bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 54
Isaiah 54
Karakalpak 2022
← Chapter 53
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 55 →
1
«Шадлан, ҳәй, бала көрмеген нәсилсиз ҳаял! Толғатып көрмеген, сен, шадланып бақыр! Себеби таслап кетилген ҳаялдың балалары, Күйеўи бар ҳаялдикинен көп болады, – дейди Жаратқан Ийе. –
2
Шатырыңның орнын кеңейт, Мәкан жайыңның перделерин аямай созып, Жиплерин узын етип ал, қазықларын беккемле.
3
Сен оңға да, солға да жайыласаң, Урпақларың миллетлердиң жерлерин ийелеп, Бос қалған қалаларға орналасып алады.
4
Қорқпа, уятқа қалмайсаң, Руўхың түспесин, масқара болмайсаң. Сен жаслығыңдағы шерменделикти умытасаң, Жесирлик ҳәсиретиңди артық еске алмайсаң.
5
Себеби сениң күйеўиң – сениң Жаратыўшың, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси. Израилдың Мухаддеси – Әмеңгериң, Ол пүткил дүньяның Қудайы деп аталады.
6
Сен күйеўи таслап кетип, Қәлби жарақатланған ҳаялға уқсайсаң. Бирақ Жаратқан Ийе сени шақырады, – дейди Қудайың. –
7
Мен сени бир мәўрит тәрк еттим, Бирақ уллы меҳир менен сени жыйнайман.
8
Қәҳәрленгенимде, сеннен бир мәўрит жүзимди жасырған едим, Бирақ мәңгилик сүйиспеншилигим менен, Саған реҳим етемен, – дейди Әмеңгериң Жаратқан Ийе. –
9
Бул Мен ушын Нухтың дәўирине уқсайды. Нухтың дәўиринде топан суўы, Жер жүзинде енди қайталанбайды деп ант ишкеним сыяқлы, Саған да енди қәҳәрленип, жазаламайман деп ант иштим.
10
Таўлар орнынан қозғалып, төбелер шайқалса да, Мениң саған деген сүйиспеншилигим тербелмейди, Тынышлық келисимим де қозғалмас, – дейди саған реҳим еткен Жаратқан Ийе. –
11
Азап шегип, даўыл дүбеп, жубаныш таппаған қала! Сени периўзадан қурып, Тийкарыңды лазуриттен қояман.
12
Минараларыңды рубиннен, Дәрўазаларыңды гәўҳардан, Дийўалларыңды қымбатбаҳа таслардан ислеймен.
13
Балаларыңның ҳәммеси Жаратқан Ийеден тәлим алады, Олар уллы тынышлыққа бөленеди.
14
Сен әдалатлық пенен негиз қурасаң, Езилиўден аўлақ боласаң, қорқпайсаң. Қәўип-қәтерден жырақ боласаң, ол саған жақынламас.
15
Егер биреў саған топылса, Бул Меннен емес, Саған ҳүжим қылғанның ҳәр бири саған бас ийеди.
16
Қара, көмир шоғын үплеп, Өз мақсети ушын қурал-жарақ соққан темиршини, Мен жараттым. Ўайран қылсын деп, басқыншыны да Мен жараттым.
17
Саған қарсы қолланыў ушын жаратылған, Ҳеш қандай қурал-жарақ табысқа ериспейди, Ҳүкимде сени айыпламақшы болған ҳәр бир тилди, Сен айыплайсаң. Жаратқан Ийениң қулларының мийрасы – усы, Мен оларды ақлайман, – дейди Жаратқан Ийе».
← Chapter 53
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 55 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66