bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 49
Isaiah 49
Karakalpak 2022
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 50 →
1
Атаўлар, мени тыңлаң! Узақтағы халықлар, қулақ түриң! Жаратқан Ийе мени ана қурсағында болған ўақтымда-ақ шақырды. Анамның ишинде ўақтымда-ақ атап атымды қойды.
2
Ол сөзимди қылыштай өткир қылды, Мени қолының саясына жасырды. Мени ушқыр оқ қылды, Өзиниң оқ қабында сақлады.
3
Ол маған: «Мениң қулымсаң, Израил, Мен сен арқалы даңққа ерисемен», – деди.
4
Бирақ мен: «Мийнетим зая кетти, Босқа, бийҳуда күшимди сарпладым, Бәри бир, Жаратқан Ийе ҳақымды береди, Қудай мийнетимниң есесин қайтарады», – дедим.
5
Яқыптың урпақларын Оған қайтарыўым, Израилды Оның алдына жыйнаўым ушын, Қурсақта мени қәлиплестирип, Өзине хызметши қылған, Жаратқан Ийе сөйледи. Мен Жаратқан Ийениң нәзеринде ҳүрметке еристим, Қудайым мениң күш-қүдиретим болды.
6
Ол былай деди: «Яқыптың тийрелерин қайта тиклеў, Израилдың тири қалғанларын қайтарыў ушын, Қулым болыўың жетерли емес, Сени миллетлерге нур қыламан, Мениң қутқарыўым жердиң шетине дейин жетип барсын».
7
Инсанлар кемситип, халық жек көргенге, Ҳүкимдарлардың қулына, Израилдың Әмеңгери, Оның Мухаддеси, Жаратқан Ийе былай дейди: «Патшалар сени көрип, орнынан турады, Көсемлер жығылып, тәжим қылады, Сени таңлаған Израилдың Мухаддеси, Садық Жаратқан Ийе ҳақы солай қылады».
8
Жаратқан Ийе былай дейди: «Мийримим түскен ўақытта, Мен саған жуўап беремен, Қутқарылыў күнинде жәрдем беремен. Сени қорғайман, Халқым менен дүзген келисимимди, Сен арқалы әмелге асыраман. Сен елди қайта тиклеп, Ўайран болған жерлерди қайта ийелейсең.
9
Тутқынларға: „Шығыңлар!“, Қараңғылықта болғанға: „Азатсаң!“, – дейсең. Олар жол жағаларында отлайды, Тап-тақыр төбешиклерде жайлаў табады.
10
Олар аш та болмайды, шөллемейди де, Қуўратыўшы самал да, қуяш та оларға зыян тийгизбейди. Мийрим көрсетиўши оларды жетеклейди, Суў көзлерине алып барады.
11
Ҳәмме таўларымды жолға айландыраман, Дәрбент жолларымды бийиклетемен.
12
Мине, олар алыстан, Кимиси арқадан, кимиси батыстан, Кимиси Синим жерлеринен киятыр».
13
Көклер, қуўаныш пенен бақырың! Жер, шадлан! Таўлар, қосық айтыңлар! Жаратқан Ийе Өз халқын жубатып, Азап шеккенлерге реҳим етежақ.
14
«Сион болса былай дейди: „Жаратқан Ийе мени тәрк етти, Ийем мени умытты“.
15
Ана емизиўли баласын умыта ма? Өзи туўған баласына реҳими түспей ме? Ҳәтте, ана өз баласын умытса да, Мен сени умытпайман.
16
Қара, атыңды алақанларыма жаздым, Қыйралған дийўалларың бәрқулла көз алдымда.
17
Улларың асығып келеди, Сени қырып, ўайран еткенлер шығып кетеди.
18
Басыңды көтерип, айланаға қара, Ҳәммеси жыйналып, саған киятыр. Тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың ҳәммеси сен ушын безениў буйымындай болады, Келиншектей оларды тағып аласаң.
19
Аўа, жериң ўайранланып, босап қалып, Қарабақанаға айланған болса да, Енди жер халқыңа тарлық етип, Сени жалмап келгенлер сеннен узақласады.
20
Тутқын болған ўақытта туўылған балаларың, Еле саған былай дейди: „Бул жер бизлерге тарлық етип атыр, Жасаў ушын көбирек жер бер“.
21
Сонда сен ишиңнен былай дейсең: „Буларды маған ким туўып берди? Мен балаларымды жойтып, нәсилсиз болып қалған едим, Сүргин етилип, қуўып жиберилген едим. Буларды ким өсирди? Мен жалғыз өзим қалған едим, Булар қайдан пайда болды?“»
22
Қудай Ийе былай дейди: «Мен миллетлерге қол менен белги беремен, Халықларға байрағымды көтеремен. Олар улларыңды қолына, Қызларыңды ийнине көтерип алып келеди.
23
Патшалар саған әкелик қылып, Ханбийкелер саған сүт бериўши ана болады. Олар алдыңда бети жерге тийгенше ийилип тәжим етеди, Аяқларыңдағы шаңды артады. Сонда сен Мениң Жаратқан Ийе екенимди, Маған үмит байлағанлар уятқа қалмайтуғынын билип аласаң».
24
Күшлиден олжасын тартып алыў мүмкин бе? Ямаса залымның қолынан тутқын қутыла ала ма?
25
Бирақ Жаратқан Ийе былай дейди: «Аўа, күшлиниң қолынан олжасы тартып алынады, Залымның олжалары қайтарылады. Саған қарсы шыққанға, Мен қарсы тураман, Балаларыңды қутқараман.
26
Сени езгенлерге өз денесин жегиземен, Шарап ишкендей, өз қанларын ишип мәс болады. Сонда пүткил адамзат Мениң Жаратқан Ийе екенимди, Сениң Қутқарыўшың ҳәм Әмеңгериң екенимди, Яқыптың Күшли Қудайы екенимди билип алады».
← Chapter 48
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 50 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66