bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 7
Isaiah 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 8 →
1
Уззияның ақлығы Иотамның улы Ахаз Яҳудаға патшалық қылған дәўирде Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимге урыс ашты, бирақ басып ала алмады.
2
Даўыттың урпағы Арамның Эфрайым менен бирлескенин еситкенде, Ахаздың ҳәм оның халқының жүреги тоғайдағы даўыл тербеткен тереклер киби шайқалып, дирилдеди.
3
Сол арада Жаратқан Ийе Ийшаяға былай деди: – Улың Шеар-Яшуб пенен бирге кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳәўизге суў қуйылатуғын жерге барып, Ахазды қарсы ал.
4
Оған былай деп айт: «Абайлы бол, тынышлық сақла, қорқпа! Пысқып, шала жанып турған еки отын қалдығынан – Арам патшасы Ресинниң ҳәм Ремалияның улының лаўлаған ғәзебинен руўхың түспесин.
5
Арам Эфрайым ҳәм Ремалияның улы менен саған қарсы жаман жоба дүзип:
6
„Келиң, Яҳудаға шабыўыл жасайық, оны қорқытып, басып алайық ҳәм Табеелдиң улын патша етип қояйық“, – дейди.
7
Бирақ Қудай Ийе былай дейди: „Бул әмелге аспайды, Жүз бермейди де,
8
Дамаск тек Арамның пайтахты, Ресин болса тек ғана Дамасктиң басы. Эфрайым алпыс бес жыл ишинде халық болыўдан қалады.
9
Самария тек Эфрайымның пайтахты, Ал Ремалияның улы болса тек ғана Самарияның басы. Егер исенимиңизде беккем турмасаңыз, Сизлер де ҳеш қашан беккем тура алмайсыз“».
10
Жаратқан Ийе Ахазға қайтадан:
11
– Қудайың Жаратқан Ийеден белги сора. Белги өлилер мәканынан тереңде, аспаннан бийикте болса да сорай бер, – деди.
12
Бирақ Ахаз: – Мен сорамайман, Жаратқан Ийени сынамайман, – деди.
13
Сонда Ийшая былай деди: – Онда тыңлаң, ҳәй Даўыттың урпақлары! Адамлардың шыдамын сынағаныңыз аз болғандай, енди Қудайымның да шыдамын сынамақшымысыз?
14
Солай етип, Ийениң Өзи сизлерге белги береди: Мине, қыз ҳәмиледар болып ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды.
15
Ол жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, қатық ишип, пал жейди.
16
Себеби бала жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, сени қорқытқан сол еки патшаның жери шөлге айландырылады.
17
Бирақ Жаратқан Ийе Ассирия патшасы арқалы сениң, халқыңның ҳәм ата-бабаларыңның урпақларының басына Эфрайымның Яҳудадан айырылған күнинен бери болып көрилмеген аўыр күнлерди салады.
18
Сол күни Жаратқан Ийе Мысыр дәрьяларының аяқ ушларындағы шыбынларды ҳәм Ассирия жерлериндеги ҳәррелерди ысқырып шақырады.
19
Олар ушып келип, дәрья жағасындағы ойпатлықларға, жартаслардың жарықларына, барлық тикенекли путаларға ҳәм барлық жайлаўларға орналасып алады.
20
Сол күни Ийемиз Евфрат дәрьясының арғы жағынан жаллап алынған пәки – Ассирия патшасы арқалы шашыңызды, аяқларыңыздағы түклерди, ҳәтте, сақалларыңызды да алып таслайды.
21
Сол күн келгенде ким де ким бир қашар ҳәм еки қойды сақлап қала алса,
22
олар берген мол сүттен, сол адам қатық ишеди. Елде қалған ҳәр бир адам қатық ишип, пал жейди.
23
Сол күни баҳасы мың шекел гүмиске тең болған мың жүзим нәли отырғызылған ҳәр бир бағды шат тикен ҳәм жантақ қаплап кетеди.
24
Пүткил елди тикен ҳәм жантақ қаплап кеткенликтен, адамлар ол жерге оқ жай ҳәм оқлары менен аңға келеди.
25
Бир ўақытлары ислеў берип пайдаланған төбешиклердиң ҳеш бирине енди тикен ҳәм жантақлардан қорқып, бара алмайсызлар. Ол жерлер сыйыр бағылып, қой басқылайтуғын жерге айланады.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66