bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Jeremiah 51
Jeremiah 51
Karakalpak 2022
← Chapter 50
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 52 →
1
Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Бабилон ҳәм Леб-Қамай турғынларын, Набыт қылатуғын даўыл турғызаман.
2
Бабилонға жат жерлилерди жиберемен. Оны бийдайдай суўырып, елин босатып таслайды. Апатшылық күни оған жән-жақтан ҳүжим қылады.
3
Сарыжайшылардың сарыжайын тартыўына, Саўытларын кийип таяр турыўына жол қоймаң. Бабилонның жасларын аямаң, Оның ләшкерлерин толық қырып таслаң.
4
Қаза тапқанлар калдейлердиң елинде, Өлтирилгенлер көшелерде жатады».
5
Израил ҳәм Яҳуда ели, Израилдың Мухаддеси алдында, Гүнаға батқан болса да, Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси, Оларды тәрк етпеди.
6
Бабилонлылар арасынан қашың, Ҳәр ким өз жанын қутқарсын. Оның қылмысы себепли набыт болмаң. Себеби Жаратқан Ийе Бабилоннан өш алмақта, Қылмысына жараса жаза бермекте.
7
Бабилон Жаратқан Ийениң қолында, Пүткил дүньяны мәс қылған, Алтын кесе сыяқлы еди. Миллетлер оның шарабынан ишип, Ақылынан азды.
8
Бабилон қулап, шыл-пәрше болды. Ол ушын жылаң, Жарасына мәлҳәм жағың, Бәлким, жазылып қалар!
9
Биз Бабилонға шыпа бермекши болдық, Ол шыпа таппады. Оны таслап, ҳәмме өз ўатанымызға кетейик. Оған шығарылған ҳүким көклерге жетти, Бултларға дейин көтерилди.
10
Жаратқан Ийе бизди ақлады, Барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң ислерин, Сионда жәрия қылайық.
11
Оқларды ушқырлап, оқ қалталарды толтырың. Жаратқан Ийе Мидия патшаларының руўхын қозғады. Нийети Бабилонды жоқ қылыў еди. Усылай, Жаратқан Ийе Өзиниң өшин, Ибадатханасының өшин алады.
12
Бабилон дийўалларына қарсы байрақ көтериң, Бақлаўшыларды күшейтиң, гүзетшилер қойың, Буққыларды таярлаң. Жаратқан Ийе мақсетлерин әмелге асырады, Бабилон турғынларына айтқанларын орынлайды.
13
Мол суўлар бойында, Бай ғәзийнеге ийе болған халық! Сениң ақырың жетти, Әжелиң келди.
14
Әлемниң Жаратқан Ийеси Өзи ҳақы ант ишти: «Сени топ-топ шегирткедей болған, Әскерлерге толтыраман. Олар жеңис даўрығын салады».
15
Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты, Даналығы менен дүньяны қурды, Ақылы менен көклерди жайды.
16
Ол гүркирегенде көктеги суўлар шуўылдайды, Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди, Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
17
Ҳәмме адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады. Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
18
Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
19
Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил урыўы – Оның мийрасы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
20
«Бабилон, сен Мениң шоқмарым едиң, Сен арқалы миллетлерди қырып, Патшалықларды ўайран қылдым.
21
Сен арқалы атлар менен ондағы шабандозларды, Саўаш арбалары менен арбакешлерди қырдым.
22
Сен арқалы еркеклер менен ҳаялларды, Ғаррылар менен жасларды, Жигитлер менен қызларды қырдым.
23
Сен арқалы шопанды ҳәм оның сүриўин, Дийханды ҳәм оның жер айдайтуғын өгизин, Ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын қырдым.
24
Бабилонның ҳәм пүткил калдейлердиң, Сионда ислеген барлық жаўызлықларын, Сизлердиң көз алдыңызда өзлерине қайтараман, – дейди Жаратқан Ийе. –
25
Ҳәй, ўайран етиўши таў, Пүткил дүньяны қыйратқан таў! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Қолымды созып, Сени жартастан қулатып, Жанып кеткен таўға айландыраман.
26
Сеннен мүйешке қойылатуғын тас та, Тийкар тас та алынбайды. Мәңгиге қаңырап қаласаң, – дейди Жаратқан Ийе».
27
Сол жерде байрақ көтерип, Миллетлер арасында кәрнай шалың, Миллетлерди Бабилонға қарсы урысқа таярлаң. Арарат, Минний ҳәм Ашкеназ патшалықларын, Бабилонға қарсы топлаң. Оған қарсы сәркәрда тайынлап, Атларды шегирткедей үстине бастырың.
28
Бабилонға қарсы урысыўға миллетлерди, Мидия патшаларын, оның ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын, Олардың қол астындағы барлық еллерди таярлаң.
29
Жер титиреп, қалтырамақта. Өйткени Бабилонды адамсыз шөлге айландырыў ҳаққындағы, Жаратқан Ийениң нийети әмелге аспақта.
30
Бабилон батырлары саўаштан ўаз кешип, Өз қорғанларында отыр. Күши кетип, ҳаялдай болып қалған. Олардың жайлары өртелип, Қапы илгишлери сындырылды.
31
Шабарман изинен шабарман, Хабаршы изинен хабаршы келип, Бабилония патшасына мына хабарды билдирди: «Қала ҳәмме тәрептен басып алынды,
32
Дәрья өткеллери қолға алынды, Қамыслы батпақлар өртелди, Әскерлерди қорқыныш бийледи».
33
Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Орым ўақтында қырман қалай айдалатуғын болса, Қыз Бабилон да солай қылынады. Тез арада сол ўақыт келеди».
34
«Бабилония патшасы Набуходоносор, Мени жалмап, албыратты, Бос ыдысқа айландырып қойды. Айдарҳадай жутып, Қарнын ләззетли затларыма толтырды, Кейин қусып таслады.
35
Бизлерге ҳәм жерлеслеримизге исленген зорлық, Бабилонның басына түссин», – дейди Сион турғынлары. «Төгилген қанымыздың қуны, Калдейлерден талап етилсин», – дейди Ерусалим.
36
Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сениң исиңди жақлап, Сениң ушын өш аламан. Теңизин қурғатып, Суў булақларын қурытаман.
37
Бабилон тас үйиндисине, Сағаллар мәканына айланады. Қорқынышлы ҳәм жанды түршиктиретуғын көриниске айланып, Күлкиге қалады. Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
38
Бабилон халқы арысландай ақырады, Арыслан баласындай қаңсылайды.
39
Сонда, иштейи ашылғанда, Мен оларға зыяпат қурып беремен. Йошланып, мәңгилик уйқыға кетип, Ҳеш ўақыт оянбасын деп, Оларды мәс қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
40
Оларды тоқлы, қошқар ҳәм серке киби, Сойыўға алып бараман.
41
Ўаҳ, Шешах басып алынады! Пүткил дүньяның салтанаты қолға алынады! Ўаҳ, миллетлер арасында Бабилон қорқынышлы көриниске айланады!
42
Бабилонды теңиз қаплап, Туўлаған толқынлары оны бастырады.
43
Оның қалалары қаңырап, Қуў далаға, шөлге айланады, Ҳеш ким жасамайтуғын, Адам баласы ол арқалы өтпейтуғын жер болып қалады.
44
Бабилон қудайы Белди жазалап, Жутқанларын қустыраман. Енди миллетлер оған келмейтуғын болады, Бабилон дийўаллары қулайды.
45
Халқым Мениң! Олардың арасынан шығып, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен, Жаныңызды сақлап қалың.
46
Елде тарқалған мыш-мышлардан, Жүрегиңиз артқа тартып, қорқпасын. Быйыл бир гәп тарқалса, Келеси жылы басқасы тарқалады. Елдеги зорабанлық, Патшалар арасындағы урыс ҳаққында, Мыш-мышлар тарқалады.
47
Сондай күнлер киятыр, Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил үлке уятқа қалып, Өли денелери оның ортасында жайрап жатады.
48
Арқадан жоқ қылыўшы, Бабилонға ҳүжим еткенде, Аспан, жер ҳәм ондағылардың ҳәммеси, Бабилонның жағдайына шадланып, қышқырысады, – дейди Жаратқан Ийе. –
49
Израиллыларды қырғаны, Жер жүзиндеги басқа халықларды да қырғаны ушын, Бабилон қулайды.
50
Қылыштан қутылғанлар иркилмей, кетиң! Узақ жерлерде Жаратқан Ийени еске алың, Ерусалимди жүректе сақлаң.
51
„Бизлер кейис еситкенде, уялдық, Шет еллилер Жаратқан Ийениң Үйиниң, Мухаддес жерлерине киргенде, Жүзи қара болдық!“
52
Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил жер бойлап, Жарадарлардың пәрияды еситиледи.
53
Ҳәтте, Бабилон көклерге көтерилсе де, Бәлент қорғанларын беккем қылса да, Мен оған қырғын келтириўшини жиберемен», – дейди Жаратқан Ийе.
54
Бабилоннан аҳыў-нала сеслери, Калдейлердиң жеринен уллы қырғын сести еситиледи.
55
Жаратқан Ийе Бабилонды опат етип, Уллы шаўқымын басып тындырады. Душпанлары мол суўлардың толқынындай шуўлап, Даўыслары жаңлап турады.
56
Қырғын келтириўши Бабилонға келеди. Әскерлери тутқынға алынып, Оқ жайлары сындырылады. Жаратқан Ийе – өш алыўшы Қудай, Ол исине сай толық қайтарады.
57
«Мен Бабилонның басшыларын, данышпанларын, Ҳүкимдарларын, ҳәмелдарларын ҳәм әскерлерин мәс қыламан. Олар оянбайтуғын мәңгилик уйқыға кетеди», – дейди, Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша.
58
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Бабилонның қалың дийўаллары жер менен жексен болады, Бәлент дәрўазалары жағып жибериледи. Халықлардың мийнети бийҳудаға кетеди, Миллетлердиң мийнети отқа жемтик болады».
59
Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының төртинши жылы, патшаның жол сапарларын уйымластырыўшы ўәзири Махсеяның ақлығы, Нерияның улы Серая Седекия менен бирге Бабилонға кетеринде, пайғамбар Еремия Сераяға усы тапсырманы берди.
60
Еремия Бабилонның басына түсетуғын барлық апатшылықларды, Бабилонға тийисли барлық сөзлерди бир орама қағазға жазып қойған еди.
61
Еремия Сераяға былай деди: – Бабилонға барғаныңда, бул сөзлерди даўыслап оқып бер.
62
Кейин былай деп дуўа ет: «Жаратқан Ийе, бул орынның жоқ етилетуғыны, онда инсан да, ҳайўан да жасамайтуғыны, оның мәңгиге қаңырап жататуғыны туўралы Өзиң айттың».
63
Орама қағазды оқып болып, оған тас байлап, Евфрат дәрьясына атып жибер.
64
Кейин былай деп айт: «Бабилон да усылай суўға шөгеди. Ол Мен жаўдыратуғын апатшылықтан, енди ҳеш қашан аяққа тура алмайды. Оның ҳәмме турғынлары набыт болады». Усының менен, Еремияның сөзи жуўмағына жетеди.
← Chapter 50
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 52 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52