bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 65
Isaiah 65
Karakalpak 2022
← Chapter 64
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 66 →
1
«Мен сорамағанларға Өзимди аян еттим, Излемегенлер Мени тапты, Атымды айтып шақырмаған миллетке: „Мен мындаман, Мен мындаман“, – дедим.
2
Өз қәлеўлерине ерип, Надурыс жолдан жүрген, Қайсар бир халыққа, Күни бойы қушағымды ашып турдым.
3
Ол халық бағларда бутларға қурбанлық берип, Гербиштиң үстинде түтетки түтетип, Жүзиме тик қарап турып, Үзликсиз ғәзебимди келтиреди.
4
Олар қәбирлер арасында отырып, Түнди сырлы жерлерде өткереди. Шошқа гөшин жеп, Қазанларында ҳарам гөш қайнатады.
5
Олар: „Ары тур, маған жақынлама, Мен сен ушын жүдә мухаддеспен“, – дейди. Олар мурныма ашшы түтиндей болып, Күни бойы пысқып жанып турған отқа мегзейди.
6
Мине, алдымда былай деп жазылған: Мен үндемей қалмайман, Исине жараса қайтараман, сөзсиз қайтараман.
7
Оларды өзлериниң ҳәм ата-бабаларының гүналары ушын жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Олар таўларда түтетки түтетти, Төбешиклерде Мени ақыретледи. Олардың ислеген ислерин өлшеп, есесин қайтараман».
8
Жаратқан Ийе былай дейди: «Жүзим солқымында еле шире бар гезде, Биреў: „Оны заялама, берекет сонда ғой“, – дейди. Мен де қулларым ҳақы солай ислеймен, Ҳәммесин қырып тасламайман.
9
Мен Яқыптан жаңа әўлад, Яҳудадан таўларымның мийрасхорларын өрбитемен. Таңлағанларым оларды мийрас етип, Қулларым сол жерде жасайды.
10
Мени излеген халық ушын, Шарон сүриўлерине жайлаў, Ахор ойпатлығы малларына тынығатуғын орын болады.
11
Бирақ сизлер, Жаратқан Ийени тәрк еткенлер, Мухаддес таўымды умытқанлар, Табыс деген қудайға дастурхан жайғанлар, Тәғдир деген бутқа толтырып шарап қуйып бергенлер,
12
Мен сизлердиң тәғдириңизге қылышты жазаман. Ҳәммеңиз қылыштан қырыласыз. Себеби шақырғанымда, жуўап бермедиңиз, Сөйлегенимде, қулақ салмадыңыз. Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди ислеп, Маған унамаған нәрселерди таңлап иследиңиз».
13
Сол себепли Қудай Ийе былай дейди: «Мине, қулларым жейди, сизлер аш қаласыз. Мине, қулларым ишеди, сизлер шөллейсиз. Мине, қулларым шадланады, Сизлер болсаңыз шерменде боласыз.
14
Мине, қулларымның жүреги шадланып, қосық айтады, Сизлер жүрек дәртинен дад салып, Руўхый азап пенен пәрияд етесиз.
15
Мениң таңлап алғанларым ушын, Атыңызды ғарғыс сыпатында қалдырасыз. Қудай Ийе сизлерди өлимге ҳүким етип, Өз қулларына басқа ат береди.
16
Елде пәтия берген ҳәр бир адам, Ҳақыйқат Қудайының аты менен пәтия береди, Елде ант ишкен ҳәр бир адам, Ҳақыйқат Қудайы ҳақы ант ишеди. Бурынғы қапашылық умытылып, Қайтып көзиме түспейтуғын болады».
17
«Мине, Мен жаңа аспан ҳәм жаңа жер жаратаман. Бурынғылар енди ядқа алынбас, ойға да келмес.
18
Жаратқанларыма мәңгиге қуўанып, шадланың. Өйткени Мен Ерусалимди шадлық ушын, Халқын қуўанышқа толтырыў ушын жаратаман.
19
Өзим де Ерусалим ушын қуўанып, Халқым ушын шадланаман. Енди ол жерде жылаған да, дад салған да сес еситилмес.
20
Енди онда нәрестелер қаза таппас, Узақ өмир сүрмеген ғарры да болмас. Жүз жаста өлген жас саналар, Жүз жасқа жетпей өлген ғарғыс урған есапланар.
21
Олар үйлер қурып, онда жасар, Жүзимзарлар отырғызып, мийўесин жер.
22
Енди олар қурған үйде, басқалар жасамас, Енди олар отырғызған нәлдиң мийўесин басқалар жемес. Халқымның өмири тереклердиң өмириндей узақ болар, Таңлап алғанларым өз мийнетиниң жемисинен ләззет алар.
23
Олар бийҳудаға мийнет етпес, Апат ушын бала туўмас. Олардың өзлери де, урпақлары да, Жаратқан Ийе жарылқаған халық болар.
24
Мени шақырмастан-ақ, оларға жуўап беремен, Айтпай атырып, еситемен.
25
Қасқыр ҳәм қозы бирге отлар, Арыслан өгиз сыяқлы от жер, Ал жылан ушын топырақ азық болар. Мениң мухаддес таўымның барлық жеринде, Ҳеш кимге зыян келтирилмес, Ҳеш ким жоқ қылынбас», – дейди Жаратқан Ийе.
← Chapter 64
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 66 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66