bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 44
Isaiah 44
Karakalpak 2022
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 45 →
1
«Бирақ, енди, қулым Яқып, Таңлағаным Израил, қулақ сал!
2
Сени жаратқан, қурсақта сени қәлиплестирген, Саған жәрдем беретуғын Жаратқан Ийе былай дейди: Қорқпа, қулым Яқып, Сайлап алғаным Ешурун!
3
Кеўип қалған жерге суў жиберип, Қурғақ жерлерге сайлар ағызаман. Урпақларыңның үстине Руўхымды, Перзентлериңниң үстине жарылқаўымды жаўдыраман.
4
Олар жасыл жайлаўдағы отлар, Ағын суў жағасындағы таллар сыяқлы өсип-өнеди.
5
Биреўи: „Мен Жаратқан Ийеге тийислимен“, – дейди, Екиншиси өзин Яқыптың аты менен атайды, Басқасы: „Жаратқан Ийеге тийислимен“, – деп қолына жазып, Өзин Израил деп атайды».
6
Израилдың Патшасы ҳәм Әмеңгери Жаратқан Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен биринши ҳәм соңғыман, Меннен басқа қудай жоқ.
7
Маған уқсағаны бар ма? Ол хабар берсин. Әййемги халқымды жаратқан күннен баслап болып өткенлерди, Келешекте не болатуғынын билдирип, баянласын. Енди болатуғын нәрселерден хабар берсин.
8
Қалтырамаң, қорқпаң! Сизлерге әўел бастан айтып, билдирмедим бе? Сизлер Мениң гүўаларымсыз. Меннен басқа қудай бар ма? Басқа Жартас жоқ, басқа бирде биреўин де билмеймен».
9
Бут соққанлардың ҳәммеси – ҳеш ким емес, Олар қәдирлеген нәрселер – пайдасыз. Олардың өзлери буған гүўа, Себеби бутлары көрмейди де, түсинбейди де. Сонлықтан олар шерменде болады.
10
Пайда бермейтуғын қудайды ким соғады? Бутты ким қуяды?
11
Қара, соған шерик болғанлардың ҳәммеси уятқа қалады. Өнерментлер – бары-жоғы тек адамлар. Олардың ҳәммеси жыйналып, ҳәммеси бир жерде турсын. Олар қорқып, уятқа қалады.
12
Темирши қуралын алып, Көмир шоғында таплайды, Шөккиш пенен ислеў берип, Билегиниң күши менен пишим береди. Темирши аш болып, ҳәлсирейди, Суў ишпей, ҳалдан таяды.
13
Ағаш устасы ағашты жип пенен өлшеп, Ушлы қурал менен сызып алады. Қашаў менен пишим берип, Аша таяқ пенен тамғалап, Адам қәлпине келтиреди. Оны бутханаға қойыў ушын, Пүткил адам гөззаллығын береди.
14
Ол кедр ағашын кесип алады. Сәрўи яки емен ағашын таңлап алып, Өсиў ушын тоғайдағы тереклер арасында қалдырады. Ямаса кедр ағашын отырғызады, Жаўын оны өсиреди.
15
Кейин ағаш отын болады, Адам отынның бир бөлегин жағып ысынса, Басқа бөлеги менен нан писиреди. Ал қалғанынан өзине бир қудай соғып алып, табынады, Бут соғып алып, алдына жығылып, тәжим етеди.
16
Отынның ярымын жағып, аўқат таярлайды, Кәбап писирип, тойғанша жейди. Ол жылынып, былай дейди: «Мен жылындым, оттың ҳәўирин сездим».
17
Аўысқан отыннан ол қудай, яғный өзине бут ислеп алып, Оның алдында тәжим етеди, оған сыйынады. Оған дуўа етип, былай дейди: «Мени қутқар, өйткени сен қудайымсаң».
18
Бундай адамлар ҳеш нәрсени билмейди, түсинбейди де. Өйткени көрмесин деп көзлери, Түсинбесин деп жүреклери жабылған.
19
Ҳеш ким ойланып көрмейди: «Отынның ярымын жақтым, Қозына нан писирдим, Гөштен кәбап писирип жедим, Енди қалғанынан жеркенишли нәрсе соғайын ба? Бир бөлек ағашқа табынайын ба?» – деп айтыўға, Ақыл-парасаты жетпейди.
20
Ол күлдиң изинен қуўады, Алданған жүреги оны жолдан адастырады. Ол өз жанын қутқара алмайды, «Оң қолымдағы нәрсе жалған нәрсе емес пе?» – дей алмайды.
21
«Яқып, буларды есте тут, Израил, сен Мениң қулымсаң. Мен сени жараттым, сен Мениң қулымсаң. Израил, Мен сени умытпайман.
22
Сениң қылмысларыңды булт киби, Гүналарыңды азанғы думан киби, таратып жиберемен. Маған қайт, Мен сен ушын төлем төледим».
23
Ҳәй көклер, қуўаныш пенен қосық айтың, Себеби буны Жаратқан Ийе жүзеге асырды. Ҳәй жердиң тереңликлери, бақырың! Таў ҳәм тоғайлар, Тоғайдағы ҳәмме тереклер қосық айтың, Себеби Яқыпты Жаратқан Ийе азат етти, Израилда Өзин даңққа бөледи.
24
Сени қурсақта қәлиплестирген Әмеңгериң, Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәмме нәрсени жаратқан, Көклерди жалғыз Өзи жайған, Жалғыз Өзи жерди дөреткен,
25
Жалған пайғамбарлардың белгилерин пушқа шығарған, Палкерлерди ақмақ қылған, Даналарға соққы берип, Билимлерин наданлыққа айландырған,
26
Қулының сөзин тастыйықлаған, Хабаршыларының айтқанларын әмелге асырған, Ерусалимге: „Ишинде және адам жасайды“, – деп айтқан, Яҳуда қалаларына: „Олар қайтадан қурылады, Қарабақаналарын тиклеймен“, – деген,
27
Шуқыр суўларға: „Қурып кет, дәрьяларыңды қурытаман“, – деген,
28
Кирге: „Мениң шопаным, барлық мақсетлеримди ол әмелге асырады“, – деген, Ерусалимге: „Жаңадан қурылады“, Ибадатханаға: „Қайта тикленеди“, – деген, Жаратқан Ийе Мен боламан».
← Chapter 43
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 45 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66