bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 51
Isaiah 51
Karakalpak 2022
← Chapter 50
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 52 →
1
«Азатлыққа умтылып, Мени, Жаратқан Ийени излегенлер, Маған қулақ салыңлар! Өзлериңиз кесип алынған жартасқа, Өзлериңиз қазып алынған тас кәнине нәзер салың.
2
Әкеңиз Ибрайымға, Өзиңизди туўған Сараға нәзер салың. Мен оны шақырғанымда, ол жалғыз еди, Мен оны жарылқап, көбейттим.
3
Мен, Жаратқан Ийе Сионға, Оның ҳәмме қарабақаналарына тәселле беремен. Мен Сионның шөллерин Эдендей, Далаңлықларын Жаратқан Ийениң бағындай қыламан. Онда шадлық ҳәм қуўаныш, Миннетдаршылық ҳәм қосық даўыслары еситиледи.
4
Халқым, Маған дыққат аўдарың, Миллетим, Маған қулақ тутың! Нызам Меннен шығады, Әдалатым халықларға нур болады.
5
Азат етиўим тез жақынласпақта, Қутқарыўым жолға шықты. Қолларым халықларды басқарады, Атаўлар Мени күтпекте, Қолымның күшине үмит байламақта.
6
Басыңызды көтерип, көклерге көз тигиң, Төменде болған жерге қараң: Көклер түтиндей тарқап кетеди, Жер кийим киби тозады, Ондағы жасайтуғынлар шыбындай өлип кетеди. Бирақ Мениң қутқарыўым мәңги болады, Мениң азат етиўим ҳеш қашан тамам болмайды.
7
Әдилликти билген, Нызамымды жүрегинде сақлағанлар, Мени тыңлаң! Адамлардың абай етиўинен қорқпаң, Олардың ғарғағанынан қәўетерленбең.
8
Күйе оларды кийим киби, Қуртлар оларды жүн киби жейди. Бирақ Мениң азат етиўим мәңгиге болады, Мениң қутқарыўым әўладтан-әўладқа даўам етеди».
9
Оян, оян, күшке тол, Жаратқан Ийениң қолы! Әййемги ўақытлардағыдай, әўелги әўладтағыдай оян! Раҳабты тилкимлеген, Сол теңиз айдарҳасының денесин тескен Сен емес пе едиң?
10
Теңизди, терең туңғыйықтың суўларын қурытқан Сен емес пе едиң? Қутқарылғанлар өтсин деп, Теңиз түбин жол қылған Сен емес пе едиң?
11
Жаратқан Ийениң азат еткенлери изге қайтады, Қосық айтып, Сионға қайтып келеди. Олар мәңгилик қуўаныш тажын басларына кийеди. Қуўаныш ҳәм шадлыққа толып тасып, Қайғы ҳәм ғам-тәшиўиш қашып кетеди.
12
Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлерди жубататуғын Менмен. Не ушын басында өлими бар инсаннан, Шөптей солып қалатуғын адамның улынан қорқасаң?
13
Сен өзиңди жаратқан, көклерди жайған, Жердиң тийкарын қойған, Жаратқан Ийени, Жаратыўшыңды неге умыттың? Сени жоқ қылыў нийетинде болған, Езиўшиниң ғәзебинен неге күни бойы қорқасаң? Қәне, езиўшиниң ғәзеби қайда?
14
Тез арада тутқынлар азат етиледи, Олар өлмейди, қәбирге де түспейди, Нанға да зар болмайды.
15
Толқынлары шуўылдасын деп, теңизди шайқаған, Қудайың Жаратқан Ийе Мен боламан. Мениң атым Әлемниң Жаратқан Ийеси.
16
Сөзлеримди аўзыңа салдым, Сени қолымның саясында жасырдым. Көклерди орнатқан, Жердиң тийкарын қойған, Сионға: „Сен Мениң халқымсаң“ деген Мен боламан».
17
Оян, Ерусалим, оян, аяққа тур! Жаратқан Ийениң ғәзеп кесесин Оның қолынан иштиң, Түбине дейин ишип, тентиреклеп жүрдиң.
18
Өзиң туўған улларыңның ишинде, Сени жетеклейтуғын биреўи де жоқ. Өзиң өсирген улларыңның ишинде, Қолыңнан услап, сүйейтуғын биреўи де жоқ.
19
Басыңа қос апат түсти, Ким саған тәселле береди? Набыт болыў, ўайраншылық, ашлық ҳәм қылыш, Ким сени жубата алады?
20
Улларың естен танып, Торға түскен антилопадай болып, Ҳәр көшениң басында жатыр. Олар Жаратқан Ийениң ғәзебине, Қудайыңның қәҳәрине ушыраған.
21
Сонлықтан азап шеккен, Шарапсыз мәс болғанлар, мынаған қулақ салың!
22
Ийең, Өз халқын қорғайтуғын Қудайың Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, Мен сени тентиреклететуғын кесени қолыңнан алдым, Буннан былай, Мениң ғәзеп кесемнен ишпейсең.
23
Оны сени жәбирлегенлердиң қолына беремен. Олар саған: „Жерге жат, үстиңнен басып өтейик“, – деди, Сонда сен арқаңды тутып, жердей, Олар өтетуғын көшедей қылдың».
← Chapter 50
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 52 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66