bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 59
Isaiah 59
Karakalpak 2022
← Chapter 58
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 60 →
1
Билип қойың, Жаратқан Ийениң қолы қутқара алмайтуғындай қысқа емес, Қулағы да еситпейтуғындай, аўыр емес.
2
Деген менен, қылмысларыңыз Қудайыңыз бенен араңызға суўықлық салды, Гүналарыңыз Оның жүзин сизлерден жасырды, Сонлықтан Ол сизлерди еситпейди.
3
Қолларыңыз қан менен, Бармақларыңыз қылмыс пенен ҳарамланды. Аўзыңыз жалған айтып, Тилиңиз өтирик сөзлер сөйлейди.
4
Ҳеш ким әдилликке шақырмайды, Ҳеш ким ҳадал даўласпайды. Өзлериниң бос сөзлерине сүйенип, жалған сөйлейди, Бузғынлыққа ҳәмиледар болып, жаўызлық туўады.
5
Олар уўлы жыланның мәйегин қурық басады, Өрмекшиниң аўын тоқыйды. Олардың мәйегин жеген өледи, Сынған мәйектен зәҳәрли жылан шығады.
6
Аў тоқыған менен ҳеш нәрсеге ериспейди, Дүзген жобалары пайдасыз. Олардың ислери жарамас ислер, Қоллары зорлық қылады.
7
Аяқлары жаманлыққа жуўырады, Бийгүна қан төгиўге асығады. Ойлары жаўызлыққа толы, Талан-тараж ҳәм қырғын бар жолларында.
8
Сол жоллардан жүретуғынлар, Тынышлықтың не екенин билмейди. Әдалат жоқ жолларында, Өзлерине қыйсық жоллар иследи, Тынышлықтың не екенин билмейтуғынлар, Сол жоллардан жүреди.
9
Сонлықтан әдалат бизден узақта, Әдиллик бизге жетип келмеди. Нурды күтемиз, бирақ тек қараңғылық бар, Жақтылық излеймиз, бирақ түнекте жүремиз.
10
Соқырдың дийўалды сыйпалағанына уқсап, Көзли киби қармаланамыз, Күпә-күндиз ымырт жабылғандай сүрнигемиз, Күшлилер арасында өлидеймиз.
11
Ҳәммемиз айыўлар киби бақырамыз, Кептерлер киби шырылдаймыз. Әдалатты күттик, бирақ ол жоқ, Қутқарылыўды күттик, бирақ ол бизден алыста.
12
Алдыңда қылмысларымыз көп, Гүналарымыз бизге қарсы гүўалық бермекте. Қылмысларымыз көз алдымызда, Айыпларымызды өзимиз билемиз.
13
Бойсынбай, Жаратқан Ийени тәрк еттик, Қудайымыздан жүз бурдық, Зулымлық пенен сөйледик, бас көтердик, Жүрегимиз ҳәмиледар болған жалғанды сөйледик.
14
Әдалат қуўылды, әдиллик узақта қалды. Ҳақыйқат қала майданында қулады, Ҳадаллық арамызға кире алмайды.
15
Ҳеш жерде ҳақыйқат жоқ, Зулымлықтан бас тартқан таланады. Жаратқан Ийе буны көрип, Әдалаттың жоқлығына қапа болды.
16
Жаратқан Ийе ҳеш кимниң жоқлығын көрди, Араласатуғын ҳеш кимниң жоқлығына ҳайран қалды. Өз қолы Оны жеңиске еристирди, Әдиллиги Оған сүйениш болды.
17
Ол әдилликти саўыт киби кийди, Қутқарылыў дуўлығасын басына кийди. Өш алыўды Ол кийим киби кийип алып, Ғәзепти шапан киби жамылды.
18
Ол ҳәр кимге исине жараса жаза береди. Душпанларына қәҳәрин төгип, Жаўларына жазасын тартқызады. Ҳәтте, шетки атаўларға да есесин қайтарады.
19
Батыстағылар Жаратқан Ийениң атынан, Шығыстағылар Оның даңқынан қорқады. Себеби Жаратқан Ийе Өз деми менен қуўған, Тасқын суўдай болып келеди.
20
«Мен Әмеңгери сыпатында Сионға, Яқыптың урпақларының тәўбе қылғанларына келемен», – дейди Жаратқан Ийе.
21
«Мениң олар менен дүзетуғын келисимим мынаў, – дейди Жаратқан Ийе. – Саған берген Руўхым ҳәм аўзыңа салған сөзим бүгиннен баслап сениң де, балаларыңның да, балаларыңның балаларының да, – дейди Жаратқан Ийе, – мәңгиге аўзынан түспейди».
← Chapter 58
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 60 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66