bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 8
Isaiah 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 9 →
1
Жаратқан Ийе маған: – Үлкен бир тахта ал да, оған анық етип: «Маҳер-Шалал-Хаш-Баз» деп жаз.
2
Мен руўханий Урия менен Еберехия улы Зехарияны исенимли гүўалар етип тайынлайман, – деди.
3
Кейин мен пайғамбар ҳаялым менен жаттым. Ол ҳәмиледар болып, ул туўды. Сонда Жаратқан Ийе маған: – Атын Маҳер-Шалал-Хаш-Баз қой.
4
Бала «аға, апа» деп айтып үлгерместен алдын, Ассирия патшасы Дамасктиң байлығын ҳәм Самариядан тартып алған олжаларын алып кетеди, – деди.
5
Жаратқан Ийе сөзин даўам етип маған былай деди:
6
– Бул халық тыныш ағып турған Шилоах суўларынан ўаз кешип, Ресин ҳәм Ремалияның улына қуўанды.
7
Сонлықтан, Ийеңиз болған Мен Евфраттың мол ҳәм бурқасынлаған суўын – Ассирия патшасын ҳәм оның пүткил қүдиретин үстиңизге баслап келмектемен. Ол барлық кәнарларынан шығып, пүткил жағаны басып кетеди.
8
Суў тасқыны Яҳуданы басып, алқымына келеди. Иммануел, оның жайылған қанатлары пүткил елиңди қаплайды!
9
Ҳәй халықлар, жыйналыңлар, набыт боласызлар! Қулақ түриңлер, ҳәй узақтағы еллердиң ҳәммеси! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар!
10
Бирге мәсләҳәт қурың, бирақ ол пушқа шығады. Сөз сөйлейсиз, бирақ ол әмелге аспайды. Себеби Қудай бизлер менен бирге!
11
Жаратқан Ийениң күшли қолы үстимде болып, бул халықтың жолынан жүрмеўди қатаң ескертип, маған былай деди:
12
«Бул халықтың тил бириктириў деп атағанының ҳеш қайсысын, Тил бириктириў деп атамаң. Олар қорққан нәрседен қорқпаң, ҳүрейиңиз де ушпасын.
13
Әлемниң Жаратқан Ийесин мухаддес деп ҳүрмет қылың. Оннан қорқың, Оннан зәрреңиз ушсын,
14
Ол Мухаддесхана болады. Бирақ Израилдың еки патшалығы ушын, Ол сүрниктиретуғын тас, жығылтатуғын жартас, Ал Ерусалим турғынлары ушын, Дузақ ҳәм тор болады.
15
Олардың көпшилиги сүрнигип, жығылып, Мылжа-мылжа болады, Дузаққа түсип, тутқын болады».
16
Бул хабарды жазып, орап байла, Шәкиртлерим арасында тәлиматты мөрлеп, оларға сақлатқызып қой.
17
Мен жүзин Яқыптың урпақларынан жасырған, Жаратқан Ийени күтемен, Үмитим тек Оннан.
18
Минекей, мен ҳәм Жаратқан Ийе маған берген балалары менен бирге усы жердемен. Бизлер Сион таўында мәкан қурған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Израилдағы нышаны ҳәм белгисимиз.
19
Биреўлер сизлерге: «Сыбырлап ҳәм сандырақлап әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан сораң. Халық өз қудайларынан сораўы керек емес пе? Тирилер ушын өлилерден сораў керек емес пе?» – дейди.
20
Қудайдың тәлиматына ҳәм хабарына жүз бурың! Егер ким де ким буларға сай сөйлемесе, ол жерде таң нуры болмайды.
21
Ол аш ҳәм әбигер болып жер бети бойлап, посып жүреди. Олар аш болғанда, ғәзепленип, өз патшасын ҳәм өз Қудайын нәлетлейди. Олар жоқарыға қараса да,
22
жерге қараса да, тилекке қарсы, тек қайғы-ҳәсирет, қараңғылық ҳәм қорқынышлы түнекти көреди ҳәм қойыў қараңғылыққа шүмип кетеди.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66