bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 22
Isaiah 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 23 →
1
Аян ойпатлығы туўралы пайғамбаршылық сөз: Не болды сизлерге? Неге ҳәммеңиз үшеклерге шығып алдыңыз?
2
Ҳәй, шаўқым-сүренге толы, Ғалмағаллы ҳәм шадлы қала! Өлгенлериңиз қылыштан да өлмеди, Саўашта да өлмеди.
3
Ҳүкимдарларың биргеликте қашып кетти, Бирақ оқ жайларынан бир оқ атпай-ақ тутқынға түсти. Олар узаққа қашып кеткен еди, Табылғанлардың ҳәммеси тутқынға алынды.
4
Сонда мен былай дедим: «Мени жалғыз қалдырың, өкирип жылап алайын. Халқымның қырғынға ушырағаны ушын, Тәселле бермең маған».
5
Себеби Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң, Аян ойпатлығында ғаўғалы, Зорлық-зомбылыққа толы ҳәм ала-сапыран күни болады. Сол күни дийўаллар қулап, Жәрдем сораған даўыслар таўларды жаңғыртады.
6
Элам оқ жай ҳәм оғын алып, Саўаш арбалары ҳәм атлылары менен келди. Кир әскерлери қалқанларын таярлады.
7
Сениң сайланды ойпатлықларың саўаш арбаларына толды, Атлылар қала дәрўазасы жанында сап тартып тур.
8
Жаратқан Ийе Яҳуданың бекинислерин күл-талқан қылды. Сол күни «Лебанон тоғайы» деп аталатуғын имараттағы, Қурал-жараққа үмит етип қарадыңыз.
9
Сизлер Даўыттың қаласының дийўалларында, Көп жарықларды көрдиңиз. Төменги ҳәўизге суў сақлап қойдыңыз.
10
Сизлер Ерусалимдеги үйлерди қарап шығып, Дийўалды питеў ушын, үйлерди буздыңыз.
11
Ески ҳәўиздиң суўлары ушын, Еки дийўал арасына суў сақлағыш қурдыңыз. Бирақ буны Кимниң ойлап қойғанына нәзер салмадыңыз, Буны Кимниң әзелден жоба қылғанына итибар бермедиңиз.
12
Сол күни Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Жылап, аза тутыўға, Шашларыңызды алдырып, аза кийим кийиўге шақырды.
13
Бирақ сизлер: «Келиңлер, ишип-жеп қалайық, Себеби ертең өлемиз-ғо», – деп, Өгиз сойып, қой шалып, Гөш жеп, шарап ишип, Кейпи-сапа қурып атырсыз.
14
Сонда Әлемниң Жаратқан Ийеси қулағыма: «Бул гүна өлгениңизше кеширилмейди», – деди. Буны Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси айтты.
15
Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Қәне, патшаның оң қолы болған, сарай басқарыўшысы сол Шебнаға барып, былай деп айт:
16
„Бул жерде не жумысың бар? Өзиңе қәбир оятуғындай, бул жерде кимиң бар? Жоқарыда өзиңе қәбир қазып, жартасқа жасаў ушын үңгир ойыпсаң.
17
Ҳәй, күшли адам! Жаратқан Ийе сени ылақтырып жибереди. Ол сени беккем услап алып,
18
айландырып-айландырып, топ киби кең бир елге ылақтырып жибереди. Сен сол жерде өлесең. Әжайып саўаш арбаларың сол жерде қалады ҳәм сен мырзаңның үйин шерменде қыласаң.
19
Мен сени өз лаўазымыңнан түсирип, орныңнан алып таслайман.
20
Сол күни Мен қулым Хилкия улы Элякимди шақыраман.
21
Сениң кийимлериңди оған кийгизип, белине белбеўиңди байлайман ҳәм ҳәкимшилигиңди оған беремен. Ол Ерусалим турғынларының ҳәм Яҳуда халқының әкеси болады.
22
Даўыттың үйиниң гилтин оның мойнына асаман. Оның ашқанын ҳеш ким жаба алмайды, оның жапқанын ҳеш ким аша алмайды.
23
Мен оны қатты жерге қағылған қазықтай етип қағаман. Ол өз нәсили ушын салтанат тахты болады.
24
Оның хожалығының пүткил абырайы: оның урпақлары ҳәм шақалары – оның кеседен гүзеге шекемги барлық ыдыслары оған жүкленеди.
25
Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – қатты жерге қағылған қазық босап, суўырылып, қулап түседи. Оған илинген барлық жүк те алып тасланады. Буны Жаратқан Ийе айтты“».
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66