bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 9
Isaiah 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 10 →
1
Деген менен, қайғы ишиндегилер қойыў қараңғылықта болмайды. Бурын Ийемиз Зебулон жери менен Нафталий жерин масқара қылған еди, ал келешекте Иорданның арғы жағасындағы теңизге баратуғын жолдағы басқа миллетлер жасайтуғын Галиланы даңққа бөлейди.
2
Түнекте жүрген бул халық, Уллы нурды көрди, Терең қараңғылық елинде жасағанлардың, Үстине нур шашылды.
3
Жаратқан Ийе, Сен миллетлерди көбейттиң, Олардың қуўанышын арттырдың. Олар жыйын-терим ўақтында қуўанғандай, Олжа бөлисип атырғанда шадланғандай, Сениң алдыңда қуўанышқа бөленеди.
4
Мидянларды жеңген күндеги сыяқлы, Сен олардың аўыр мойынтырығын, Жаўырынына тийетуғын жуўан таяқты, Езиўшилердиң қолындағы қамшыны сындырдың.
5
Әскерлердиң саўашта кийген етиклери, Қанға былғанған барлық кийимлери, Жағып жиберилип, отқа жем болады.
6
Себеби бизлер ушын бир нәресте туўылды, Бир ул инам етилди! Ҳүкимдарлық оның желкесине жүкленеди, Оның аты: Әжайып Мәсләҳәтши, Күшли Қудай, Мәңгилик Әке, Парахатшылық Көсеми болады.
7
Оның ҳүкимдарлығы тынымсыз өсип, Тынышлық шексиз ҳүким сүреди. Ол Даўыттың тахтына отырып, Оның патшалығында ҳүкимдарлық етеди. Ҳәзирден баслап мәңгиге, Әдалатлық ҳәм туўрылық пенен, Патшалықты тастыйықлап, беккемлейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси жан күйдирип, Буны иске асырады.
8
Ийемиз Яқыпқа қарсы сөз жиберди, Ол Израилға келип түсти.
9
Пүткил халық – Эфрайым ҳәм Самария турғынлары буны билди. Бирақ олар менменлик ҳәм тәкаббирлик пенен былай дейди:
10
«Гербиш пенен салынған үйлер қулады, Орнына жонылған таслардан үй қурамыз, Жабайы әнжир ағашлары кесип тасланды, Орнына кедр ағашларын тигемиз».
11
Солай етип, Жаратқан Ийе Ресинниң душпанларын, Оларға қарсы қозғап, Душпанларды ҳәрекетке келтирди.
12
Шығыстан арамлар, батыстан филистлер, Аўзын ашып, Израилды жутып жиберди. Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы көтерилиўин даўам етер.
13
Халық өзлерин жазалағанға жүз бурмады, Әлемниң Жаратқан Ийесин излемеди.
14
Сонлықтан Жаратқан Ийе Израилдың басын да, қуйрығын да, Пальма ағашларының шақаларын да, қамысын да, Бир күнде кесип таслайды.
15
Ақсақаллар ҳәм абырайлы адамлар – бул бас, Жалған пайғамбарлар – бул қуйрық.
16
Жол көрсеткенлер бул халықты адастырды, Оларға ергенлер басы берик көшеге кирип қалды.
17
Сонлықтан Ийемиз олардың жаслары ушын қуўанбас, Жетим ҳәм жесирине жаны ашымас. Себеби ҳәр бири қудайсыз ҳәм жаўыз, Ҳәммесиниң аўзынан ақмақ сөз шығар. Бирақ, сонда да, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы көтерилиўин даўам етер.
18
Жаўызлық от киби жанып, Тикен ҳәм жантақларды жалмап жиберер, Тоғайдағы қалың ағашларды от алып, Түтин сүтин болып әласпанға көтерилер.
19
Әлемниң Жаратқан Ийесиниң ғәзебинен жер жанар, Адамлар от ушын отын болып, Ҳеш ким туўысқанын аямас.
20
Олар оң тәрептен тутып жер, бирақ ашлығы басылмас, Шеп тәрептен алып жер, бирақ қарны тоймас. Ҳәр ким өз жақынының етин жер.
21
Менашше Эфрайымның, Эфрайым Менашшениң етин жер, Кейин екеўи биригип, Яҳудаға ҳүжим етер. Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы көтерилиўин даўам етер.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66