bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 37
Isaiah 37
Karakalpak 2022
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 38 →
1
Патша Хизкия буларды еситкенде, кийимлерин жыртты ҳәм аза кийимлерин кийип, Жаратқан Ийениң Үйине барды.
2
Ол аза кийимин кийген сарай басқарыўшысы Элякимди, хаткер Шебнаны ҳәм жасы үлкен руўханийлерди Амос улы пайғамбар Ийшаяға жиберди.
3
Олар Ийшаяға былай деди: – Хизкия былай дейди: «Бүгинги күн азап, жаза ҳәм масқарашылық күни. Себеби бала шығайын деп аўызға тақалып турғаны менен, туўыўға күши жоқ ҳаялға уқсаймыз.
4
Бәлким, тири Қудайды ақыретлеў ушын мырзасы, Ассирия патшасы жиберген бас ўәзирдиң барлық сөзлерин Қудайың Жаратқан Ийе еситкен шығар ҳәм усы еситкен сөзлери ушын оларды жазалар. Сонлықтан тири қалғанлар ушын дуўа ет».
5
Патша Хизкияның хызметкерлери патшаның сөзлерин Ийшаяға жеткизгенде,
6
Ийшая оларға былай деди: – Мырзаңызға былай деп айтыңлар: «Жаратқан Ийе былай дейди: Ассирия патшасының хызметкерлериниң Мени масқаралап айтқан сөзлеринен, яғный өзиң еситкен сөзлерден қорқпа.
7
Мине, Мен оған бир руўх жиберемен. Сонда ол бир хабар еситип, өз елине қайтып кетеди. Мен оны өз елинде қылыш пенен өлтиртемен».
8
Ассирия патшасының бас ўәзири изине қайтып, өз патшасын Либна қаласына қарсы урысып атырған жеринен тапты. Себеби ол Ассирия патшасының Лахиштен шегингенин еситкен еди.
9
Ассирия патшасы Хабашстан патшасы Тирҳақаның өзине қарсы урысқа атланғанын еситип, Хизкияға және елшилерин жиберип былай деди:
10
– Яҳуда патшасы Хизкияға былай деп айтыңлар: «Сүйенген Қудайың сени: „Ерусалим Ассирия патшасына тәслим болмайды“, – деп алдамасын.
11
Ассирия патшаларының барлық еллерди жер менен жексен етип, нелер ислегенин еситкен шығарсаң?! Енди сен қутылып қалмақшымысаң?
12
Ата-бабаларым ўайран еткен Гозан, Харан, Ресеф ҳәм Телассардағы Эденде жасаған халықлардың қудайлары оларды қутқара алды ма?
13
Хамат ҳәм Арпад патшалары қәне? Сефарўайым, Ҳена ҳәм Иўўа қалаларының патшалары қәне?»
14
Хизкия хатты елшилердиң қолынан алып оқығаннан соң, Жаратқан Ийениң Үйине барды ҳәм хатты Жаратқан Ийениң алдына жайып қойды.
15
Кейин Жаратқан Ийениң алдында дуўа етип, былай деди:
16
«Керублар арасында тахтта отырған Израилдың Қудайы болған Әлемниң Жаратқан Ийеси! Сен пүткил дүнья патшалықларының жалғыз Қудайысаң! Аспан ҳәм жерди Сен жаратқансаң.
17
Жаратқан Ийе, қулақ салып, есит, көзлериңди ашып, көр. Тири Қудайды ақыретлеў ушын Санхерибтиң айтып жиберген сөзлерин есит.
18
Жаратқан Ийе, ырасында да, Ассирия патшалары халықларды ҳәм олардың жерлерин ўайранлады.
19
Олардың қудайларын отқа таслап, жоқ қылды. Бирақ олар ҳақыйқатында қудайлар емес, ал ағаштан ҳәм тастан адам қолы менен исленген нәрселер еди.
20
Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерди Санхерибтиң қолынан қутқара гөр. Сонда пүткил дүнья патшалықлары Сениң жалғыз Жаратқан Ийе екениңди биледи».
21
Соңынан Амос улы Ийшая пайғамбар Хизкияға мынадай хабар жиберди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Сен Ассирия патшасы Санхериб ҳаққында Маған дуўа еттиң.
22
Ол туўралы Мен, Жаратқан Ийе былай деймен: Пәк қыз Сион, сени кемситип, үстиңнен күлер, Қыз Ерусалим, сениң изиңнен бас шайқар.
23
Сен кимди ақыретлеп, кимди мазақладың? Кимге даўыс көтерип сөйлеп, кимге менменсип қарадың? Маған – Израилдың Мухаддесине!
24
Елшилериң арқалы Мени ақыретлеп былай дедиң: „Сансыз саўаш арбаларым менен таўлардың бийик шыңына, Лебанон таўларының узақ жанбаўырларына шықтым, Бийик кедр ағашларын, жақсы сәрўи ағашларын кестим. Оның ең төрине, ең қалың тоғайына бардым.
25
Мен қудықлар қаздым ҳәм жат еллердиң суўларын иштим, Мысырдың барлық дәрьяларын табаным менен қурыттым“.
26
Бирақ буның ҳәммесин бурыннан жобаластырып, Әййемги күнлерден ойлап қойғанымды еситпеген бе едиң? Ҳәзир Мен соны орынладым. Сонлықтан сен қорғанлы қалаларды қарабақанаға айландыра алдың.
27
Сонда қол-қанаты қырқылды қала халқының, Қорқып, уятқа қалды. Олар даладағы көк шөпке, жаңа шыққан нәзик шөпке, Тамның басындағы, шықпай атырып, өрт шалған шөпке уқсап қалды.
28
Мен сениң отырыс-турысыңды, қашан келип-кететуғыныңды, Маған деген ғәзебиңди, ҳәммесин билемен.
29
Маған деген ғәзебиң ушын, Тәкаббирлигиң қулағыма жетип келгени ушын, Ҳалқамды мурныңнан өткизип, Суўлығымды аўзыңа тағаман. Сени келген жолың менен изиңе қайтараман.
30
Ҳәй, Хизкия! Сен ушын белги мынаў болады: Усы жылы шашылған дәннен өскен өнимди жейсиз, Келеси жылы соның орнына өскен өнимди азық қыласыз, Ал үшинши жылы дән сеўип, өним аласыз, Жүзим бағларын отырғызып, олардың мийўесинен жейсиз.
31
Яҳуда халқының қутылып қалғанлары жерге тамыр жайып, Жоқарыда мийўе береди.
32
Себеби тири қалғанлар Ерусалимнен, Қутылғанлар Сион таўынан келип шығады. Буны Әлемниң Жаратқан Ийеси, Өз қызғаншақлығы менен жүзеге асырады.
33
Сонлықтан Жаратқан Ийе Ассирия патшасы туўралы былай дейди: Ол бул қалаға кирмейди, оқ та атпайды, Қалаға жақынламас қалқаны менен, Қала дийўалына топырақ та үйдирмейди.
34
Келген жолы менен қайтады, қалаға кирмейди, – дейди Жаратқан Ийе. –
35
Мен Өзим ушын ҳәм қулым Даўыттың ҳүрмети ушын, Бул қаланы қорғап, қутқараман».
36
Сол күни түнде Жаратқан Ийениң периштеси ассириялылардың ордасына барып, бир жүз сексен бес мың адамды қырып таслады. Азанда оянып қарағанлар ҳәмме жердиң өликлерге толып кеткенин көрди.
37
Сонда Ассирия патшасы Санхериб орданы таслап, изине қайтты. Ол Ниневияға қайтып келип, сол жерде жасап қалды.
38
Бир күни ол өз қудайы Нисрохтың бутханасында табынып атырғанда, уллары Адраммелех пенен Саресер оны қылыш пенен өлтирди ҳәм өзлери Арарат үлкесине қашып кетти. Санхерибтиң орнына улы Эсар-Хаддон патша болды.
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 38 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66