bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 45
Isaiah 45
Karakalpak 2022
← Chapter 44
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 46 →
1
Жаратқан Ийе майлағанына, Оң қолынан услағанына, яғный Кирге былай дейди: «Алдыңда миллетлерди бас ийдиремен, Патшаларды қуралларынан маҳрум етемен. Алдыңда дәрўазалар ашылып, Олар жабылмайды.
2
Мен алдыңда жүрип, таўларды тегислеймен, Қола дәрўазаларды бузып, темир тәмбилерди сындыраман.
3
Саған қараңғылықта жасырынған ғәзийнелерди, Жасырын жерлерде сақланған байлықларды беремен. Усы арқалы атыңды айтып шақырған Мен – Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы екенимди билесең.
4
Сен Мени танымасаң да, Қулым Яқып, таңлағаным Израил ҳақы, Сени атыңды айтып шақырдым, Саған ҳүрметли ат қойдым.
5
Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ. Меннен басқа қудай жоқ. Мени танымасаң да, саған күш беремен.
6
Шығыстан батысқа дейинги адамлар, Меннен басқасының жоқ екенин билип қойсын. Мен – Жаратқан Ийемен, басқасы жоқ.
7
Нурды дөреткен, қараңғылықты жаратқан Мен боламан, Абаданлықты беретуғын, апатшылықты жиберетуғын да Менмен. Булардың ҳәммесин ислейтуғын Мен, Жаратқан Ийемен.
8
Көклер, сен жоқарыдан қутқарылыўды төк, Бултлар оны төменге жаўдырсын. Жер ашылып, қутқарылыў өсип шықсын, Оның менен бирге әдиллик те өссин. Буны Мен, Жаратқан Ийе жараттым».
9
Жаратыўшысы менен даўласатуғынлар, ҳәсирет шегесизлер! Топырақтан жасалған гүзениң сынығы! Ылай гүлалшыға: «Не ислеп атырсаң?» Ямаса: «Ислеп атырған нәрсеңниң услағышы жоқ», – деп айта ма?
10
Әкесине: «Мени неге дүньяға келтирдиң?» Анасына: «Мени неге туўдың?» – дейтуғынлар, Ҳәсирет шегесизлер!
11
Израилдың Мухаддеси ҳәм Оның Жаратыўшысы, Жаратқан Ийе былай дейди: «Балаларымның келешеги ҳаққында сораўға тутпақшымысыз? Қолымның ислери туўралы буйрық бермекшимисиз?
12
Мен жерди дөретип, Оның үстине адамды жараттым, Өз қолларым менен көклерди жайдым, Аспан денелерине буйрық бердим.
13
Кирди әдил нийетимди әмелге асырыў ушын ҳәрекетке келтирдим, Оның пүткил жолларын тегислеймен. Ол Мениң қаламды қайта қурады, Тутқын болған халқымды төлемсиз ҳәм парасыз азат етеди», – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси.
14
Жаратқан Ийе Израилға былай дейди: «Мысырдың байлығы, Хабашстанның пайдасы сеники болады, Узын бойлы Себа урпақлары саған келеди. Олар саған ереди, Кисенбәнт болып саған келип, Тәжим етип, жалбарынып: „Қудай тек сениң менен бирге, басқа бири жоқ, Оннан басқа қудай жоқ“, – дейди».
15
Израилдың Қудайы – Қутқарыўшы, Ҳақыйқаттан да, Өзин жасырған Қудай – Сенсең!
16
Бут соғатуғынлардың ҳәммеси уятқа қалып, масқара болады, Ҳәммеси бирге шерменде болады.
17
Бирақ Израил Жаратқан Ийе тәрепинен мәңгиге қутқарылады. Сизлер мәңгиге уятқа қалмайсыз, Масқара болмайсыз.
18
Көклерди жаратқан – Ол Қудай. Дүньяны бина еткен, Оған түр-түс берип, оны беккемлеген, Оны бос турыў ушын емес, Ал адам жасаўы ушын жаратқан, Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен – Жаратқан Ийемен, Меннен басқасы жоқ.
19
Мен жасырын да, қараңғылықта да сөйлемедим. Мен Яқыптың урпақларына: „Мени ҳеш нәрсе жоқ жерден излең“, – демедим. Мен – Жаратқан Ийемен, ҳақыйқатты айтаман, Мен шынлықты баян етемен».
20
«Миллетлерден қашып қутылғанлар, Келип, бир жерге жыйналып, қасыма жақынлаңлар! Ағаш бутларды көтерип, Қутқармайтуғын қудайға сыйынғанлар, Ҳеш нәрсени билмейди.
21
Айтың, даўаңызды баян етиң, Олар бирге мәсләҳәтлессин! Буны әзелден айтқан ким? Өтмиште аян еткен ким? Жаратқан Ийе болған Мен емеспен бе? Меннен басқа қудай жоқ, Мен әдил Қудайман ҳәм Қутқарыўшыман, Меннен басқасы жоқ.
22
Пүткил дүнья, Маған жүз бурың, қутқарыласыз! Мен Қудайман, басқасы жоқ.
23
Мен Өзим ҳақы ант иштим, Аўзымнан шыққан сөз туўры, Ол босқа шықпас: „Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди, Ҳәр бир тил Маған ант ишеди“.
24
Олар Мен туўралы: „Әдалат ҳәм күш, Жалғыз Жаратқан Ийеде“, – дейди. Оған ғәзепленгенлердиң ҳәммеси, Алдына келип, уялып қалады.
25
Бирақ Израилдың пүткил нәсили, Жаратқан Ийеде ақланып, Оның менен мақтанады».
← Chapter 44
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 46 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66