bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Isaiah 24
Isaiah 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 25 →
1
Мине, Жаратқан Ийе дүньяны ўайран етип, қарабақанаға айландырады, Жер бетин күл-талқан етип, турғынларын тарқатып жибереди.
2
Халыққа не болса, руўханийге де сол болады. Қулға не болса, хожайынға да сол болады. Шорыға не болса, бийкеге де сол болады. Қарыйдарға не болса, сатыўшыға да сол болады. Қарыз алыўшыға не болса, қарыз бериўшиге де сол болады. Қарыздарға не болса, пайда алыўшыға да сол болады.
3
Жер бети толық ўайран етилип, толық талан-тараж қылынады. Бул сөзди Жаратқан Ийе айтты.
4
Жер жүзи кеўип, қурғап қалады, Дүнья сөнип, солыйды, Дүньядағы күшлилер күштен талады.
5
Дүньяда жасайтуғынлар жерди ҳарамлады, Олар нызамларға бойсынбады, қағыйдаларды аяқ асты қылды, Мәңгилик келисимди бузды.
6
Сол себепли дүньяға нәлет жаўады, Турғынлары гүнасының жазасына тартылады. Жер бетинде жасаўшылар отқа жағылып, Тек азғантай адам қалады.
7
Таза шарап азаяды, жүзим путалары солыйды, Шадланып жүриўшилер аҳ урады.
8
Дәптиң шадлы ҳаўазы басылды, Қуўанғанлардың сести тынды, Лираның шадлы ҳаўазы да сөнди.
9
Енди қосық айтып шарап ишпес, Өткир ишимлик дәми де ишкенлерге ашшы түйилер.
10
Ўайран болған қала қарабақанаға айланған, Ҳәр бир үй жабылған, ҳеш ким кире алмас.
11
Көшелерде шарап ушын нала шегер, Шадлық қайғыға айланған, Қуўаныш жер бетин тәрк етти.
12
Қала қарабақанаға айланған, Қала дәрўазалары күл-талқан болған.
13
Зәйтүн ағашы қағылғанда, Яки жүзим жыйнап алынғаннан кейин, Қалған мийўелерге не болса, Дүньядағы миллетлерге де сол болады.
14
Аман қалғанлар даўысларын көтерип, Шадланып бақырады. Жаратқан Ийениң уллылығын айтып, Батыстан бақырады.
15
Сонлықтан шығыста Жаратқан Ийени, Теңиз жағасында Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атын даңққа бөлең.
16
Жердиң шетинен алғыс-мақтаў қосықларын еситемиз: «Әдил Болғанға даңқ-атақ болсын!» Бирақ мен былай дедим: «Қурып қалдым, қурып қалдым! Сорым қурыйды! Сатқынлар сатқынлық қылмақта, Сатқынлығы шексиз олардың».
17
Ҳәй дүньяда жасаўшылар! Қорқыў, шуқыр ҳәм дузақ басыңызға түседи.
18
Сонда қорқыў даўысынан қашқан шуқырға түседи, Шуқырдан шыққан дузаққа түседи. Аспан қақпақлары ашылып, Жердиң тийкары титирейди.
19
Жер бөлек-бөлек болып, Майдаланып кетеди, Ол күшли силкинеди.
20
Жер мәс адамдай сүрнигеди, Даўылдағы шертектей шайқалады, Қылмыслары оған аўыр жүк болады, Жығылады, қайтып тура алмайды.
21
Сол күни Жаратқан Ийе жоқарыдағы, көклердеги күшлерди, Жердеги дүнья патшаларын жазалайды.
22
Олар зиндандағы тутқынлар киби, бир жерге жыйналып, Зинданға қамалады ҳәм бир қанша ўақыттан кейин, жазаланады.
23
Сонда ай уялып, қуяш шерменде болады. Әлемниң Жаратқан Ийеси Сион таўында, Ерусалимде патшалық етип, Халық ақсақаллары алдында Өз салтанатын көрсетеди.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 43
Chapter 44
Chapter 45
Chapter 46
Chapter 47
Chapter 48
Chapter 49
Chapter 50
Chapter 51
Chapter 52
Chapter 53
Chapter 54
Chapter 55
Chapter 56
Chapter 57
Chapter 58
Chapter 59
Chapter 60
Chapter 61
Chapter 62
Chapter 63
Chapter 64
Chapter 65
Chapter 66
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42
43
44
45
46
47
48
49
50
51
52
53
54
55
56
57
58
59
60
61
62
63
64
65
66