bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 10
Isaiah 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 11 →
1
Әдалатсыз қағыйдалар шығарып, Жәбирлеўши пәрманлар жазғанлар, ҳәсирет шегесизлер!
2
Сизлер жарлыларды ҳуқықынан айырып, Халқымның ҳәлсизлерин әдалаттан маҳрум етесиз, Жесирлерди тонап, Жетимлерди олжаға айландырасыз.
3
Сизлер жаза күни, Узақтан апат келгенде не қыласыз? Жәрдем сорап кимге жуўырасыз? Байлығыңызды қаяққа қалдырасыз?
4
Тутқынлар арасында дизе бүгиўден, Ямаса саўашта өлип кетиўден басқа шараңыз жоқ. Бәри бир, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы көтерилиўин даўам етер.
5
«Ашыўымның таяғы болған Ассирия, ҳәсирет шегеди! Қолындағы таяғы – Мениң ғәзебим.
6
Оны қудайсыз халыққа, Ғәзебим келген халыққа қарсы жиберемен. Оны талан-тараж қылып, олжалаўды, Көшедеги ылай сыяқлы, аяқ асты қылыўды буйыраман.
7
Бирақ Ассирия патшасы булай нийет етип, Булай ойламайды да. Оның ойы көплеген миллетлерди қырып, жоқ қылыў.
8
Ол былай дейди: „Мениң ләшкербасыларымның ҳәммеси патшалар емес пе?
9
Кално қаласы Каркемиш сыяқлы, Хамат қаласы Арпад сыяқлы, Самария Дамаск сыяқлы жоқ болған емес пе?
10
Бутлары Ерусалим менен Самарияникинен де үлкен болған, Бутқа исениўши патшалықларға қолым жетти.
11
Самария ҳәм оның бутларына ислегенимди, Ерусалим ҳәм оның бутларына да ислемеймен бе?“»
12
Ийемиз Сион таўына ҳәм Ерусалимге қарсы барлық ислерин тамамлап болып, былай дейди: «Ассирия патшасын мақтанып көкирек көтергени ҳәм тәкаббир нәзер таслап жүргени ушын жазалайман.
13
Себеби Ассирия патшасы былай дейди: „Буны өз қолларымның күши менен, Өз даналығым менен иследим. Өйткени мен ақыллыман. Мен халықлардың шегараларын алып таслап, Ғәзийнелерин таладым, Қүдиретли биреўдей, олардың патшаларын тахттан қулаттым.
14
Уя тапқан сыяқлы, Миллетлердиң байлығын таптым, Қараўсыз қалдырылған мәйеклерди жыйнағандай, Пүткил дүньяны жыйнадым. Қанат қағып, аўзын ашып, Айбат еткен болмады“».
15
Балта өзи менен шаўып атырғанға мақтана ма? Ямаса жарғы өзи менен кесип атырғанға өзин мақтай ма? Таяқ өзин услап турғанды көтере ала ма? Ямаса ағаштан болмаған тири жанды шоқмар көтерип силке ала ма?
16
Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ассирияның мықлы жаўынгерлерине, Жүдететуғын кеселлик жибереди. Оның салтанаты астында алысып атырған өрт киби, Жалын тутанады.
17
Израилдың нуры отқа, Оның Мухаддеси жалынға айланып, Ассирияның тикензар ҳәм жантақларын, Бир күнде жандырып, жалмап жибереди.
18
Оның саўлатлы тоғайлары менен өнимдар жерлерин, Пүткиллей жоқ қылады Жаратқан Ийе, Жаны да, тәни де набыт болады, Аўыр дәртке жолыққан адам киби.
19
Тоғайдағы тереклердиң аз қалғаны соншелли, Ҳәтте, жас балалар да оларды санап, жаза алады.
20
Сол күни Израилдың қалғанлары, Яқыптың урпағының аман қутылғанлары, Буннан былай өзлерин жазалағанларға арқа сүйемей, Садықлық пенен Жаратқан Ийеге, Израилдың Мухаддесине арқа сүйейди.
21
Аман қалғанлар, Яқыптың урпағының аман қалғанлары, Күшли Қудайға қайтып келеди.
22
Израил, сениң халқың теңиздиң қумындай көп санлы болған болса да, Тек олардан аман қалғанлары ғана қайтады. Жоқ қылыныў қарар етилген, Ол әдиллик пенен иске асырылады.
23
Қарар қылынғанындай, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Пүткил жер жүзинде жоқ қылыныўды әмелге асырады.
24
Сонлықтан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ҳәй, Сионда жасап атырған халқым! Мысырлылардың ислегени сыяқлы, Ассириялылар сизлерге шоқмар көтерип, Таяқ пенен урғанда, олардан қорқпаңлар.
25
Көп өтпей, Мениң сизлерге деген ғәзебим басылып, Қәҳәрим ассириялыларды жоқ қылыўға қарай дөнеди.
26
Мен, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Мидянларды Ореб жартасында қырғаным сыяқлы, Оларға қарсы қамшымды көтеремен. Мысырда қылғаным сыяқлы, Ҳасамды суўлар үстине созаман.
27
Сол күни ассириялылардың жүги еңсеңизден түсип, Мойынтырығы мойныңыздан алып тасланады. Күшке толғаныңыз себепли, мойынтырық сындырылады».
28
Ассириялылар Айят қаласына жүрис қылды, Мигронды кесип өтип, Жүклерин Михмаста қалдырды.
29
Қыйын жолдан асып өтип, Гебада түнеди, Рама қаласы ләрзеге келди, Гибада жасайтуғын Шаулдың халқы қашып кетти.
30
Пәрияд қыл, ҳәй, Галлим қызы! Қулақ түр, ҳәй, Лайша! Жуўап бер, ҳәй, Анатот!
31
Мадмена халқы қашып кетти, Гебим турғынлары пана излеп, ушты.
32
Бул күни душпанлар Нобта тоқтайды, Қыз Сионның таўына, Ерусалимниң төбешигине муш көтереди.
33
Мине, Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Қорқынышлы күши менен шақаларды кесип, Саўлатлы ағашларды шаўып таслайды, Бийик тереклер созылып жерге қулайды.
34
Тоғайдағы қалың жерлерди Ол балта менен шаўып таслайды, Лебанонның қалың тоғайлары да қулайды.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66