bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 2
Isaiah 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 3 →
1
Амос улы Ийшаяға Яҳуда ҳәм Ерусалим ҳаққында аян арқалы билдирилген сөз мынаў:
2
Ақырғы күнлер келгенде, Жаратқан Ийениң Үйи қурылған таў, Барлық таўлардан жоқары болып, Ҳәмме төбешиклерден мәртебели болады. Пүткил миллетлер оған қарай ағылады.
3
Көплеген халықлар келип, былай дейди: «Жүриңлер, Жаратқан Ийениң таўына, Яқыптың Қудайының Үйине көтерилейик. Ол бизлерге Өз жолларын үйретсин, Бизлер де Оның соқпақларынан жүрейик». Өйткени Нызам Сионнан, Жаратқан Ийениң сөзи Ерусалимнен шығады.
4
Жаратқан Ийе миллетлер арасында қазылық етип, Көплеген халықлардың арызын шешеди. Енди олар қылышларынан пазна, Найзаларынан орақ соғады. Миллет миллетке қарсы қылыш көтермейди, Артық урысыўды да үйренбейди.
5
Яқыптың урпақлары, Келиң, Жаратқан Ийениң нурында жүрейик!
6
Сен Өз халқыңды, Яқыптың урпақларын тәрк еттиң, Өйткени олардың иши шығыстың үрп-әдетлерине толы. Олар филистлер киби пал ашады, Жат еллилер менен қол қысысады.
7
Жери болса, гүмис ҳәм алтынға толы, Ғәзийнесиниң есап-саны жоқ. Ели атларға толы, Арбаларының есап-саны жоқ.
8
Олардың жери жалған қудайларға толы, Олар өз қолларының исине, Бармақлары менен соққан нәрсеге тәжим етеди.
9
Инсан аяқ асты болды, Ҳәр бири диз шөкти, Қудай, оларды кеширме!
10
Жаратқан Ийениң қорқынышлы қәҳәринен, Оның салтанатының уллылығынан, Жартасларға кирип алың, Топырақ астына жасырының.
11
Адамның менмен нәзери төмен қаратылып, Тәкаббирлиги жерге урылады. Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
12
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң бир күни бар, Сол күни Ол барлық менменлерге, Тәкаббирлерге ҳәм барлық мақтаншақларға қарсы шығып, Оларды жерге урады.
13
Лебанонның барлық бийик ҳәм асқынлаған кедр ағашларына, Башанның барлық еменлерине,
14
Барлық бийик таўларға, Барлық бәлент төбешиклерге,
15
Ҳәр бир бийик минараға, Ҳәр бир беккем дийўалға,
16
Барлық үлкен саўда кемелерине, Барлық әжайыбатларға қарсы турылады.
17
Адамзаттың менменлиги қулатылып, Инсан мақтанышы жерге урылады. Тек жалғыз Жаратқан Ийе сол күни жоқарылатылады.
18
Жалған қудайлар биротала жоқ болады.
19
Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда, Оның қорқынышлы қәҳәринен, Салтанатының уллылығынан, Адамлар жартаслардың жарықларына, Жердиң тесиклерине кирип кетеди.
20
Сол күни адамлар өзлери сыйыныў ушын, Гүмис ҳәм алтыннан ислеген жалған қудайларын, Гөртышқан ҳәм жарғанатларға таслайды.
21
Жаратқан Ийе жерди ләрзеге келтириў ушын турғанда, Оның қорқынышлы қәҳәринен, Салтанатының уллылығынан қашып, Жартаслардың жарықларына, Таўлардың тесиклерине кириў ушын солай ислейди.
22
Деми мурнында болған адамзаттан үмит етиўди тоқтатың! Ол ким болыпты?
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66