bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 60
Isaiah 60
Karakalpak 2022
← Chapter 59
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 61 →
1
«Тур, жарқыра, сениң нурың келди, Жаратқан Ийениң салтанаты үстиңе шашылды.
2
Мине, жер жүзин қараңғылық, Халықларды тас түнек қаплады. Бирақ сениң үстиңде Жаратқан Ийе жарқырап, Оның уллылығы көринеди.
3
Миллетлер сениң нурыңа, Патшалар таң нурыңның шуғласына келеди.
4
Басыңды көтерип, айланаға қара, Ҳәммеси жыйналып, саған киятыр. Улларың узақлардан келеди, Қызларыңды қолларында көтерип әкеледи.
5
Сонда оларды көрип, жүзиң жарқырап, Шадлықтан жүрегиң ҳәўлиреди. Себеби теңиз арқалы келетуғын байлықлар саған несип етип, Халықлардың байлықлары саған келеди.
6
Түйе кәрўаны жериңди қаплап кетип, Мидян ҳәм Эфадан келген жас түйелер кәрўанына толасаң. Олардың ҳәммеси Шебадан келеди, Алтын ҳәм хош ийисли затлар алып келип, Жаратқан Ийеге алғыслар айтады.
7
Кедардың барлық сүриўлери сенде жыйналады, Небайоттың қошқарлары саған хызмет етип, Олар қурбанлық орнымда қурбанлыққа қабыл етиледи, Мен салтанатлы Үйимди даңққа бөлеймен.
8
Бултқа уқсап, уясына киятырған кептерге уқсап, Ушып киятырған мыналар кимлер?
9
Атаўлар мени күтеди. Қудайың Жаратқан Ийе, Израилдың Мухаддеси ҳүрмети, Үлкен саўда кемелери бириншилерден болып, Улларыңды алыслардан, Гүмис ҳәм алтыны менен бирге алып келеди. Себеби Жаратқан Ийе сени даңққа бөледи.
10
Жат жерлилер дийўалларыңды қурады, Патшалары саған хызмет етеди. Ғәзепленгенимде, сени жазалаған болсам да, Мийримим түскенде, реҳим етемен.
11
Дәрўазаларың мудамы ашық болып, Олар күни-түни жабылмайды. Миллетлер өз патшалары менен сүргин қылынып, Байлықларын саған алып келе береди.
12
Саған хызмет етпеген миллет ҳәм патшалық жоқ болады, Бундай халықлар пүткиллей ўайран қылынады.
13
Мухаддес Үйимди безеў ушын, Лебанонның сәнли ағашлары: Сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашлары саған алып келинеди. Мен аяқ басқан жеримди салтанатлы қыламан.
14
Саған жәбир қылғанлардың балалары келип, Саған тәжим етеди. Сени кемситкенлердиң ҳәммеси аяғыңа жығылады. Сени Жаратқан Ийениң қаласы, Израилдың Мухаддесиниң Сионы деп атайды.
15
Тәрк етилип, жек көринишли болдың, Сен арқалы ҳеш ким өтпеди. Бирақ Мен сени мәңгиге уллы қылып, Әўладтан-әўладқа шадлыққа бөлеймен.
16
Миллетлер сени ана киби емизер, Патшалар саған көкирек сүтин берер. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе – Қутқарыўшың, Әмеңгериң, Яқыптың Күшли Қудайы екенимди билесең.
17
Саған қола орнына алтын, Темир орнына гүмис, Ағаш орнына қола, Тас орнына темир беремен. Парахатшылықты ҳәкимиң, Әдилликти ҳүкимдарың қыламан.
18
Жериңде буннан былай зорлық-зомбылық, Шегараң ишинде қырғын ҳәм ўайраншылық еситилмейди. Дийўалларыңды „Қутқарылыў“, Дәрўазаларыңды „Алғыс“ деп атайсаң.
19
Саған күндиз қуяш нуры, Түнде ай сәўлеси ҳәжет болмайды. Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болады, Қудайың сениң уллылығың болады.
20
Буннан былай, қуяшың батпас, Айыңның да сәўлеси өшпес. Өйткени Жаратқан Ийе сениң мәңги нурың болады, Қайғылы күнлериң тамам болады.
21
Пүткил халқың әдил болып, Жерди мәңги ийелейди. Уллылығымды аян қылыў ушын, Мен оларды ектим, олар Мениң қолларымның иси.
22
Олардың ең азы – мың адамға, Ең кишкенеси – күшли миллетке айланады. Мен – Жаратқан Ийемен. Өз ўақтында, буны тез әмелге асыраман».
← Chapter 59
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 61 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66