bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 14
Isaiah 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 15 →
1
Жаратқан Ийе Яқыптың урпақларына реҳим етер, Израилды және таңлап алып, Өзлериниң елине орналастырар. Жат жерлилер оларға қосылып, Яқыптың нәсилине биригер.
2
Халықлар оларды өз жерлерине алып келер, Израил халқы болса, оларды басып алып, Жаратқан Ийениң жеринде қул ҳәм шоры қылар. Өзлерин тутқын қылғанды тутқын қылып, Өзлерин езгенлерге ҳүкимдарлық қылар.
3
Жаратқан Ийе сизлерди азаптан, қайғыдан ҳәм қуллықтың аўыр жүгинен қутқарған күни,
4
Бабилония патшасын мазақ қылып, мына қосықты айтып берерсиз: «Мине, езиўшиниң ақыры келди! Тәкаббирлиги тамам болды!
5
Жаратқан Ийе залымның таяғын, Ҳүкимдардың ҳасасын сындырды.
6
Ол ғәзепленип, халықларды үзликсиз сабап, Аяўсыз езип, миллетлерди қәҳәр менен басқарған еди.
7
Енди пүткил дүнья тынышлық ҳәм парахатшылық ишинде, Шадланып қосық айтады.
8
Ҳәтте, Лебанонның сәрўи ҳәм кедр ағашлары, Шадланып, езиўшилер үстинен былай дейди: „Сен жерге қулағаннан бери, Ҳеш ким бизди шабыўға келмейди“.
9
Сени күтип алыў ушын, Өлилер мәканы ҳәрекетке келеди. Сени қарсы алыў ушын, Ол өлилердиң руўхларын, Жер жүзиниң барлық басшыларын оятады, Миллетлердиң барлық патшаларын, Тахтларынан турғызады.
10
Олардың ҳәммеси саған: „Сен де бизлердей ҳәлсиз болдың, Бизлерге уқсадың“, – дейди.
11
Салтанатың да, арфаңның сести де, Өлилер мәканына кирди. Шыбын қуртлары астыңа төселип, Жаўын қуртлары көрпең болды.
12
Ҳәй, жарқын жулдыз, таң улы, Көклерден қалай қуладың! Халықларды езип келген сен, Енди өзиң жерге жығылдың!
13
Сен ишиңнен былай дедиң: „Көклерге көтерилемен, Тахтымды Қудайдың жулдызларынан, Жоқарыға қояман. Қудайлар жыйналатуғын таўда, Сафон таўында отыраман.
14
Бултлардың үстине шығаман, Өзимди Қудай Тааладай қыламан“.
15
Бирақ сен өлилер мәканына, Туңғыйықтың түбине ылақтырыласаң.
16
Сени көргенлер тигилип қарап, Тәғдириңе ҳайран қалып, былай дейди: „Жерди тербелтип, Патшалықларды титиреткен,
17
Дүньяны шөлистанға айландырып, Ондағы қалаларды қыйратқан, Тутқынларды үйлерине қайтармаған адам усы ма?“
18
Миллетлердиң патшалары салтанатлы жерленип, Ҳәр бири өз қәбиринде жатыр.
19
Ал сен керексиз путақ киби, Қәбириңнен сыртқа ылақтырылдың. Сен қылыш пенен шабылған, Таслы туңғыйыққа тасланған, Өлилер арасында жатырсаң. Аяқ астында қалған өли денеге уқсайсаң.
20
Сен басқа патшалар киби жерленбейсең. Себеби сен жериңди ўайран еттиң, Халқыңды қырдың. Жаўызлық қылғанлардың нәсили ҳасла еске алынбасын!
21
Ата-бабалары ислеген айып ушын, Улларын баўызлаўға таярлаң. Олар қалып, дүньяны ийелемесин, Жер бетин өз қалалары менен толтырмасын».
22
«Мен оларға қарсы көтерилемен, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Мен Бабилоннан оның атын, тири қалғанларын, Урпақларын ҳәм келешек әўладын жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
23
Мен оны кирпитикенлер ийелигине, Батпақлыққа айландырып, Жоқ қылыў сипсеси менен сыпырып таслайман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси».
24
Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деп ант ишти: «Нени нийет еткен болсам, сол болады, Қандай қарарға келген болсам, сол әмелге асады.
25
Ассириялыларды Өзимниң елимде сындыраман, Таўларымда оларды аяқ асты қыламан. Олардың мойынтырығы халқымнан, Жүклери халқымның ийнинен алып тасланады.
26
Пүткил дүнья ушын қабыл етилген қарар бул, Пүткил миллетлерге созылған қол бул».
27
Әлемниң Жаратқан Ийеси қарар етти, Оны ким бийкар қыла алады? Ол қолын созды, Оны ким изге қайтара алады?
28
Патша Ахаз өлген жылы усы пайғамбаршылық сөз түсти:
29
«Өзлериңизди урған таяқ сынды деп, Шадланбаңлар, ҳәй Филистия! Себеби жыланның туқымынан қара жылан туўылар, Жыланның баласы да зәҳәрли жылан болар.
30
Жарлының туңғышы тояды, Мүтәжлер қәўипсизликте болады, Бирақ сениң туқымыңды ашлықтан қуртаман, Аман қалғанларыңызды да өлтиремен.
31
Пәрияд қыл, ҳәй дәрўаза! Дад сал, ҳәй, қала! Филистия, қорқыныштан руўхыңыз түссин! Арқадан шаң-тозаң булты киятыр, Душпан әскерлери сап тартып киятыр».
32
Миллеттиң хабаршыларына не деп жуўап беремиз? Оларға: «Жаратқан Ийе Сионды қурды, Халқының жарлылары сол жерден пана табады», – деймиз.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66