bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 36
Isaiah 36
Karakalpak 2022
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 37 →
1
Хизкияның патшалығының он төртинши жылында, Ассирия патшасы Санхериб Яҳуданың барлық қорғанлы қалаларына ҳүжим жасап, оларды басып алды.
2
Соңынан Ассирия патшасы бас ўәзирин үлкен армия менен Лахиштен Ерусалимге, патша Хизкияға жиберди. Ол келип, кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳәўизге суў қуйылатуғын жерде тоқтады.
3
Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах оны қарсы алыўға шықты.
4
Сонда Ассирия патшасының бас ўәзири оларға былай деди: – Уллы патша, Ассирия патшасының мына сөзлерин Хизкияға жеткизиң: «Неңе үмит артып турсаң?
5
Урыс ушын жоба ҳәм күш бар деп айтасаң, бирақ сен тек бос сөзлерди айтып турсаң. Сен кимге сүйенип, маған қарсы бас көтерип турсаң?
6
Мине, сен өзине сүйенгенниң алақанын тесетуғын сынық қамыс ҳасаға уқсаған Мысырға сүйенип турсаң. Мысыр патшасы фараон өзине исенгенлердиң ҳәммесине усындай.
7
Бәлким маған: „Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге үмит байлаймыз“, – дерсизлер. Яҳуда ҳәм Ерусалим халқына: „Тек мына қурбанлық орында сыйыныңлар“, – деп сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын жоқ қылған Хизкия емес пе еди?»
8
Енди сен, мениң мырзам Ассирия патшасы менен маўасаға кел. Егер мен саған еки мың бас ат берсем, оларға минетуғын сонша адам таба алар ма едиң?
9
Солай екен, мырзамның ең ҳәлсиз әскербасысын да жеңе алмайсаң-ғо. Ямаса Мысырдың саўаш арбалары менен атлыларына исенип турсаң ба?
10
Қала берсе, мен бул жерди ўайран етиў ушын Жаратқан Ийениң еркисиз келдим бе? Жаратқан Ийе маған: «Сол үлкеге ҳүжим қылып, оны ўайран ет», – деди.
11
Хилкия улы Эляким, Шебна ҳәм Иоах бас ўәзирге былай деп жуўап берди: – Бул қулларыңыз бенен арамейше сөйлесе бериң, түсинемиз. Дийўал үстиндеги халыққа еситтирип, бизлер менен еврей тилинде сөйлеспең.
12
Бас ўәзир оларға: – Мырзам мени бул сөзлерди тек мырзаңа ҳәм саған айтыў ушын емес, ал сизлер менен бирге өз дәретин жеп, сидигин ишиўге дуўшар болатуғын дийўал үстинде отырған адамларға да жеткериў ушын жиберди, – деди.
13
Соңынан бас ўәзир орнынан турып, еврей тилинде былай деп бақырды: – Уллы патшаның, Ассирия патшасының сөзлерине қулақ салыңлар!
14
Патша былай дейди: «Хизкия сизлерди алдамай-ақ қойсын. Ол сизлерди қутқара алмайды.
15
Ол: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады, қала Ассирия патшасының қолына берилмейди“, – деп сизлерди Жаратқан Ийеден үмитлендирмесин».
16
Хизкияға қулақ салмаңлар. Себеби Ассирия патшасы былай дейди: «Мениң менен жарасып, маған келиңлер. Сонда ҳәр бир адам өз жүзиминиң ҳәм әнжир ағашының мийўесинен жеп, өз суў сақлағышынан суў ишеди.
17
Соңынан мен келип, сизлерди бийдайы, шарабы, наны, жүзимзарлары мол болған, өз үлкеңизге уқсаған бир үлкеге көширемен.
18
Хизкия: „Жаратқан Ийе бизлерди қутқарады“, – деп алдамасын. Қайсы халықтың қудайы өз үлкесин Ассирия патшасының қолынан қутқара алған?
19
Хамат ҳәм Арпадтың қудайлары қайда? Сефарўайымның қудайлары қайда? Самарияның қудайлары Самарияны мениң қолымнан қутқара алды ма?
20
Усы еллердиң қудайларының қайсы бири өз жерин мениң қолымнан қутқара алды? Солай екен, Жаратқан Ийе Ерусалимди мениң қолымнан қалай қутқарады?»
21
Халық үндемеди, жуўап та қайтармады. Өйткени патша Хизкия халыққа оған жуўап бермеўди буйырған еди.
22
Сарай басқарыўшысы Хилкия улы Эляким, хаткер Шебна ҳәм дийўанбеги Асаф улы Иоах кийимлерин жыртып, Хизкияның алдына келди ҳәм Ассирия патшасының бас ўәзириниң сөзлерин оған айтып берди.
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 37 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66