еки есе қылып қайтараман».
19
Жаратқан Ийе, Сен мениң күшим ҳәм қорғанымсаң, Апатшылық күни панамсаң! Дүньяның төрт тәрепинен миллетлер, Сениң алдыңа келип былай дейди: «Бизлердиң ата-бабаларымыз тек жалған қудайларды, Пайдасыз, жарамсыз бутларды мийрасқа алды.
20
Адам өзине қудайларды соға ала ма? Ақыры, булар Қудай емес-ғо!»
21
«Солай екен, бул рет Мен оларға сабақ берейин, Күшимди ҳәм қүдиретимди көрсетип қояйын. Сонда олар Мениң атымның Жаратқан Ийе екенин билип алады».
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52