bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 19
Isaiah 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 20 →
1
Мысыр туўралы пайғамбаршылық сөз: Мине, Жаратқан Ийе ушқыр бултқа минип алып, Мысырға келеди. Оның алдында Мысыр бутлары титирейди, Мысырлылардың руўхлары түсип кетеди.
2
«Мен мысырлыны мысырлыға қарсы көтеремен, Туўысқан туўысқанға, қоңсы қоңсыға, қала қалаға, Патшалық патшалыққа қарсы урысады.
3
Мысырлылардың руўхы түседи, Нийетлерин пушқа шығараман. Олар бутларынан, өли руўхларынан, Әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан мәсләҳәт сорайды.
4
Мен мысырлыларды залым хожайынлардың қолына беремен, Олардың үстинен реҳимсиз патша ҳүким сүреди», – дейди Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси.
5
Нилдиң суўы қурып, Тармақлары тартылып, қурғап қалар.
6
Оның каналлары патасланар. Мысырдағы Нилдиң тармақлары қурып, кеўип қалар, Жекенлер ҳәм қамыслар ширип кетер.
7
Нилдиң жағасындағы басқа өсимликлер, Нил дөгерегиндеги атызлардағы егинлер қуўрап, Самал менен ушып, жоқ болар.
8
Балықшылар дад салып, зар жылар, Нилге қармақ салып, күн көрип отырғанлар, Суўға аў таслағанлар түскинликке түсер.
9
Зығырдың қабығына ислеў бериўшилер, Жақсы зығыр таўар тоқыўшылар уятқа қалар.
10
Кийим тоқыўшылар қайғыға батып, Жалланба жумысшылар түскинликке түсер.
11
Соанның хызметкерлери қандай ақылсыз? Фараонның дана кеңесшилери ақмақ кеңес береди. Сизлер қалайынша фараонға: «Мен данышпанның улыман, Әййемги патшалар нәсилиненмен», – дей аласыз.
12
Ҳәй фараон, қәне сол дана адамларың? Әлемниң Жаратқан Ийеси Мысырға қарсы нени мақсет қылғанын, Олар саған айтып берсин, билдирсин.
13
Соанның хызметкерлери ақылдан адасты! Ноф ҳүкимдарлары алданды! Мысырды өз урыў басшылары жолдан адастырды.
14
Жаратқан Ийе оларға ақылынан адастырыў руўхын жиберди, Өз қусығына тайып жығылған мәскүнем қандай болса, Олар да Мысырды ҳәмме исинде адастырды.
15
Бас та, қуйрық та, пальма шақасы да, қамыс та, Мысыр ушын ҳеш нәрсе қыла алмады.
16
Сол күни мысырлылар ҳаял адамға уқсап қалып, Әлемниң Жаратқан Ийеси өзлерине қарсы қол көтермей атырып, қорқып, титиреседи.
17
Яҳуда ели мысырлыларға қәўип туўдырады. Яҳуданың аты аталғанда, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Мысырға қарсы шығарған қарарынан ҳәр бир мысырлы қорқатуғын болады.
18
Сол күни Мысырда бес қала қанан тилинде сөйлеп, Әлемниң Жаратқан Ийесине садық болыўға ант ишеди. Олардың бири Қуяш қаласы деп аталады.
19
Сол күни Мысырдың ортасына Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурылып, елдиң шегарасына Оған арналған естелик тас қойылады.
20
Бул Әлемниң Жаратқан Ийеси ушын Мысырда бир белги ҳәм гүўалық болады. Олар езиўшилер себепли Жаратқан Ийеге жалбарынғанда, Жаратқан Ийе мысырлыларға қутқарыўшы жиберип, ғамхорлық қылады ҳәм азат етеди.
21
Жаратқан Ийе Өзин мысырлыларға танытады ҳәм сол күни мысырлылар Жаратқан Ийени таныйды. Олар қурбанлықлар ҳәм ғәлле садақалары менен Жаратқан Ийеге сыйынады, Оған ўәделер берип, оларды орынлайды.
22
Жаратқан Ийе Мысырды жазалайды ҳәм жазалағаннан кейин Өзи оларға шыпа береди. Мысырлылар Жаратқан Ийеге жүз бурады, Жаратқан Ийе де олардың жалбарыныўларына қулақ салып, оларға шыпа береди.
23
Сол күни Мысырдан Ассирияға кең жол ашылады. Ассириялылар Мысырға, мысырлылар Ассирияға барады. Мысырлылар ассириялылар менен бирге сыйынады.
24
Сол күни Израил Мысыр менен Ассирия қасындағы үшинши ел болып, олар арқалы дүнья жарылқанады.
25
Әлемниң Жаратқан Ийеси: «Халқым Мысыр, Өз қолымның иси болған Ассирия ҳәм мийрасым Израил жарылқансын», – деп оларға ақ пәтиясын береди.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66