bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 41
Isaiah 41
Karakalpak 2022
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 42 →
1
Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, атаўлар, Мениң алдымда үндемей тыңлаң! Халықлар күш топлап алсын, Олар жақын келип, сөйлесин. Келиңлер, ҳүким ушын бир жерге жыйналайық.
2
Шығыстан азат етиўшини ҳәрекетке келтирген ким? Оны Өзине хызметке шақырған ким? Миллетлерди оның қолына берген, Патшаларды аяқ асты қылған ким? Ол қылышы менен оларды шаңға, Оқ жайы менен суўырылған қаўыққа айландырды.
3
Ол оларды қуўдалайды, Аяқ басылмаған жолдан аман-есен жүрип өтеди.
4
Буларды орынлап, жүзеге асыратуғын ким? Әўел бастан әўладларды шақырған ким? Мен, Жаратқан Ийе – басыман, Ақырында да Мен боламан.
5
Атаўлар буны көрип, қорқады, Жердиң төрт тәрепи қалтырайды. Олар жақынлап келеди.
6
Ҳәмме бир-бирине жәрдем берип: „Мәрт бол“, – дейди.
7
Өнермент зергерге, Урып тегислеўши төс урыўшыға кепсери туўралы: „Жақсы қурастырылды“, – деп жигер береди. Кейин орнынан қозғалмаўы ушын бутты шегелейди.
8
Бирақ сен, ҳәй, қулым Израил, Мен таңлаған Яқып, Достым Ибрайымның урпағы!
9
Сени дүньяның төрт тәрепинен жыйнадым, Узақ жерлерден шақырып: „Сен Мениң қулымсаң, Сени таңладым, тәрк етпедим“, – дедим.
10
Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Қәўетерленбе, Мен сениң Қудайыңман. Саған күш берип, жәрдемлесемен. Азат етиўши оң қолым менен сүйеймен.
11
Саған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси, Масқара болып, уятқа қалады, Саған қарсы шыққанлар дымы қалмай жоқ болады.
12
Душпанларыңды излесең де таппайсаң, Сениң менен урысқанлар да ҳеш болмағандай жоқ болып кетеди.
13
Мен, Қудайың Жаратқан Ийе, Оң қолыңнан услап, сүйеп: „Қорқпа, саған жәрдем беремен“, – деймен.
14
Ҳәй, қурт сыяқлы болған Яқып, Ҳәй, аз санлы Израил, қорқпа! Мен саған жәрдем беремен, – дейди Жаратқан Ийе, – Сениң Әмеңгериң, Израилдың Мухаддеси.
15
Мине, Мен сени таза, өткир тисли, Түйек айдайтуғын тахта қыламан. Сен таўларды бастырып, талқанлап, Төбешиклерди қаўыққа айландырасаң.
16
Сен оларды суўырасаң, Самал ушырып, алып кетеди, Дүбелей айландырып, ушырып кетеди. Сен Жаратқан Ийеде шадланасаң, Израилдың Мухаддеси менен мақтанасаң.
17
Жарлы ҳәм кәмбағал суў излейди, Бирақ суў жоқ. Шөлден таңлайлары кеўип қалады. Мен Жаратқан Ийе оларға жуўап беремен, Мен, Израилдың Қудайы оларды таслап қоймайман.
18
Мен тақыр төбешиклерден дәрьялар, Ойпатлықлардың ортасынан булақлар ағызаман. Шөлди көлге, қурғақ даланы суўлы булақларға айландыраман.
19
Шөлге кедр, акация, мирта путаларын ҳәм зәйтүн ағашларын, Қуў далаға сәрўи, шынар ҳәм қарағай ағашларын бирге отырғызаман.
20
Сонда адамлар буны Жаратқан Ийениң ислегенин, Израилдың Мухаддесиниң жаратқанын, Көреди, биледи, ақыл жуўыртып, түсинеди».
21
«Даўаңызды айтың, – дейди Жаратқан Ийе, – Дәлиллериңизди келтириң, – дейди Яқыптың Патшасы. –
22
Бутларыңызды алып келиң, Олар не болатуғынын айтып берсин. Ойланып, ақыбетин түсиниўимиз ушын, Өтмиште болғанлардың мәнисин аян етсин, Ямаса келешекте болатуғынларды бизге билдирсин.
23
Сизлердиң қудай екениңизди билиўимиз ушын, Буннан кейин не болатуғынын билдириң. Көрип, ҳайран қалыўымыз ушын, Жақсы яки жаман бир нәрсе қылың.
24
Сизлер де, ислериңиз де ҳеш нәрсе емес. Сизлерди таңлағанлар жеркенишли.
25
Мен арқадан биреўди ҳәрекетке келтирдим, ол киятыр. Мениң атымды шақырған шығыстан киятыр. Ол гүлалшының ылайды басқылағаны сыяқлы, Ҳүкимдарларды ылайдай қылып басқылайды.
26
Билиўимиз ушын, ким буны әўел бастан жәрия етти? „Ҳақсыз“ деп айтыўымыз ушын, ким алдын ала хабар берди? Ҳеш ким хабар бермеди, ҳеш ким жәрия етпеди, Ҳеш ким сөзлериңди еситпеди.
27
Мен биринши болып Сионға: „Олар киятыр“, – деп билдирдим, Ерусалимге хабаршы жибердим.
28
Көз салып қарасам, арасында кеңес беретуғын да, Мен сорағанда, жуўап беретуғын да бирде биреўи жоқ.
29
Мине, олардың ҳәммеси жалған! Ислери ҳеш нәрсеге турғысыз, Мүсинлери самал ҳәм бослықтан ибарат».
← Chapter 40
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 42 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66