bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 42
Isaiah 42
Karakalpak 2022
← Chapter 41
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 43 →
1
«Мине, Мен қоллаған қулым, Кеўлиме унаған таңлағаным! Мен Өз Руўхымды Оған беремен, Ол миллетлерге әдалат алып келеди.
2
Ол бақырмайды, даўысын көтермейди, Көшелерде Оның сести еситилмейди.
3
Ол майысқан қамысты сындырмайды, Пысқып турған пиликти де өширмейди, Садықлық пенен әдалатты иске асырады.
4
Жер бетинде әдалатты орнатпағанша, Ҳәлсиремейди, руўхы да түспейди. Атаўлар Оның тәлимине үмит байлайды».
5
Көклерди жаратып, оны жайған, Жерди ҳәм ондағыларды жайып жиберген, Ондағы инсанларға дем берген, Онда жүргенлерге жан берген, Қудай Ийе былай дейди:
6
«Мен, Жаратқан Ийе сени қутқарыўымды көрсетиў ушын шақырдым, Сениң қолыңнан услап, қорғайман, Халқым менен дүзген келисимимди, Сен арқалы әмелге асыраман. Сени миллетлерге нур қыламан.
7
Сен соқыр көзлерди ашып, Тутқынларды қамақханадан шығарып, Қараңғылықтағыны зинданнан азат етесең.
8
Мен – Жаратқан Ийемен. Мениң атым усы. Даңқымды басқаға, Өзиме айтылатуғын алғысты бутларға бермеймен.
9
Мине, бурын болжап айтылғанлар әмелге асты. Мен таза нәрселерди жәриялайман, Олар жүзеге аспай турып, Алдын ала сизлерге аян етемен».
10
Теңизде жүзип жүргенлер ҳәм оны толтырып турғанлар, Атаўлар ҳәм оларда жасаўшылар, Жаратқан Ийеге арнап таза қосық айтың, Жердиң ең шетлеринен Оған алғыс-мақтаўлар айтың!
11
Шөл ҳәм ондағы қалалар, Кедар халқы жасайтуғын аўыллар даўысын көтерсин! Села турғынлары қуўаныштан қосық айтып, Таўлардың төбелеринен бақырсын!
12
Олар Жаратқан Ийени уллыласын, Атаўларда Оған алғыс-мақтаўлар айтсын!
13
Жаратқан Ийе баҳадыр жигиттей болып, Жаўынгердей ғәзебин шашады, Әскерий уран салып, бақырып, Душпанлардан үстинлигин көрсетеди.
14
«Мен узақ ўақыт үндемедим, Сабырлылық пенен Өзимди усладым. Енди болса, туўайын деп атырған ҳаялдай қышқыраман, Ентигип дем аламан.
15
Мен таўларды ҳәм төбешиклерди ўайран етемен, Пүткил от-шөплерди қырып таслайман. Дәрьяларды атаўларға айландырып, Ҳәўизлерди қурытаман.
16
Соқырларды билмеген жолларынан алып жүремен, Оларды таныс болмаған соқпақлардан жетелеймен, Алдында қараңғылықты жақтылыққа, Ойлы-бийик жерлерди тегис жерге айландыраман. Мен буларды ислеймен, Оларды тәрк етпеймен.
17
Ойма бутларға исенгенлер, Қуйма бутларға: „Сизлер қудайымызсыз“, – дейтуғынлар, Шерменде болып, олардан жүз бурады».
18
«Ҳәй, гереңлер, еситиңлер, Ҳәй, соқырлар, қарап көриңлер!
19
Мениң қулымдай соқыр болған бар ма? Мен жиберетуғын хабаршыдай, герең болған бар ма? Маған бағышланған биреўдей, соқыр, Ямаса Мениң, Жаратқан Ийениң қулындай, соқыр болған бар ма?
20
Сен көп нәрсени көрдиң, бирақ итибар бермедиң, Қулақларың ашық еди, бирақ еситпедиң».
21
Өз әдалаты ҳақы, Нызамларын даңққа бөлеп, уллы қылыў, Жаратқан Ийеге унады.
22
Бирақ бул халық талан-тараж қылынған, Ҳәммеси зинданға тасланып, қамақханаға қамалған. Олар олжаға айланды, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ. Таланды, «Қайтарып бер», дейтуғын ҳеш ким жоқ.
23
Араңызда буған қулақ түретуғын, Дыққат қойып, келешек ушын тыңлайтуғын бар ма?
24
Яқыпты таланшыларға, Израилды қарақшыларға берген ким? Бул Жаратқан Ийе емес пе? Оған қарсы гүна ислемедик пе? Олар Оның жолынан жүрмеди, Нызамына қулақ аспады.
25
Сонлықтан Ол лаўлаған ғәзебин, Ғыжлаған урысты үстине дөндирди. Дөгерегин от пенен қапласа да, түсинбеди, Күйдирсе де, жүрекке алмады.
← Chapter 41
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 43 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66