bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 40
Isaiah 40
Karakalpak 2022
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 41 →
1
Жубатың, халқыма тәселле бериң! – дейди Қудайыңыз. –
2
Ерусалимге жумсақ сөзлер айтың, Саўаш мүддетиниң таўысылғанын, Қылмысларының кеширилгенин, Барлық гүналарының жазасын Жаратқан Ийениң қолынан, Еки есе етип алғанын жәриялаң.
3
Бақырған бир даўыс еситиледи: «Шөл далада Жаратқан Ийеге жол таярлаңлар, Қула далада Қудайымыз ушын дүзиў ҳәм үлкен бир жол ашыңлар!
4
Барлық ойпатлықлар толтырылсын, Таў-төбелер пәске шөксин, Қыйсық жерлер дүзетилсин, Будыр жерлер тегисленсин.
5
Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты аян болып, Пүткил адамзат буны биргеликте көреди. Буны Жаратқан Ийе айтады».
6
Даўыс: «Бақыр», – деди. Мен: «Не деп бақырайын?» – деп сорадым. Даўыс былай деди: «Пүткил адамзат шөпке, Оның пүткил садықлығы – атыздағы гүлге уқсайды.
7
Жаратқан Ийе демин үплегенде, Шөп қуўрайды, гүл солыйды. Ҳақыйқаттан да, халық – бул шөп.
8
Шөп қуўрайды, гүл солыйды. Бирақ Қудайымыздың сөзи мәңги турады».
9
Ҳәй, Сионға хош хабар алып келиўши, Бийик таўға шық! Ҳәй, Ерусалимге хош хабар алып келиўши, Бар даўысың менен бақыр! Даўысыңды көтер, қорқпа. Яҳуда қалаларына: «Мине, сизлердиң Қудайыңыз!» – деп айт.
10
Мине, Қудай Ийе қүдирет пенен келип, Ҳүкимдарлықты қолына алады. Оның сыйы Өзи менен бирге, Мийнеттиң есесин қайтарыў Оның қолында.
11
Ол Өз сүриўин шопан киби бағады, Қозыларды қолына алып, Оларды көтерип, баўырына басады, Емизиўли қойларға ғамхорлық пенен жол көрсетеди.
12
Ким суўларды алақаны менен, Көклерди қарысы менен өлшеди? Ким жердиң топырағын өлшем ыдысына салған, Ямаса таўларды тәрезиде, Төбелерди тәрези пәллесинде өлшеген?
13
Жаратқан Ийениң Руўхына кимниң ақылы жеткен, Ямаса ким Оған кеңес берген?
14
Ақыл алыў ушын Ол кимнен мәсләҳәт сорады, Ямаса Оған ким әдалат жолын үйретти? Оған билим берип, Түсиник жолын көрсеткен ким?
15
Мине халықлар шелектеги суў тамшысындай, Тәрезилердеги шаң сыяқлы көринеди, Ол атаўларды уўыс топырақ сыяқлы көтереди.
16
Лебанонның отыны қурбанлықты жағыўға, Маллары жандырылатуғын қурбанлыққа азлық етеди.
17
Пүткил миллетлер Оның алдында ҳеш нәрсе емес, Олар Ол ушын жоқтан да, бослықтан да пәс саналады.
18
Онда Қудайды кимге уқсатасыз? Оның бийнесин кимге теңейсиз?
19
Бутқа ма? Бутты өнермент қуйып, Зергер оны алтынға қаплайды, Оның ушын гүмис шынжыр соғылады.
20
Егер буған қурбы жетпесе, Ширимейтуғын бир ағашты сайлап алып, Қозғалмайтуғын бут соқтырыў ушын, Шебер өнерментти излейди.
21
Билмейсизлер ме, еситпедиңлер ме? Әўел бастан, сизлерге айтылмады ма? Дүнья жаратылғаннан бери түсинбедиңиз бе?
22
Қудай жер үстиндеги аспан гүмбезинде отыр, Жерде жасайтуғынлар шегирткелерге мегзер. Ол көклерди перде киби жайып, Жасаў ушын оларды шатыр киби тигеди.
23
Ол басшыларды түкке турғысыз етип, Дүньяның ҳүкимдарларын күшинен айырады.
24
Олар зорға егилип, зорға себилип, Зорға тамыр жайған гезинде, Жаратқан Ийе демин үплейди, олар қуўрап, Даўыл оларды қаўық киби ушырып кетеди.
25
«Мени кимге уқсатасыз, Ким Маған тең келеди?» – дейди мухаддес Қудай.
26
Басыңызды жоқары көтерип, аспанға қараң, Буларды ким жаратқан? Қудай жулдызларды бирме-бир шақырып, Атпа-ат атайды. Оның қүдиретли күши ҳәм уллы қүдиретине гөре, Олардың ҳеш бири орнынан шықпай қалмайды.
27
Ҳәй, Яқып, ҳәй, Израил, қалайынша сен: «Жолым Жаратқан Ийеден жасырын, Қудайым ҳуқықымды қорғамайды», – дейсең?
28
Билмейсизлер ме? Еситпедиңиз бе? Жаратқан Ийе – мәңгилик Қудай, Пүткил дүньяның Жаратыўшысы. Ол шаршамайды да, талықпайды да, Оның даналығына ақыл жетпес.
29
Ол ҳалдан тайғанды ҳәллендирип, Мәдетсизлердиң күшине күш қосады.
30
Ҳәтте, жаслар да шаршап, талығады, Жас жигитлер де сүрнигип, жығылады.
31
Бирақ Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар, Жаңадан күш алады. Олар бүркит киби қанат жаяды. Жуўырса да, шаршамайды, Жортса да, ҳеш талықпайды.
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 41 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66