bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 33
Isaiah 33
Karakalpak 2022
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 34 →
1
Ҳәй, өзи ўайран етилмеген, Ўайран етиўши, ҳәсирет шегесең! Ҳәй, өзине сатқынлық исленбеген, Сатқынлық етиўши, ҳәсирет шегесең! Ўайран етип болғаныңнан кейин, Өзиң де ўайран етилесең, Сатқынлық етип болғаныңнан кейин, Өзиңе де сатқынлық исленеди.
2
Жаратқан Ийе, бизлерге реҳим ет! Бизлер Саған үмит байладық. Ҳәр таңда бизге күш-қуўат берип, Қыйыншылыққа ушырағанымызда қутқара гөр!
3
Қүдиретли даўысыңнан халықлар қашып кетер, Орныңнан турғаныңда, миллетлер пытырап қашар.
4
Олжаңыз шегирткелер жеп таслағандай жоқ болар, Адамлар үлкен шегирткелер топарының топылғанындай олжаға бас салар.
5
Жоқарыда мәкан қурған Жаратқан Ийе уллы! Толтырар Ол Сионды әдалатлық ҳәм әдилликке.
6
Ол сениң дәўириңниң беккем тийкары болып, Мол етип қутқарылыў, даналық ҳәм билим берер. Жаратқан Ийеден қорқыў – бул ғәзийне.
7
Мине, батырлары көшелерде пәрияд етер, Парахатшылық елшилери зар еңиреп жылар.
8
Үлкен жоллар босап қалар, Жолаўшылар ол жолдан жүрмес. Питимлер бузылып, ишкен антларынан таяр, Адамлар қәдирин жойтар.
9
Жер қурғап, кеўип барар, Лебанон тоғайлары уяттан қуўрап қалар. Шарон тегислиги шөлге уқсап қалып, Башан ҳәм Кармелдеги ағашлар жапырақларын төгер.
10
«Енди орнымнан тураман, – дейди Жаратқан Ийе, – Көтерилип, даңқымды шығараман.
11
Сизлер пишенге ҳәмиледар болып, сабан туўасыз. Демиңиз өзлериңизди жалмап жутатуғын отқа айланады.
12
Халықлар жанып күл болады, Кесилип, отқа жағылған тикендей болады.
13
Ҳәй узақтағылар, не ислегенимди еситиң! Ҳәй жақындағылар, қүдиретимди билиң!»
14
Сиондағы гүнакарлар қорқыўға түсип, Қудайсызларды титиреў бийлеп алды. Олар былай дейди: «Жалмайтуғын оттың жанында қайсысымыз жасай аламыз? Мәңги жанып турған жалын жанында қайсысымыз орналаса аламыз?»
15
Ҳадал жасап, туўры сөйлеген, Зорлық пенен алынған пайдадан жеркенген, Қолын пара алыўдан тыйған, Қанхорға қулақ түрмеген, Жаманды көрмеў ушын көзлерин жумған,
16
Бундай адам бийикликлерде жасайды. Жартаслардағы қорғанлар оның панасы болады, Оның наны мол болып, ҳеш қашан суўсыз қалмайды.
17
Көзиңиз патшаны пүткил гөззаллығы ишинде көрип, Узақларға созылған үлкени шолып өтер.
18
Өткен қорқынышлы күнлер ҳаққында ойлап: «Салық жыйнаған қай жерде? Салықты өлшеп алған қай жерде? Минараларды санаған қай жерде?» – дейсең.
19
Буннан былай, гәпине түсинбейтуғын, Басқа тилде сөйлейтуғын, Сол тәкаббир халықты көрмейсиз.
20
Байрамларымыз белгиленетуғын Сион қаласына қара! Көзлериң тыныш мәканды, Беккем шатыр болған Ерусалимди көреди. Оның қазықлары ҳеш қашан орнынан суўырылмайды, Бирде бир жиби үзилмейди.
21
Кең дәрьялар ҳәм сайлар ағып турған жерде, Қүдиретли Жаратқан Ийе бизлер менен бирге болады. Олардан ескекли кемелер де, Желқомлы кемелер де өте алмайды.
22
Жаратқан Ийе бизиң қазымыз, Ол бизлердиң нызам шығарыўшымыз. Жаратқан Ийе бизиң патшамыз, Ол бизлерди қутқарады.
23
Ҳәзир кемелериңиздеги жиплер жуқарып, Олар өрликти услап тура алмайтуғын, Желқомды да аша алмайтуғын болса да, Ўақты келгенде үлкен олжа бөлинеди, Ҳәтте, ақсақлар да олжасын алады.
24
Сион турғынларының ҳеш бири: «Мен кеселмен» – демейди, Ол жерде жасаған халықтың гүнасы кешириледи.
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 34 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66