bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 13
Isaiah 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 14 →
1
Амос улы Ийшая көрген аянда Бабилон туўралы айтылған пайғамбаршылық сөз:
2
Тақыр төбе басына байрақ тигиң, Шабыўылшыларға даўыслап бақырың. Ақсүйеклердиң дәрўазаларына кириўи ушын, Қол былғап, оларға белги бериң.
3
Мен Өзимниң таңлап алғанларыма буйрық бердим. Ғәзебимди шашыў ушын, жаўынгерлеримди шақырдым. Мениң жеңисиме қуўанатуғынларды топладым.
4
Таўлардағы аламанның бақырысқан даўысын тыңлаң, Ол сансыз халықтың даўысына мегзер. Бир жерге жыйналған миллетлердиң, Яғный патшалықлардың қышқырысқан даўысын тыңлаң! Әлемниң Жаратқан Ийеси саўашқа ләшкер топламақта!
5
Жаратқан Ийе ҳәм Оның ғәзеп қураллары, Пүткил жерди жоқ қылыў ушын, Узақ жерлерден, аспанның шетинен киятыр олар.
6
Пәрияд етиң! Жаратқан Ийениң ҳүким күни жақын қалды! Ол келеди Қүдирети күшли Қудайдың апатшылығы киби.
7
Сол себепли қолларда дәрман қалмас, Ҳәр бир адамның руўхы түсер.
8
Оларды қорқыныш бийлеп, Дәрт ҳәм қайғы басар, Толғақ тутқан ҳаялдай азап шегер, Бир-бирине ҳайран болып қарар, Жүзлери оттай лаўлап жанар.
9
Мине, Жаратқан Ийениң ҳүким күни киятыр! Жер жүзин ўайран етип, Ондағы гүнакарларды жоқ қылыў ушын, Реҳимсиз, қәҳәрли ҳәм лаўлаған ғәзепке толған.
10
Көктеги жулдызлар, олардың топары, Жарықлық таратпас, Шыққан қуяш қараўытып, Ай да нурын шашпас.
11
Мен дүньяны жаўызлығы ушын, Залымларды қылмыслары ушын жазалайман. Менменлердиң менменлигине шек қояман, Залымлардың тәкаббирлигин жерге ураман.
12
Мен адамларды сап алтыннан да, Офир алтынынан да сийрек ушырайтуғын қыламан.
13
Сонлықтан Әлемниң Жаратқан Ийесиниң, Мениң ғәзебим лаўлаған күни, Мен көклерди титиретемен, Қәҳәримнен жер орнынан қозғалар.
14
Сонда аңшы қуўған жейрандай, Шопаны жоқ қойлардай, Ҳәр бир адам өз халқына қайтар, Ҳәр бири өз елине қашар.
15
Ҳәр бир тутылған адам найзаға шаншылар, Ҳәр бир қолға түскен адам қылыштан өткерилер.
16
Балалары көз алдында мылжа-мылжа қылынар, Үйлери тоналып, ҳаялларының намысы аяқ асты қылынар.
17
Мине, Мен гүмисти қәдирлемейтуғын, Алтынды сүймейтуғын, Мидиялыларды оларға қарсы өшегистиремен.
18
Олардың оқ жайлары жас жигитлерди өлтирер, Бөпелерге реҳим етпес, Балаларға да аяныш пенен қарамас.
19
Мен, Қудай патшалықлардың ең салтанатлысы, Калдейлердиң жарқын мақтанышы болған Бабилонды, Содом ҳәм Гомора сыяқлы, Жер менен жексен етемен.
20
Ол жерде ҳеш қашан адам жасамас, Әўладтан-әўладқа мәкан басқан адам болмас, Көшпели араблар ол жерге шатырын тикпес, Шопанлар да сүриўин ол жерге жаймас.
21
Бирақ жабайы ҳайўанлар ол жерге мәкан басар, Ол жердеги үйлерди жабайы аңлар ийелер, Ол жерде үкилер жасар, Текелер секирип жүрер.
22
Қорған қалаларында сыртланлар, Көркем сарайларында сағаллар улыр. Бабилонның соңы жақын қалды, Оның күнлери узақ болмас.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66