bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 16
Isaiah 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 17 →
1
Шөл жолы арқалы Селадан, Қыз Сионның таўына, Елдиң ҳүкимдарларына, Қозыларды сыйға жибериң.
2
Моаб ҳаяллары уяларынан ылақтырып тасланған, Қалтырап қанат қаққан қуслардай, Арнон сайының өткелинде жүреди.
3
Олар Яҳуда халқына былай дейди: «Бизге кеңес бер, қарар қабыл ет, Күн ортасындағы саяңды, Түн сыяқлы бизге түсир. Қуўылғанларды жасыр, Қашақларды қолға берме.
4
Моабтан қуўылғанлар, Мәкан бассын араңызда, Қырғын қылыўшылардан, Жасырынатуғын пана бол!» Езиўшилер жоқ болғанда, Ўайраншылық тоқтап, Таланшылар елден ғайып болар.
5
Тахт сүйиспеншилик пенен орнатылар, Онда садықлық пенен отырар ҳүкимдар, Ол Даўыттың хожалығынан келип шығар, Әдалатлықты излер, әдилликти жүзеге асырыўға асығар.
6
Моабтың тәкаббирлиги, Аса менменлиги, даңқпаразлығы, Көкиреклиги ҳәм сурбетлиги ҳаққында еситтик. Бирақ олар босқа мақтанады.
7
Соның ушын моаблылар зар жыласын, Ҳәммеси бирге Моаб ушын нала шексин. Кир-Харесеттиң кишмишлерин қумартып, Қайғырып, жоқлаў айтың.
8
Хешбонның егин майданлары, Сибманың жүзимзарлары қурып қалды, Миллетлердиң көсемлери, Жақсы жүзим ағашлары басқыланды, Бул ағашлар Язерге жетип, Шөлге дейин жайылды. Шақалары узайып, Теңизден де асқан еди.
9
Сонлықтан Сибманың жүзимзарлары ушын, Язер жылағандай, мен де жылайман. Хешбон ҳәм Элале! Сизлерди көз жасым менен суўғараман. Себеби мийўе пискен ўақыттағы, Дән орағы ўақтындағы ойын-күлкиңиз тоқтады.
10
Шадлық ҳәм қуўаныш бағларды тәрк етти, Жүзимзарларда ҳеш ким шадланып бақырмайды, қышқырмайды да, Жүзим сығылатуғын шуқырларда жүзим сығылмайды, Қуўанышлы шаўқымларға шек қойдым.
11
Жүрегим Моаб ушын, Жаным Кир-Херес ушын лира сыяқлы нала шегеди.
12
Егер Моаб өзлериниң сыйыныў орнында пайда болып, Өзлерин талықтырса да, Олар дуўа етиў ушын өзлериниң мухаддес орынларына келсе де, Бул ҳеш қандай пайда бермейди.
13
Бул Жаратқан Ийениң Моаб ҳаққында әлле қашан айтқан сөзи еди.
14
Бирақ енди Жаратқан Ийе былай дейди: «Жалланған исшиниң мүддети киби, үш жылдан кейин, Моабтың салтанатының ҳәм көп санлы халқының абырайы төгиледи. Халқының аман қалғанлары жүдә аз ҳәм ҳәлсиз болады».
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66