bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 1
Isaiah 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 2 →
1
Яҳуда патшалары Уззия, Иотам, Ахаз ҳәм Хизкия ҳүкимдарлық қылған дәўирде Амос улы Ийшаяның Яҳуда ҳәм Ерусалим туўралы көрген аяны:
2
Ҳәй көклер, тыңлаң! Ҳәй жер, қулақ түр! Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен балаларды тәрбиялап, өсирдим, Бирақ олар Маған қарсы бас көтерди.
3
Мал өз ийесин, Ешек ийеси қойған ақырды таныйды. Бирақ Израил Мени танымайды, Халқым Мени түсинбейди».
4
Ўаҳ, гүналы миллет, Жазығы аўыр халық, Жаўызлық ислеўши әўлад, Бузғын балалар, ҳәсирет шегесизлер! Сизлер Жаратқан Ийени тәрк еттиңиз, Израилдың Мухаддесин менсинбедиңиз, Оған арқаңызды қараттыңыз.
5
Не ушын сизлер еле жазалана бересиз? Неге бас көтериўди даўам ете бересиз? Басыңыз пүткиллей жараланған, Жүрегиңиз толық ҳәлсиреген.
6
Аяғыңыздың ушынан басыңызға шекем саў жериңиз жоқ, Тек жарақатлар, кесиклер, ашық жаралар. Жуўылмаған, байланбаған, май жағылмаған.
7
Елиңиз ўайран болған, Қалаңыз жанып күл болған. Жат жерлилер көз алдыңызда жериңизди талан-тараж етеди, Ўайран етип, оны қарабақанаға айландырады.
8
Қыз Сион жалғызланып, жүзим бағындағы саяман, Палыз атызындағы шертек, Қамалдағы қала сыяқлы болып қалады.
9
Егер Әлемниң Жаратқан Ийеси, Бизлер ушын бир қанша адамды аман қалдырмағанда, Бизлер Содомдай болар, Гомораға мегзер едик.
10
Ҳәй, Содом басшылары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Ҳәй, Гомора халқы, Қудайымыздың Нызамына қулақ салың!
11
«Қурбанлықларыңыздың көп болғанынан Маған не пайда?! – дейди Жаратқан Ийе. – Жандырылатуғын қурбанлыққа берген қошқарларыңызға, Семиртилген малларыңыздың майларына әбден тойдым. Буға, тоқлы ҳәм ешкилердиң қанынан ләззет алмайман.
12
Алдыма хызмет етиў ушын келгениңизде, Ким сизлерден булардың ҳәммесин алып келиўди сорады? Мениң ҳәўлимди басқыламаң,
13
Буннан былай мәниссиз садақаларыңызды усынбаң! Хош ийисли түтеткилериңиз де Маған жеркенишли. Жаңа ай байрамларыңыздағы, Шаббат күнлериңиздеги, Басқа да жыйналысларыңыздағы жаўызлықларға тақатым жоқ.
14
Жаңа ай байрамыңызды ҳәм белгиленген байрам күнлериңизди, Жаным жек көреди. Олар Мен ушын жүк болды, Оларды көтерип жүриўден шаршадым.
15
Сизлер қол жайып, Маған жалбарынғаныңызда, Көзимди сизлерден жасыраман, Қаншама көп дуўа етсеңиз де, Мен тыңламайман. Қолларыңыз қанға батқан.
16
Жуўының, тазаланың, Ислеген жаўыз ислериңизди көзимнен жоқ қылың, Жаманлық қылыўды тоқтатып,
17
Жақсылық ислеўди үйрениң! Әдалатлықты излең, Езиўшини жолға салың, Жетимди қорғаң, Жесирди жақлаң.
18
Келиңлер, мәселени бирге талқылайық! – дейди Жаратқан Ийе. – Гүналарыңыз қып-қызыл болса да, Олар қардай аппақ болады. Олар шым қызыл болса да, Ақ жүндей болады.
19
Егер бойсынып, тыңласаңыз, Жер өндирген жақсы нәрселерди жейсиз.
20
Ал егер қасарысып, бас көтерсеңиз, Сизлерди қылыш жалмайды». Булар Жаратқан Ийениң аўзынан шыққан сөзлер.
21
Ерусалим! Қалайынша садық қала бузық ҳаялға айланды? Ол әдалатқа толы еди, Онда әдиллик мәкан басқан еди, Енди болса, қанхорларға толған!
22
Гүмистей едиң ғаўажаққа айландың, Жақсы шараптай едиң енди суў араласты.
23
Ҳүкимдарларың қулақсызлық етти, Урыларға шерик болды. Олардың ҳәммеси параны жақсы көреди, Саўға дәме етеди. Олар жетимлерди қорғамайды, Жесирлердиң арзын тыңламайды.
24
Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Израилдың Күшли Қудайы былай дейди: «Душпанларыма ғәзебимди төгип, Жаўларымнан өшимди аламан!
25
Қолымды саған қарсы көтерип, Ғаўажағыңды силти менен тазартаман, Барлық қосымталарды сеннен алып таслайман.
26
Бурынғыдай, бийлериңди қайта тиклеп, Басында болғанындай, мәсләҳәтшилериңди қайта қояман. Сонда сени „Әдиллик қаласы, Садық пайтахт“ деп атайды.
27
Сион әдалатлық пенен, Тәўбе қылған турғынлары әдиллик пенен қутқарылады.
28
Бирақ өшегискенлери менен гүнакарлары бирге қырып тасланып, Жаратқан Ийени тәрк еткенлер жоқ қылынады.
29
Заўықланып сыйынған кийели теребинф ағашларыңыз ушын уятқа қалып, Сыйыныў ушын өзлериңиз сайлап алған бағларыңыз ушын шерменде боласыз.
30
Сизлер жапырағы төгилген теребинф ағашына, Суўсыз қалған бағқа уқсайсыз.
31
Күшлилер қаўыққа, Олардың ислери ушқынға айланады. Күшлилер ислери менен бирге жанады, Бул отты ҳеш ким өширмейди».
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66